← Назад
Решение #2841183 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2269-санлы ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Судья С.Ниязов
2025-жыл 27-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуратурасы ис үйрениўши жәрдемшиси ***, үшинши шахс ***
ўәкили *** (2025-жыл 20-ноябрь күнги 118/14-09/161-санлы исеним хат
тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «***» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң жуўапкер ***нан 500 000 000 сом қарыздарлығын
өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти
суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат етип, жуўапкер *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нан 500 000 000 сом қарыздарлығын өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 3-ноябрь күнги уйғарыўы менен ***, *** даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген даўагер,
жуўапкер, үшинши шахс *** ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкар даўагер, жуўапкер, үшинши шахс ўәкиллери
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс *** ўәкили ғазнашылықта
дизимнен өтпеген шәртнамалар бойынша қаржы ажыратылмаслығын
билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор тәреплер орталарындағы
шәртнамалар ғазнашылықта дизимнен өтпегенлиги себепли бул шәртнамалар
тийкарында қарыз өндириў талабы тийкарсыз екенлиги, даўаны
қанаатландырыўсыз қалдырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкилиниң түсиндирмелерин, прокурор
пикирин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа
берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 22.11.2024-жыл 7санлы алды-сатты шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген, усы шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге
калифорния қызыл қурытын сатыў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў
миннетлемесин алған.
2
Лекин, истеги ***ның 2025-жыл 18-ноябрь күнги 01-35/31-01-35/687санлы хатына қарағанда, тәреплер орталарындағы шәртнама ғазнашылық
бөлиминде дизимнен өтпеген.
Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122-статьясы
биринши-үшинши бөлимлерине көре, юридикалық миннетлемелер
экономикалық классификация кодлары бойынша бюджеттен ажыратылатуғын
қаржылар шеңберинде бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары
алыўшылар тәрепинен қабыл етиледи және ғазнашылық бөлимлери тәрепинен
дизимнен өткериледи.
Бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары есабынан
орынланыўы керек болған юридикалық миннетлемелер ғазнашылық
бөлимлери тәрепинен есапқа алынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының
бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды,
хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ
оларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық
бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы
"Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да
раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-594-санлы қарарының 6бәнтинде, бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар
(жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан
капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте
Ғазнашылықта дизимнен өткерилиўи шәрт екенлиги ҳәм тек ғана ол әмелге
асырылғаннан кейин күшке кириўи белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2014жыл 28-ноябрь күнги "Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди
ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында"ғы 269-санлы қарарының 11бәнтинде, шәртнама Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122статьясының үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен
өткерилмегенлиги шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы ҳаққында
түсиндирилген.
Бул жағдайда, тәреплер арасында дүзилген шәртнамалар дүзилмеген
деп есапланғанлығы себепли дүзилмеген шәртнамалар тийкарында
қарыздарлықты өндириўге тийкар жоқ.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден шәртнамаға тийкар қарыз
өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
3
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 5 000 000 сом мәмлекетлик бажы,
41 200 сом почта қәрежетин өз мойнында қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов