← Назад
Решение #2841181 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 748 символов
4-2303-2502/517-санлы экономикалық ис
Биринши инстанцияда исти кѳрген
судья – Д.Давлетов
Кассация инстанциясында
баянатшы судья – Г.Зарипова
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
УЙҒАРЫЎЫ
(кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025 жыл 27 ноябрь
Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислери бойынша
судлаў коллегиясы Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары
У.Сабиров ҳәм А.Аяповлардан ибарат қурамда, А.Ажибековтың хаткерлигинде,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасының даўагер “R `n s vd s tiq” жуўапкершилиги шекленген
жәмийтиниң мәпин қорғап жуўапкер “Мойнақ келажаги бунёдкорлари”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 258 439 885 сом қарызы,
129 219 942,5 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша жүритилген ис
жүзесинен шығарылған Қоңырат районлар аралық экономикалық судының
2025 жыл 24 июль күнги шешиўши қарарына жуўапкер “Мойнақ келажаги
бунёдкорлари” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген кассациялық
шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте ССП деп жүргизиледи) даўагер “R `n s vd
s tiq” жуўапкершилиги шекленген жәмийти (буннан кейин текстте даўагер деп
жүргизиледи)ниң мәпин қорғап жуўапкер “Мойнақ келажаги бунёдкорлари”
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүргизиледи)нен 258 439 885 сом қарызы, 129 219 942,5 сом пеня өндириўди
сораған.
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының
2025 жыл
24 июль күнги шешиўши қарарына тийкар даўа арза қысман қанаатландырылған.
Жуўапкерден даўагердиң пайдасына 258 439 885 сом қарызы, 20 000 000 сом
пеня өндирилген.
Шешиўши қарарына наразы болып жуўапкер кассация тәртибинде шағым
берген. Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, даўа арзаны
қанаатландырыўсыз ҳаққында жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.
Жуўапкер 2025 жыл 26 ноябрь күнги 137-санлы арзасы менен кассациялық
шағымынан ўаз кешкен.
ССП ҳәм тәреплер суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги
орынларда - ЭПК деп жүритиледи) 297-статьясының төртинши бөлимине
муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд долалаўын өткериў
ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған, кассациялық
2
шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың
келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти ССП ҳәм тәреплердиң қатнасыўысыз
қараўды лазым тапты.
Судлаў коллегиясы төмендегилерге кѳре кассациялық шағым бойынша
исти өндиристен қысқартыўды лазым табады.
ЭПК 298-статьясының биринши бөлимине муўапық, кассациялық шағым
берген шахс исти көриў нәтийжеси менен суд ҳүжжети шығарылғанға шекем
оннан ўаз кешиўге ҳақылы.
ЭПК 296-статьясының биринши бөлиминиң 4-бәнтине тийкар
кассациялық шағым өндириске қабыл қылынғаннан кейин шағым берген шахс
тәрепинен шағымнан ўаз кешиў туўрысында арза келип түскен болса кассация
инстанциясы суды кассациялық шағым (протест) бойынша исти өндиристен
қысқартады.
Бул жағдайда, жуўапкердиң кассациялық шағымы бойынша ис өндиристен
қысқартыўға жатады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының ”Экономикалық
ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында”ғы 2020 жыл
19 декабрь күнги қарарының 21-бәнти екинши хатбасысында апелляция,
кассациялық шағымынан ўаз кешкенлиги себепли, шағым көрместен
қалдырылғанда яки ис өндиристен қысқартылғанда, төленген мәмлекетлик бажы
қайтарылмайды, егер шағым бериўде мәмлекетлик бажы төленбеген болса,
мәмлекетлик бажы шағым берген шахстан өндириледи деп түсиндирилген.
Кассациялық шағым алдыннан мәмлекетлик бажы төлемисиз өндириске
қабылланғанлығы
себепли
жуўапкерден
республика
бюджетине
3 876 598,27 сом мәмлекетлик бажы өндириўге, кассациялық шағым бериўде
төленген 41 200 сом почта қәрежети жуўапкердиң мойнында қалдырыўға
жатады.
Баян етилгенлерге тийкар ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118,296-статьяларын қолланып, кассация
инстанциясы суды
уйғарды:
Жуўапкер “Мойнақ келажаги бунёдкорлари” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиниң кассациялық шағымы бойынша ис өндиристен қысқартылсын.
Жуўапкер “Мойнақ келажаги бунёдкорлари” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен республика бюджетине 3 876 598,27 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин. Уйғарыўға тийкар орынлаў хат берилсин.
Уйғарыўға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына ревизия
тәртибинде шағым етиўи мүмкин.
Басшылық етиўши:
Г.Зарипова
коллегия ағзалары:
У.Сабиров
А.Аяпов
3