Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1574 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b7e4d784-fa02-44c1-b227-8909b57edc49 Claim ID PDF Hash a449d921b8a82a0f... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 579 символов
4-2304-2503/ХХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 27 ноябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, ХХХХХ район прокуроры ХХХХХ, даўагер жәмийет баслығы ХХХХХ, жуӯапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 27 ноябрь күнги 24-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер ХХХХХнен 606 049 443 сом пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Даӯагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер ХХХХХ (кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 606 049 443 сом пул қаржыларын өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Судтың 2025 жыл 24 октябрь күнги уйғарыӯы менен иске даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы тартылған. Суд мәжлисинде даўагер тәреп даӯа арза талабын қоллап-қуӯатлады. Жуӯапкер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын тән алып, ҳакыйқатында даўагер тәрепинен ХХХХХ 1, 6, 7, 31, 39, 43- санлы улыўма билим бериў мектеплерине, Бәрқамал әўлад билим бериў мектеби, 10-санлы мектепки шекемги билимлендириў шөлкемине көмирге масланған жәми 31 дана жылытыў қазанлары орнатып берилгенин, бирақ орталарында шәртнама дүзилмегенлигин, көрсетилген хызметлердиң баҳасын төлеп бериў имканияты болмағанлығын билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўды сорады. Прокурор суд мәжилисинде даўа талабын қысман қанаатландырыў ҳаққында пикирин билдирди. Үшиншы шахслар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы суд мәжлисине тийисли тәртипте шақыртылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК деп жритиледи)170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте 1 хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд, исти үшиншы шахс ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд тәреплердиң түсиндирмесин, прокурордың даўа талабын қанаатландырыўды сораған пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады. Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, даўагер тәрепинен 1, 6, 7, 31, 39, 43- санлы улыўма билим бериў мектеплерине, Бәрқамал әўлад билим бериў мектеби ҳәм 10-санлы мектепки шекемги билимлендириў шөлкемине көмирге масланған жәми 31 дана жылытыў қазанлары орнатып берилген. "ХХХХХ" ЖШЖти тәрепинен өткерилген 2025 жыл 03 сентябрь күнги өлшеў қадағалаў жумыслары бойынша дүзилген мағлыўматнамасында даўагер тәрепинен Шымбай районы 1, 6, 7, 39, 43- санлы улыўма билим бериў мектеплерине, Бәрқамал әўлад билим бериў мектеби ҳәм 10-санлы мектепки шекемги билимлендириў шөлкемине көмирге масланған жәми 29 дана жылытыў қазанлары орнатып берилгени ҳәм әмелге асырылған жумыслар 584 049 443 сомды қурайтуғынлығы көрсетилген. Даўагер тәрепинен қарыздарлықты төлеў бойынша талапнамасына жуўапкер тәрепинен жуўап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 1023-статьясында нызамшылықта ямаса келисимде белгиленген тийкарларсыз басқа шахс (жәбирлениўши) ниң есабынан мүлкти ийелеп алған ямаса үнемлеп қалған шахс (қолға киритиўши) тийкарсыз ийелеп алынған ямаса үнемлеп қалынған мүлкти (тийкарсыз арттырылған байлықты) жәбирлениўшиге қайтарып бериўи шәрт, усы Кодекстиң 1030-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. ПКниң 1030-статьясында тийкарсыз арттырылған байлық сыпатында төмендегилер қайтарып берилмейди: орынлаў мүддети тамамланғанша миннетлемени орынлаў бойынша тапсырылған мүлк, егер миннетлемеде басқаша жағдай нәзерде тутылмаған болса; даўа мүддети өткеннен кейин миннетлемени орынлаў бойынша тапсырылған мүлк; мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, пенсиялар, напақалар, стипендиялар, өмирге ямаса денсаўлыққа жеткерилген зыян қапламасы, алиментлер ҳәм пуқараға тиришилик қуралы сыпатында берилген басқа да пул қаржылары, оның тәрепинен инсапсызлық исленбегенинде ҳәм есап-санақта қәтеликлер болмағанда; бар болмаған миннетлемени орынлаў ушын берилген пул 2 суммалары ҳәм басқа да мүлк, егер қолға киргизиўши мүлкти қайтарыўды талап етип атырған шахстың миннетлемениң жоқ екенлигин билгенлигин ямаса мүлкти қайырқомлық мақсетлеринде бергенлигин дәлиллесе. Суд, ХХХХХ тәрепинен әмелге асырылған 584 049 443 сом пул қаржыларын тийкарсыз арттырылған байлық деп есаплайды. Бул жағдайда даўа арза талабы қысман 584 049 443 сомға қанаатландырылыўы лазым. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, суд даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 584 049 443 сом пул қаржылары, төленген 5 840 494,43 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, өндириўди, қалған төленген 220 000,57 сом мәмлекетлик бажыны даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. ХХХХХ есабынан “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 584 049 443 сом пул қаржылары, төленген 5 840 494,43 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар үстинен усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы Судының экономикалық судлаӯ коллегиясына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген күнинен алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья: З.Хасанова 3