Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2501/1914 Дата решения 26.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 579c83f7-9153-47e8-8408-5b87ec71eea1 Claim ID PDF Hash 0ca0571855276461... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 587 символов
4-2302-2501/***-санлы экономикалық ис судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 26-ноябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы *** басшылығында, судья жәрдемшиси ***ның хаткерлигинде, суд басқарыўшы ***тың қатнасыўында, арза бериўши «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарыздар «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳәм сапластырыў өндирисин баслаў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди НЫҚЛАДЫ: Арза бериўши «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети(кейинги текстлерде – арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, қарыздар «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги текстлерде – қарыздар деп жүритиледи)не қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғаўды ҳәм оны банкрот деп табыўды сораған. Судтың уйғарыўы менен бақлаў процедурасы енгизилген ҳәм ўақтынша бақлаўшы етип Хурмат Эгамберганов тайынланған. Даўагер ҳәм жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд даўагер ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көрип шығыўды мақул табады. Суд мәжлисинде суд басқарыўшы кредиторлар жыйналысы өткерилгенлигин, қарыздардың қарызы бар екенлигин билдирди. Суд ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар (СТИР: ***) Қарыздардың мәнзили: Төрткүль районы, Төрткүль көшеси 23 б жай. Жәмийет баслығы Ибодуллаев Шерзод Садуллаевич. Ўақтынша бақлаўшының бақлаў процедурасы нәтийжеси бойынша усынған есабаты ҳәмде оған қосымша етилген ҳүжжетлерге қарағанда, қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатылғанлығы, бақлаў процедурасы енгизилгенлиги, сондай-ақ кредиторлардың биринши жыйналысын өткериў ҳәмде мүрәжат етиў мүддетлери ҳаққында дағаза жәрияланған. Бақлаў процедурасы дәўиринде ўақтынша бақлаўшы тәрепинен кредиторлар талаплары реестри дүзилген болып, оған муўапық қарыздардың арза бериўши «***» ЖШЖне 7 136 700 сўм қарыздарлығы бар екенлиги көрсетилген. Сондай-ақ, бақлаў процедурасы барысында қарыздардың малмүлклерин анықлаў мақсетинде тийисли мәмлекетлик органлар ҳәмде дизимге алыўшы органларға сораўнамалар менен мүрәжат етилгенинде, қарыздардың мал-мүлки жоқ екенлиги анықланған. Арза бериўши тәрепинен қарыздардың қарыздарлықларын өндириў шаралары көрилген, яғный қарыздардың қарызын өндириӯ ҳаққында Ташкент районлар аралық экономикалық судының 4-1001-2501/27223-санлы ис бойынша 2025-жыл 21-апрель күнги қарары шығарылған. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 5-статьясына көре, төлеўге қәбилийетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат: ўақтынша төлеўге қәбилийетсизлик – егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден баслап үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса алты ай ишинде орынланбаса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға қурбы жетпеслиги; турақлы төлеўге қәбилийетсизлик – егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери баҳасынан асып кеткен болса. Усы статьяда нәзерде тутылған қағыйдалар төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылып атырғанда, физикалық шахслар, сондай-ақ жеке тәртиптеги исбилерменниң төлеўге қәбилийетсизлиги ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда қолланылмайды. Нызам 37-статьясының төртинши бөлимине муўапық қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳәмде оны банкрот деп табыў, сондай-ақ сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиў ушын қарыздардың турақлы төлеўге қәбилийетсизлиги тийкар болады. Нызам 52-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, төлеўге қәбилийетсизликке байланыслы тиклеў процедураларынан бирин енгизиў, келисим питимин тастыйықлаў яки төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти өндиристен қысқартыў ушын тийкарлар бар болмағанда судтың қарыздар юридикалық шахсты банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы қарары усы Нызамның 5-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған төлеўге қәбилийетсизлик белгилери анықланған жағдайларда қабыл қылынады. Судтың қарыздар юридикалық шахсты банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы қарарында қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў, сапластырыў басқарыўшысын тайынлаў ҳәм оған ҳақы төлеў ҳаққындағы көрсетпе сәўлелендирилиўи керек. Нызам 26-статьясының биринши бөлимине көре, суд басқарыўшысына ўазыйпаларын атқарғанлығы ушын ҳақы төлеў муғдары ҳәм тәртиби орынланған ислер көлеминен келип шыққан ҳалда кредиторлардың жыйналысы тәрепинен белгиленеди, суд тәрепинен тастыйықланады ҳәмде, егер кредиторлар менен дүзилген питимде басқаша қағыйда нәзерде тутылған болмаса, қарыздардың мал-мүлки есабынан төленеди. Нызамның 89-статьясына көре, кредиторлардың биринши жыйналысында төмендеги мәселелер бойынша қарарлар қабыл қылынады: суд санациясы яки сырттан басқарыў процедурасын енгизиў ҳаққында илтимаснама менен судқа мүрәжат етиў туўралы; қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққында илтимаснама менен судқа мүрәжат етиў туўралы; кредиторлар комитети ағзаларының саны ҳәм оларды сайлаў туўралы; санация қылыўшы басқарыўшының, сыртқы басқарыўшының яки сапластырыў басқарыўшысының кандидатураларын мақуллаў туўралы; усы Нызамда нәзерде тутылған басқа мәселелер бойынша. Нызам 92-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд кредиторлардың биринши жыйналысы қарары тийкарында, егер усы статьяда басқаша қағыйда белгиленбеген болса, қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққында қарар қабыл қылады яки суд санациясын ямаса сырттан басқарыў процедурасын енгизиў ҳаққында уйғарыў шығарады яки келисим питимин тастыйықлайды ҳәм төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти өндиристен қысқартады. Анықланыўынша, кредиторлар жыйналысында сапластырыў басқарыўшысы ***қа 2 542 000 сўм муғдарында айлық ис ҳақы белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилген. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, суд қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды, сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаўды, сапластырыў басқарыўшы етип ***ты тайынлаўды ҳәм оған 2 542 000 сўм муғдарында айлық ис ҳақы тастыйықлаўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы 5, 26, 37, 52-статьяларын ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР TTИ: 1. Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. Төрткүль районында жайласқан «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийети төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. 2. «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийети сапластырыў басқарыўшысы етип *** тайынлансын. 3. Сапластырыў басқарыўшысына: - қарыздар банкрот деп табылғанлығы ҳәм сапластырыў өндириси ашылғанлығы ҳаққында Нызамның 53-54 ҳәм 143-статьяларына әмел қылған ҳалда газетада жәриялаў; - Нызамның 23 ҳәм 144-статьяларында белгиленген барлық миннетлемелерин толық орынлаў; - сапластырыў жумысларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте алып барыў, сапластырыў режесин дүзиў, аралық есабатларын зәрүрликке қарап судқа усынып барыў ҳәм сапластырыў жуўмағы бойынша жуўмақлаўшы есабатын Беруний районлар аралық экономикалық судына усыныў жүкленсин. 4. «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийети сапластырыў басқарыўшысы ўазыйпасын атқарғанлығы ушын ***қа 2 542 000 сўм муғдарында айлық ис ҳақы тастыйықлансын. 5. «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийети басқарыў органының мойнына үш ис күни ишинде жәмийеттиң бухгалтериялық ҳәм басқа да ҳүжжетлерин, мѳр ҳәм штампларын, материаллық ҳәм басқа да қымбатлықларын сапластырыў басқарыўшысына тапсырылыўын тәмийинлеў миннетлемеси жүклетилсин. 6. «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен «***» ЖШЖниң пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. 7. «***» ЖШЖ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен «***» ЖШЖне 618 000 сўм, республика бюджетине 618 000 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. 8. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. 9. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ***