Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2223 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 53cbb7f7-fc94-45e3-8830-d22a5923d603 Claim ID PDF Hash 1cfe8b9ea1ea13c7... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 120 символов
4-2301-2502/2223-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 27-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери **, ** (2025-жыл 11-ноябрь күнги 71-01-06/68-санлы, 2025-жыл 27октябрь күнги 71-01-13-415-санлы исеним хатлар тийкарында), жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 01-январь күнги исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Ташкент қаласы “**” АЖниң жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен 40 843 636,36 сом финанс жәрдемин қайтарып өдириў, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: “**” АЖти (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, “**” ЖШЖнен (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) 40 843 636,36 сом финанс жәрдемин қайтарып өдириўди ҳәмде төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкиллери даўаның талабы тийкарлы екени усынған ҳүжжетлери менен тастыйықланатуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарсыз екенин, себеби даўагер тәрепинен жәмийет банк есап бетине финанс жәрдеми келип түспегени банк мағлыўматы менен тастыйықланатуғынын, сондай-ақ, орталарында ҳеш қандай шәртнама дүзилмегенин, сонлықтан қарызы жоқ деп есаплайтуғынын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14марттағы “Сыртқы саўда ҳәм аймақлық санаатты раўажландырыўда исбилерменлер бирлеспелериниң ролин және де арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 126-санлы қарарында исбилерменлерден финанслық жәрдемлерди қайтарып өндирип алыў нәзерде тутылмағанын, сонлықтан даўа талабын қанаатландырыўға тийкар жоқлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда 2024-жыл 10-13-июль күнлеринде Туркия мәмлекетинде болып өткен «F-Ist nbul 2024» ҳалық ара көргизбесинде жуўапкердиң қатнасыўын тәмийинлеў ушын даўагер тәрепинен 2024-жыл 03июль күни жәми 449 280 000 сомның Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс финанс министрлигиниң есап бетине өткерилген. Анықланыўынша, бул 449 280 000 сом жәми 11-юридикалық шахслар есабы ушын өткерилген яғный, ҳәр бирине 40 843 636,36 сом. Сонлықтан даўагер жуўапкерден 40 843 636,36 сомды қайтарып өндириў ҳаққында судқа мүрәжат еткен. ПК 365-статьясы бириниши бөлимине тийкар, оферта жоллаған шахс оның акцептин алған пайтында шартнама дузилген есапланады. ПК 367-статьясы бириниши, екинши бөлимлерине тийкар, бир ямаса бир неше белгили шахсқа жиберилген, жетерли дәрежеде анық болған ҳәм усынысты киргизген шахстың өзин усыныс жиберилген ҳәм оны қабыл ететуғын шахс пенен шәртнама дүзген деп есаплаў ниетин билдиретуғын усыныс оферта болып табылады. Офертада шәртнаманың әҳмийетли шәртлери баян етилген болыўы керек. ПК 370-статьясы бириниши бөлимине тийкар, оферта жиберилген шахстың оны қабыл еткенлиги ҳаққындағы жуўабы акцепт есапланады. Ис материалларына қосылған жуўапкердиң 2024-жыл 01-июльдеги даўагер атына жоллаған 35007-санлы мүрәжат-хатында 2024-жыл 10-13-июль күнлери Туркия мәмлекетинде болып өтетуғын «F-Ist nbul 2024» ҳалық ара көргизбесинде қатнасыўы ушын қәрежетлерди төлеп бериўде әмелий жәрдем соралған. Сондай-ақ, хатқа буйыртпа-анкетасы усынылған. Бул мүрәжатқа даўагердиң 2024-жыл 01-июльдеги 39-02/06-1/35007санлы, 39-03/08-35007-3-санлы жуўап хатларында, Инвестицияларды тартыў, санаатты раўажландырыў ҳәм саўданы тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкиметлик коммисиясының 2024-жыл 13-майдағы 04-04/1-852-саны менен тастыйықланған 63-санлы (кейинги орынларда 63-санлы баянламасы) баянламасы 2-қосымшасына муўапық үнамлы қарар қабыл етилгени көрсетилген. Сондай-ақ, баянламаның 3-баб 17-бәнтиндеги шәртлердиң орынланыўы лазым екенлиги белгиленген. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда истеги тәреплер шәртнамалық ҳуқыйқый мүнәсибетке кирискен деп баҳаланады. 63-санлы баянламасы 2-қосымшасы 2-бабында, финанслық жәрдем алыў ушын экспорт қылыўшы шөлкемлер тәрепинен Компанияға усы Режеге 2қосымшада келтирилген формаларга муўапық буйыртпа-анкета толтырылыўы нәзерде тутылған. Иске қосылған ҳүжжетлер менен жуўапкер тәрепинен буйыртпаанкетаның толтырылғаны тастыйықланады. 63-санлы баянламасы 2-қосымшасы 17-бәнтинде, товарлар (ислер, хызметлер) жеткизип бериўши шөлкемлерге төлемлер әмелге асырылғанда, Компания тәрепинен финанслық жәрдем көрсетилген күннен баслап 365-күн мүддетте төлеп берилген қәрежетлердиң 5-барабары муғдарда экспорт әмелге асырылмаған жағдайда, төленген қәрежетлер Компанияның берген жазба мәлимлемеси қабыл етилген сәнеден баслап 20-күн даўамында экспорт қылыўшы шөлкем Компанияға толық қайтарыўы лазым екенлиги белгиленген. Жуўапкер тәрепинен экспорт шәртнамасы дизимге алынғаны яки алынбағаны бойынша даўагер Бажыхана комитетине мүрәжат қылған. Бажыхана комитетиниң 2025-жыл 13-сентябрьдеги 15/05-25-01617-санлы «E-K ntr kt» мағлыўматына муўапық берилген жуўап хатында жуўапкер тәрепинен 2024-жыл 01-январь күнинен усы жыл 13-сентябрь күнине шекем бир экспорт шәртнамасы яғный, 2024-жыл 09-апрель күни дизимнен өткизилгени көрсетилген. Демек бул жағдай финанслық жәрдем көрсетилген 2024-жыл 03-июль күнинен баслап 2025-жыл 03-июль күнине шекем яғный бир жыл даўамында жуўапкер тәрепинен экспорт әмелге асырылмағанан дерек береди. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўа талабы тийкарлы табылады. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 40 843 636,36 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд жуўапкер ўәкилиниң наразылық ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби даўаның талабына рәсмий ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-марттағы “Сыртқы саўда ҳәм аймақлық санаатты раўажландырыўда исбилерменлер бирлеспелериниң ролин және де арттырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 126-санлы қарарында исбилерменлерден финанс жәрдемлерди қайтарып өндириў нәзерде тутылмағаны ўәжи тийкарсыз. Себеби бул қарарда Экспортты хошаметлеў агентлиги ҳәм Экспортты қоллап-қуўатлаў фонды негизинде жаңа “**” АЖтин шөлкемлестириў мәселеси шешилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% есабынан алдын ала төленген 816 873 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен Ташкент қаласы “**” АЖниң пайдасына 40 843 636,36 сом финанс жәрдеми, 816 873 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “**” ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов