← Назад
Решение #2841496 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 26 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкиллери ХХХХХ (2025 жыл 04 ноябрь күнги 02-санлы исеним хат
тийкарында), ХХХХХ ( 2025 жыл 14 октябрь күнги 10-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили адвокат ХХХХХ (2025 жыл 17 октябрь кунги 101санлы ордер тийкарында), үшиншы шахслар Такыятас жоллардан пайдаланыў
ЖШЖти ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 21 ноябрь күнги 24-санлы исеним хат
тийкарында), ХХХХХниң ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 21 ноябрь кунги 204-санлы
исеним
хат
тийкарында)лардың
қатнасыўында,
даўагер
"ХХХХХ"
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетиниң
жуўапкер
"ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 154 094 822 сом тийкарғы қарыз,
77 047 411 сом пеня ҳәм төленген суд қәрежетлерин ендириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша исти көшпели Нөкис районлар аралық экономикалық суды
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги
шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен
154 094 822 сом тийкарғы қарыз, 77 047 411 сом пеня ҳәм төленген суд
қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат
еткен.
Судтың 2025 жыл 14 ноябрь күнги уйғарыўы менен иске даўа предметине
ғарезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшиншы шахс сыпатында “Тақыятас
жоллардан турақлы пайдаланыў” ЖШЖти, ХХХХХи (ЭЛУП), “ХХХХХ”
ЖШЖти тартылған.
Суд мәжилисине қатнасқан даўагер тәреп даўа арза талабын қоллапқуўатлап, жуўапкер менен орталарында 2023 жыл 01 июль күни жүк тасыў
шәртнамасы дүзилгенлигин, усы шәртнама тийкар улыўма 154 094 822 сомлық
хызметлер көрсетилгенин, бирақ жуўапкер тәрепинен есапбети фактура
тастыйықлаўдан бас тартылғаның, көрсетилген хызметлер жүк хатлары менен
толық тастыйықланатуғынлығын, жуўапкер менен өз-ара келисимге келиў
имканияты жоқлығын билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисине қатнасқан жуўапкер тәреп, даўа арза талабы тийкарсыз
екенлигин, себеби даўагер тәрепинен ҳүжжетлер тийисли тәртипте
рәсмийлестирилмегенин, жүкты алыўга заявкалар берилмегенин, ҳәр айда
көрсетилген хызметлер ушын есапбети фактуралар жиберилмегенин, жүк
хатлары электрон түрде рәсмийлестирилмегенин, даўагер тәрепинен судқа
усынылған жүк хатларында товарды ким қабыллап алғанлығын ҳәм қайсы
объектке жиберилгенин анықлаў мүмкиншилиги жоқлығын, даўагер менен өз1
ара келисимге келиў имканияты жоқлығын билдирип, даўа арза талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Үшиншы шахс ХХХХХи ўәкили ХХХХХ суд мәжилисинде ҳақыйқатында
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине мәмлекетлик белгиси болған
95/429 ЕВА автотраспортқа 2023 жыл 15-19 июль күнлери 11 рейс 396 м3 ЩПС
материаллларын, 2023 жыл 01 августтан 26 август күнине шекем 10 рейс 360 м3
ЩПС материалларын, жәми 756 м3
материаллары жүклетилип алып
кеткенлигин, бул 21 жүк хаты менен толық тастыйықлатуғынлығын, ЩПС
материаллары "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен
алғанлығын билдирди.
Үшиншы шахс Тақыятас жоллардан турақлы пайдаланыў ЖШЖти ўәкили
ХХХХХ суд мәжилисинде 2023 жылы июль-сентябрь айлары аралығында
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине мәмлекетлик белгиси болған
95/429 ЕВА автотраспорт арқалы жәми 1404 м3 щебень өнимлери алып
кетилгенлигин билдирди.
Үшиншы шахс "ХХХХХ" ЖШЖти тийисли тәртипте судқа
шакыртылғанлығына карамастан, суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти үшиншы шахс "ХХХХХ" ЖШЖти ўәкили қатнасыўысыз көриўди
мақул табады.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсинигин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери жүк тасыў шәртнамасынан келип
шыққан.
Аныкланыўынша, тәреплердин ортасында 2023 жыл 01 июль куни 3/ТУсанлы жүк тасыў шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға тийкар даўагерге тийисли болған S N I S 4258NV384
(S
M N) маркалы, мәмлекетлик белгиси 95/429
автотранспорт пенен
442857,14 тонна/километр*312,50 сомнан жәми ҚҚС менен қосып есаплағанда
155 000 000 сомлык жүк тасыў хызметин көрсетиў, жуўапкер көрсетилген
хызметлердиң баҳасын төлеп бериў миннетлемесин алған.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге 2024 жылы 28 август күни жиберилген 154
094 822 сомлық 1-санлы есапбети фактура жуўапкер тәрепинен тастыйықлаўдан
бас тартылған.
Шәртнаманың 1.3-бәнтинде жүк тасыў буйыртпашының экспедиторы
тәрепинен жүк пенен биргеликте әмелге асырылады.
2
Шәртнаманың 2.1-бәнтинде тасыўшы буйыртпашының жүклерин тасыўды
буйыртпашының тасыўшыға қолайлы болган қәлеген усылда берилген
талапнамасы (заявка) тийкарында әмелге асырады.
Шәртнаманың 2.6.4-бәнтинде буюртпашы жол бети (путевые листы) ҳәм
товар-транспорт накладнойларының белгиленген тәртипте өз ўақтында ҳәм
тийисли тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.7-бәнтинде хызметлердиң орынланыўын тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер болып, буйыртпашы тәрепинен қол қойылған жол бети (путевые
листы), жумыстың (хызметтиң) орынланыўы ҳаққындағы жазыўлар, қосымша
жумыс актлери, келисилген талапнамалар есапланады.
ПКниң 236-статьясына муўапық мәжбуриятлар мәжбурият шәртлерине ҳәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 709-статьясында жолаўшылар, багаж ҳәм жүклерди тасыў- тасыў
шәртнамасы тийкарында әмелге асырылады.
Тасыўдың улыўма шәртлери усы Кодекс, транспорт уставлары ҳәм
кодекслери, басқа да нызамлар ҳәм оларға муўапық шығарылған қағыйдалар
менен белгиленеди.
ПКниң 711-статьясында жүк тасыў шәртнамасы бойынша тасыўшы өзине
жөнелтиўши тәрепинен исенип тапсырылған жүкти мәнзилге жеткериў ҳәм
жүкти алыў ҳуқықына ийе шахсқа (алыўшыға) бериў миннетлемесин,
жөнелтиўши болса жүкти тасыў ушын белгиленген ҳақыны төлеў миннетлемесин
алады.
Жүк тасыў шәртнамасы дүзилгенлиги тийисли транспорт уставы ямаса
кодексинде нәзерде тутылған ҳүжжетти (транспорт жүк хаты, коньосамент ямаса
жүкке тийисли басқа ҳүжжетти) дүзиў ҳәм жүк жибериўшиге бериў менен
тастыйықланады.
Тареплер шәртнамада 442 857,14 тонна/километр жүк тасыўды келискен.
Бирақ, даўагер тәрепинен қайсы объектке (неше киллометр) жүк жеткизип
берилгени бойынша тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди (талапнамалар, жол бетлерин
/путевые листы/ ) судқа усына алмады.
Даўагер тәрепинен судқа усынылған жүк хатларда товарларды Кайрат,
А.Алиев, Файзуллаевлар қабыл етип алғанлығы, айрым жүк хатларда тек ғана
белгисиз шахс тәрепинен қол қойыў менен шекленген.
Өзбекстан Республикасы "Бухгалтерия есабы ҳаққында"ғы Нызамы 14статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық,
операциялардың әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы басланғыш есап
ҳүжжетлери ҳәм оларды өткериўге байланыслы буйрықлар хожалық
операцияларының бухгалтериялық есабы ушын тийкар болады. Хожалық
жүргизиўши субъектлер тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын
товарлар (жумыслар, хызметлер)ның ҳақысы банктиң корпоратив пластик
карталарынан пайдаланған ҳалда төленгенде төлем терминалларының чеклери
де басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән алынады.
Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олардың
әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса, тийисли
басланғыш ҳүжжет рәсмийлестирилип, бухгалтерия есабында көрсетиледи.
3
Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилер:
бухгалтерия есабы субъектиниң аты; ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген
сәне ҳәм орын; хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшем бирликлери
көрсетилген муғдар өлшеми (натура ҳәм пулда көрсетилген ҳалда); хожалық
операциясын орынлаған шахслардың (шахстың) идентификациялаў ушын зәрүр
болған фамилиясы ҳәм аты ҳәм әкесиниң аты бас ҳәриплери ямаса басқа
реквизитлери көрсетилген ҳалда лаўазымларының атамалары ҳәм қол таңбалары.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2024-жыл 30-июль күни
3538-сан менен дизимге алынған "Бухгалтериялық есапта ҳүжжетлер ҳәм
ҳүжжетлер айланысы ҳаққында"ғы Режениң 2-бәнтине муўапық, шөлкемлер
тәрепинен әмелге асырылатуғын барлық хожалық операциялары тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер менен рәсмийлестирилиўи керек. Бул ҳүжжетлер басланғыш есап
ҳүжжетлери болып хызмет етеди ҳәм олар тийкарында бухгалтерия есаплары
жүргизиледи.
Сол себепли, суд даўа талабы суд мәжилисинде өз дәлилин таппаған деп
есаплап, оны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым деп тапты.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 2 311 423 сом мәмлекетлик бажы ҳәм
41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар етти :
Даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4
5