Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2504/1602 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0ab82c23-c460-454c-af88-686054552c42 Claim ID PDF Hash 97b3bcd5c438952d... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 248 символов
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова УЙҒАРЫЎ (ис жүритиӯди қысқартыӯ ҳаққында) Шымбай районы 2025 жыл 27 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 18 ноябрь күнги 01-02/271-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер фермер хожалығы баслығы ХХХХХ, ХХХХХ районы прокурорының жәрдемшиси ХХХХХ қатнасыўында, даўагер ХХХХХниң жуўапкер "ХХХХХ" фермер хажалығы менен ортасында дүзилген 2017 жыл 03 январь күнги 4-санлы жер участкасын узақ мүддетли ижара шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: ХХХХХ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хажалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи) менен ортасында дүзилген 2017 жыл 03 январь күнги 4-санлы жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили жуўапкер тәрепинен жер майданларын өз иқтияры менен ҳәкимият жер фондына қайтарыў бойынша арза бергенлигин, бирақ усы күнге ижара шәртнамасы бийкар болмағанлығын билдирип, ис бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер жер майданларын ҳәкимият жер фондына қайтарыў бойынша арза бергенлигин билдирип, ис бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор ис бойынша ис жүритиўди кысқартыў ҳаққында пикирин билдирди. Суд ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы шаҳслардың түсиндирмесин, прокурордың пикирин тыңлап, төмендеги тийкарларға көре ис бойынша ис жүритиўди қыскартыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 68-статьясына муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болады. Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм оннан ақылға муўапық пайдаланыўды, оны улыўма миллий байлық сыпатында қорғаўды тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик болыўы мүмкин. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Шымбай районы ҳәкиминиң 2016 жыл 25 октябрь күнги 499-санлы шешими менен Шымбай районы Тазғара АПЖ аймағынан жуўапкерге пахта-ғәллешиликке бағдарланған 169,6 га жер 1 майданлары ажыратылып берилген ҳәм 2017 жыл 3 январь күни тәреплердиң ортасында 4-санлы жер ижара шәртнамасы дүзилген. Жуўапкер тәрепинен жер ижара шәртнамасы талаплары орынланбағанлығы себепли ХХХХХ тәрепинен жуўапкерге ижара шәртнамасын бийкарлаў ҳақкында 2025 жыл 24 октябрь күни 01-02/247-санлы усыныс жиберилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен усынысқа жуўап берилмеген. Нәтийжеде, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер менен ортасында 2017 жыл 03 январь күни дүзилген 4-санлы жер ижара шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиўди сораған. Ис судта көриў барасында жуўапкер тәрепинен ҳәкимиятқа жер майданларын ҳәкимият жер қорына тапсырыў бойынша арза берилген. Жер кодексиниӊ 36-статьясы биринши бѳлиминиң 1-бәнтине муўапық, жер участкасынан ықтыярый бас тартқанда пүткил жер участкасына яки оның бир бѳлегине ийелик етиў ҳуқықы ямаса оннан мүддетли пайдаланыў ҳуқықы, соның менен бирге жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етиледи. Усы статьясының 2 бөлиминде жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын ямаса жер участкасынан турақлы ямаса ўақтынша пайдаланыў ҳуқықын усы статья биринши бөлиминиң 1, 2, 3 ҳәм 5-бәнтлеринде көрсетилген жағдайларда бийкарлаў жерден пайдаланыў ҳәм оны қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлардың усынысына бола, ҳуқықлар бийкарланыўын тийкарлы екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тийкарында тийислисинше ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарарлары ямаса Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы ЭПКныӊ 110-статьясыныӊ 1-бәндине тийкар ис экономикалық судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса экономикалық иси бойынша ис жүритиӯ қысқартылады. Бул жағдайда даўа арза судқа тиийисли болмағанлықтан, экономикалық ис - ис жүритиўден қыскартылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 18-статьясы 1-бөлиминиң 5бәндине тийкар егер ис судқа тийисли болмаса, ис жүритиў қысқартылғанда мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Бул жағдайда мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд исти көриӯ нәтийжеси менен экономикалық иси бойынша ис жүритиӯди қысқартыўды, даўагер тәрепинен төленген почта қәрежетин даўагердиӊ мойнында қалдырыӯды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 111, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд у й ғ а р д ы: 2 Даўагер ХХХХХниң жуўапкер "ХХХХХ" фермер хажалығы менен ортасында дүзилген 2017 жыл 03 январь күнги 4-санлы жер участкасын узақ мүддетли ижараға алыў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық иси бойынша ис жүритиӯ қыскартылсын. Уйғарыўға наразы тәреп уйғарыӯ үстинен шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Судья: З.Хасанова 3