← Назад
Решение #2841237 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 891 символов
4-2302-2502/2281-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 27-ноябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Убайдуллаев
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаева хаткерлигинде, даўагер ўәкили
М.Кадирова (2025-жыл 6-март күнги ЖЕ-02-06/395-4-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасында, даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы”
акционерлик жәмийетиниң жуўапкер “Бахш камалак” фермер хожалығынан
10 788 000 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған даўа арзасы бойынша
қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
“Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети
(кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “Бахш
камалак” фермер хожалығынан (кейинги орынларда жуўапкер) пайдаланылған
электр энергиясы ушын 10 788 000 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкердиң 10 788 000 сӯм тийкарғы
қарызы төленбегенлигин билдирип, 10 788 000 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди
сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси (кейинги орынларда ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер
ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)
8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген
болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май
күнги 319-санли қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан
пайдаланыў” Қағыйдаларының 76-бәнти 1-хатбасына көре, тиккелей “Өзбекстан
миллий электр тармақлары” АЖ, “Ыссылық электр станциялары” АЖ,
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ўзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм електр
энергиясын өндириўши басқа кәрханалардың электр тармақларынан ҳәм де
қарыйдарлар ямаса субтутыныўшылар электр тармақлары арқалы узатылатуғын
электр енергиясы ушын қарыйдарлар менен есап-китаплар белгиленген тәртипте
тастыйықланған тийисли тарифлар бойынша электр тәмийнаты шәртнамасына
муўапық әмелге асырылады.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025-жыл
3-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана»
«тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын
жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр
энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған.
Жуўапкердиң 10 788 000 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлиги даўагер
мағлыўматнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд
мәжлисиндеги көрсетпелери менен тастыйықланады.
Сонлықтан суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 10 788 000 сӯм
тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 10 788 000 сӯм тийкарғы қарыз, 41 200 сўм почта қәрежети,
республика бюджетине 412 000 мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер “Бахш камалак” фермер хожалығынан даўагер “Аймақлық
электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети пайдасына
10 788 000 сӯм тийкарғы қарыз ҳәмде 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер “Бахш камалак” фермер хожалығынан республика бюджетине
412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев