← Назад
Решение #2841040 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 27 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 04 ноябрь күнги 61 –санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 11 ноябрь күнги 419-санлы
исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «ХХХХХ»
жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер «ХХХХХ» мәмлекетлик
шөлкеминен 267 715 100 сом тийкарғы қарызын ҳәм 133 857 550 сом пеня ҳәм
төлеген почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
козғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Даӯагер «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер «ХХХХХ» мәмлекетлик
шөлкем (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 267 715 100 сом
тийкарғы қарызын ҳәм 133 857 550 сом пеня ҳәм төлеген почта қәрежетлерин
өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Судтың 2025 жыл 27 октябрь күнги уйғарыўы менен иске даўа
предметине ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық
басқармасы тартылған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын тән алып, кәрхананың
финанслық жағдайына байланыслы қарыздарлықты төлеў имканияты
болмағанлығын билдриди.
Үшиншы шахслар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық
басқармасы суд мәжилисиниң өткерилиў сәнеси, ўақыты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәртипте хабарланған болыўына қарамастан суд мәжилисине
келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти олардың қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип
шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
1
Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, тәреплердиң ортасында 2025 жыл
04 январь күни өним жеткизип бериӯ ҳақкындағы 10-санлы шәртнамасы
дүзилген.
Усы шәртнама бойынша тәреплердиң ортасында тастыйықланған
салыстырыў актине муўапық жуўапкер даўагерге жеткизип берилген жанар
май ушын 267 715 100 сом тийкарғы қарыздарлығы ҳәм 133 857 550 сом пеня
қарыздарлығы жүзеге келген.
Даўагер тәрпинен қарыздарлықты төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге
2025 жыл 18 август, 07 октябрь күнлери талапнамалар жиберилген. Бирақ,
жуӯапкер тәрепинен талапнамаларға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық
төленбеген.
Нәтийжеде, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат етип, даўа арзасында
жуўапкерден усы қарыздарлықты өндирип бериўди сораған.
Бирақ, тәреплердиң ортасында 2025 жыл 04 январь күнги 10-санлы
шәртнамасы ғазнашылық бөлиминен дизимнен өтпеген.
Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122 статьясының үшинши
бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери
ҳәм бюджет қаржыларын
алыўшылардың бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды
(ислерди, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары,
сондай-ақ оларға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық
бөлимлеринен дизимнен өткерилгенинен кейин күшине киреди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы
"Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да
раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-594-санлы қарарының 6бәнтинде бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар
(жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан
капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте
Ғазначиликте дизимнен өткерилиўи шәрт ҳәм тек ғана ол әмелге
асырылғаннан кейин күшке киретуғынлығы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Қабинетиниң 2022-жыл 24 июнь
күнги 345-санлы қарарына тийкар, 2022 жыл 1 июнь күнинен баслап
тәжирийбе тәризинде, басқышпа-басқыш жылдың әкырына шекем Суў
хожалығы министрлиги ҳәм Автомобил жоллары комитети қурамындағы
барлық унитар кәрханаларға тек ғана Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығы
тәрепинен хызмет көрсетилиўи белгиленген.
Бул халатда тәреплердиң ортасында шәртнама дүзилмеген болып
есапланады ҳәм даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин
ЭПК деп жүритиледи) 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди
2
«а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2
пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған
муғдарда, 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даӯа
арзалар
ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы, киши исбилерменлик субъектлери
әмелге асырылып атырған исбилерменлик жумысы шеңберинде судларға
мүрәжат еткенде усы бәнттиң "а" киши бәнтинде белгиленген ставканың 50
проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төлейтуғынлығы көрсетилген.
Даўагер судқа 8 031 453 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта
қәрежети төлеген.
Даўагер киши бизнес субъект болғанлықтан судқа даўа арза берерде
4 015 726,50 сом төлениўи тийис болған.
Жоқарыдағылардан
келип
шығып,
суд
даўа
талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 4 015 726,50
сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында
қалдырыўды, артық төленген 4 015 726,50 сомды республика бюджетинен
қайтарыўды лазым тапты.
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Республика бюджет есабынан «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетине артық төленген 4 015 726,50 сом қайтарылсын ҳәм бул ҳаққында
мағлыўматнама берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3