Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2504/1447 Дата решения 26.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 553f7293-b274-429c-9be4-1ba0d199ca97 Claim ID PDF Hash ec980b7b941b9415... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 11 102 символов
4-2304-2504/ХХХ-санлы ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 26 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери ХХХХХ, жуўапкер ўәкиллери ХХХХХ, “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнийге ХХХХХ (2025 жыл 21 ноябрь күнги 23/25164-санлы исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер ХХХХХ шаңарақлық кәрханасынан 46 193 472 сом ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, даўа арзасында жуўапкер ХХХХХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) шаңарақлық кәрханасынан 46 193 472 сом зыян ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025 жыл 11 ноябрь күнги уйғарыўы менен иске “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған ҳәм ХХХХХ шаңарақлық кәрханасы шанарақлық исбилермен ХХХХХ менен алмастырылған. Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, жәмийетиң тийисли ҳызметкерлери тәрепинен 2025 жылдың 05 март күни жуўапкерге тийисли болған имараттың газден пайдаланыў кағыйдалары үйренилгенде жуўапкер тәрепинен «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы менен шәртнама дүзбестен, пайдаланылған тәбийғый газди есап-китап қылыныўы ушын есапбетин алмастан, орнатылған ЭГЕY (электрон газ есаплағыш үскенеси) дизимнен өткизбестен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетының 2024 жыл 31 май күнги 319-санлы қарарына екинши қосымша «Тәбийий газден пайдаланыў” Қағыйдалары, 12-бабы, 129-бәнтинде көрсетилген қағыйдабузарлық анықланғанлығы, нәтийжеде 46 193 472 сом зиян есапланғанлығын билдирип, жуўапкерден 46 193 472 сом зиян өндириўди ҳәм даўа арза талабын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын тән алмаслығын, себеби «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы хызметкерлери тәрепинен электрон газ есаплағыш үскенеси 2024 жыл 29 октябрь күни орнатылғанлығы ҳәм газден пайдаланыўға рухсат берилгенлигин, район мәмлекетлик хызметлер орайына газден пайдаланыўға шәртнама дүзиў ушын арза берилгенлигин, бирақ арзаға жуўап берилмегенлигин, пайдаланылған газден қарыздарлық жоқ екенлигин, 1 «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы хызметкерлериниң 6/05-санлы далалатнама нызамсыз дүзилгенлигин, себеби далалатнамада гуўалар ХХХХХ адреслери, телефонлар көрсетилмегенлиги, буннан тысқары далалатнама Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетының 2024 жыл 31 май күнги 319-санлы қарарының 131-бәнтине муўапық электрон системалар (Е-ҳүжжет) арқалы рәсмийлестириў керек екенлигин, актти электрон формада рәсмийлестириў имканияты болмағанда, 24 саат ишинде тийисли электрон системаларға киргизилиўин тәмийинлеў шәрти менен акт еркин формада қағазда рәсмийлестирилиўине рухсат берилгенин, бирақ «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы ҳызметкерлери тәрепинен қарар талаплары копал раўиште бузылгынлағын, буннан тысқары ХХХХХ хызметкери ХХХХХ рухсаты менен газден пайдаланғанлығын, пайдаланган газ ушын қарыздарлығы жоқ екенлигин билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан қәнийге суд мәжилисинде ХХХХХ тәрепинен 2025 жылдың 05 март күнги актте есапкитап дурыс көрсетилгенлиги, себеби жуўапкер тәрепинен газден шәртнама дүзбестен пайдаланып атырғанлығы анықланғанлығы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетының 2024 жыл 31 май күнги 319-санлы қарарының 131-бәнтине муўапық далалатнама электрон системалар (Еҳүжжет) арқалы рәсмийлестириў керек екенлигин, актти электрон формада рәсмийлестириў имканияты болмағанда, 24 саат ишинде тийисли электрон системаларға киргизилиўин тәмийинлеў шәрти менен акт еркин формада қағазда рәсмийлестирилиўине рухсат берилгенин, лекин ГТФ хызметкерлери акт дүзиў ушын тийисли тәртипте планшет пенен тамийинлениў керек екенлигин, сондай-ақ электрон системаға киргизилиў ушын доступ болыў керек екенлинин билдирди. Гуўа ретинде соралған ХХХХХ суд мәжилисинде ХХХХХ районы газ таъминаты хызметкерлери 2025 жыл 05 март күни далалатнама дүзилгенде қатнасқанлығын, далалатнаманада ХХХХХ шәртнама дүзбестен, газден пайдаланылып атырғанлығы бойынша қол койғанлығын көрсетти. Суд, исте қатнасқан шахслардың түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Анықланыўынша, «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы хызметкерлери тәрепинен 2025 жылдың 05 март күни жуўапкерге тийисли болған ХХХХХ газден пайдаланыў кағыйдалары үйренилгенде жуўапкер тәрепинен «ХХХХХ» газ таъминаты филиалы менен шәртнама дүзбестен, пайдаланылған тәбийғый газди есап-китап қылыныўы ушын есапбетин алмастан, орнатылған ЭГЕY (электрон газ есаплағыш үскенеси) дизимнен өткизбестен, газден пайдаланып атырғанлығы анықланған ҳәм қайта есап санақ жуўмағы менен 46 193 472 сом есапланған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 майдағы 312-санлы қарарына екинши қосымша «Тәбийий газден пайдаланыў” 2 Қағыйдалары, 12-бабы “Тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў, усы жағдайларды рәсмийлестириў ҳәм есапқа алынбаған тәбийғый газ көлемин есаплаў тәртиби” ның 129-бәнтинде ўәкилликли шөлкемлерден рухсат алмай, ЛТҲсыз, шәртнама рәсмийлестирместен тәбийғый газден пайдаланыў - тәбийий газден пайдаланыў қағыйдаларының бузылыўы (нызамсыз пайдаланыўы) есапланады. Ис ҳүжжетлери ҳәм судта даўагер, жуўапкер тәреплердиң берген түсиниклери менен 2025 жыл 05 март күни жуўапкер тәрепинен газден шәртнамасыз пайдаланып атырғанлығы факти толық тастыйықланады. 2025 жыл 13 март күни тәреплердиң ортасында электрон түрде 23090010-санлы шәртнама дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1-бәнтине муўапық жеткерип бериўши газ тармақлары арқалы тутыныўшының келисилген буйыртпасы бойынша усы шәртнаманың 1.4-бәнтинде көрсетилген көлемде тәбийий газ жеткерип бериў миннетлемесин, тутыныўшы болса көрсетилген көлемде газди қабыл қылыў ҳәм төлемлерди белгиленген баҳа бойынша өз мүддетинде әмелге асырыў миннетлемесин алған. 2025 жылы 28 март күни жуўапкер тәрепинен 23090010-санлы есап бетине газ төлемлери ушын 9 312 600 сом өткизилген. Суд жуўапкер тәрептиң район мәмлекетлик хызметлер орайына газден пайдаланыўға шәртнама дүзиў ушын арза берилгенлиги, бирақ арзаға жуўап берилмегенлиги, ХХХХХ рухсаты менен газден пайдаланғанлығы ҳақкындағы ўәжлери менен келисип болмайды деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 354-статьясында пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар шәртнама дүзиўде еркин. ПКниң 364-статьясы үшинши бөлиминде шәртнама тәреплерден бириниң оферта (шәртнама дүзиў ҳаққында усыныс) жибериўи ҳәм екинши тәреп они аксептлеўи (усынысты қабыл етиўи) жолы менен дүзиледи. ПКниң 365-статьясында оферта жиберген шахс оның аксептин алған ўақытта шәртнама дүзилген есапланады. «Тәбийий газден пайдаланыў” Қағыйдаларында газден пайдаланыў тәртиби анық белгиленген болып, шәртнамасы дүзбестен газден пайдаланыў кадаған етилген. Демек, даўагердиң ХХХХХ күнине шекем газден пайдаланғанлығы нызамсыз болып есапланады. ЭПКниң 68-статьясының биринши бөлимине муӯапық исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабын ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлиллеўи керек. ЭПКниң 72-статьясына муўапық, нызамшылыққа муўапық белгили бир дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған истиң жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. ЭПКниң 89-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы шахслардың ис ушын әҳмийетли болған өзлерине белгили 3 жағдайлар ҳаққындағы түсиндирмелериниң тексерилиўи ҳәм басқа дәлийллер менен бирге баҳаланыўы лазымлығы белгиленген. Даўагер тәрепинен сарпланған газ 17766,72 м3 *124 күнге*2600 сомнан= 46 193 472 сом есапланған. Суд 46 193 472 сомнан – төленген 9 312 600 сом= 36 880 872 сомды өндириўди, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Суд исти көриў нәтийжеси менен даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына зиян ретинде 36 880 872 сом ҳәм төленген 41 200 сом почта қарежетлери, република бюджет пайдасына 739 095,54 сом (өндирилиўи лазым болған 923 869,44 сом мәмлекетлик бажының 80%), даўагерден даўа арза тийкарсыз бөлеги бойынша 184 773,90 сом (өндирилиўи лазым болған 923 869,44 сом мәмлекетлик бажының 20%), ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Суд, жуўапкер ўәкили адвокат ХХХХХ “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнийгеси ХХХХХқа қарата ис ҳүжжетлери менен толық үйренилмегени ушын айрықша уйғарыў шығарыў ҳаққындағы илтимаснамасы тийкарсыз болғанлықтан қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Суд жуўапкер тәрептиң далалатнама дүзиўде орын алған кемшиликлер бойынша, сондай-ақ район газ таъминат хызметкерлери шәртнама дүзбестен газден пайдаланыўга рухсат берилгенлиги ҳақкындағы ўәжлерин итибарсыз қалдырыўға болмайды деп есаплап, ис бойынша айрықша уйғарыў шығарыўды ҳәм айрықша уйғарыўды орынлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына жибериўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. Шанарақлық исбилермен ХХХХХ есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына зиян ретинде 36 880 872 сом ҳәм 41 200 сом почта қарежетлери өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шанарақлық исбилермен ХХХХХ есабынан республика бюджет пайдасына 739 095,54 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. «ХХХХХ» акционерлик жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 184 095,54 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 4 Шанарақлық исбилермен ХХХХХ Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. Ис бойынша айрықша уйғарыў шығарылсын ҳәм орынлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына жиберилсин. Жуўапкер ўәкили ХХХХХ “ХХХХХ” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнийгеси ХХХХХқа қарата айрықша уйғарыў шығарыў ҳаққындағы илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 5