← Назад
Решение #2840934 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2233-санлы экономикалық ис
судья С.Ниязов
УЙҒАРЫЎ
(ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 27-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер "***" ЖШЖниң жуўапкерлер "***" ЖШЖ ҳәм "***" ЖШЖ
Қарақалпақстан филиалынан 187 207 459 сом қарызын, 93 603 729 сом пеня
өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти
суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер "***" ЖШЖ экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етип, жуўапкерлер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен "***"
ЖШЖ ҳәм "***" ЖШЖ Қарақалпақстан филиалынан 187 207 459 сом
қарызын, 93 603 729 сом пеня өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 28-октябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги, Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўа предметине қарата бийғәрез талаплар менен арыз
етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Даўагер даўадан ўаз кешиўин билдирип, исти өндиристен
қысқартыўды сорап судқа арза берген.
Даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан,
суд
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьясына тийкар исти даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахслардың
қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып,
даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм ис жүритиўди
өндиристен қысқартыўды мақул тапты.
ЭПКниӊ 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти
биринши инстанция судында көриў ўақтында шешиўши қарар қабыл
етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары
муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге
ҳақылы.
ЭПКниӊ 110-статьясы 6-бәнтине тийкар даўагер даўасынан ўаз кешкен
ҳәм экономикалық суд оны қабыл еткен болса, экономикалық иси бойынша
ис жүритиў өндиристен қысқартылады.
Даўагер даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққында судқа арза менен
мүрәжат етти.
Сонлықтан, суд даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм
даўа арза бойынша ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды, даўагер
тәрепинен даўа арза берерде төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин
оның мойнында қалдырыўды мақул тапды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
110, 111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўагердиң даўасынан ўаз кешиўи қабыл етилсин ҳәм ис жүритиў
өндиристен қысқартылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға
наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде
Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге,
прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов