Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1566 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID de326774-40d0-4aa6-b098-043bd283a8a3 Claim ID PDF Hash 005249c65da38f92... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 323 символов
4-2304-2503/1566-санлы экономикалық ис Судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 27-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер "***" акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 30 019 492,25 сом тийкарғы қарыз, 1 408 932,18 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: "***" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 30 019 492,25 сом тийкарғы қарыз, 1 408 932,18 сом пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили исти өзиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды, даўа арзаны қанаатландырыўды сорап судқа илтимаснама берген. Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты хәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болса да, суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар даўагер, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып ҳәм ҳуқықый баҳа берип, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 6-январь күни 167227-санлы электр энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. 2 Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған тармақ арқалы электр энергиясын берип турыў миннетлемесин алған, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.14-бәнтиниң 3-хатбасына муўапық тутуныӯшыға төлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын төлем мүддети өткен сумманың 0,1 пайызы муғдарында, лекин мүддети өткен төлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня есапланады. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын пайдаланылған электр энергиясынан 30 019 492,25 сом қарызы пайда болған, 1 408 932,18 сом пеня есапланған. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 30 019 492,25 сом тийкарғы қарыз, 1 408 932,18 сом пеня өндириў талабын тийкарлы ҳәм өндириўге жатады деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы "Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында"ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслигин, пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тийгизиўин есапқа алып, пеня 3 муғдарын кемейтириўди, жуўапкерден 300 000 сом пеня өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 30 019 492,25 сом тийкарғы қарыз, 300 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине жуўапкерден 628 569 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан "***" акционерлик жәмийети пайдасына 30 019 492,25 сом тийкарғы қарызы, 300 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Республика бюджетине 628 569 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов