Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/1715 Дата решения 26.11.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1c74652a-8c6f-4e3e-8e54-7f86c2858fd8 Claim ID PDF Hash 0bd9c06c2e26b1c8... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
********-санлы экономикалық ис Биринши инстанцияда исти кѳрген судья–**** Апелляция инстанция судындабаянатшы судья-**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ УЙҒАРЫЎЫ (апелляциялық шағымды көрместен қалдырыў****) Нѳкис қаласы ****жыл26 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы****ңбасшылығында, коллегия ағзалары****ҳәм****лардан ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси **** хаткерлигинде,даўагер ўәкили **** (**** жыл 4 сентябрь күнги 43-санлы ордер тийкарында) қатнасыўында, даўагер “Nо`kus **** **** ****”жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниңшөлкемлестириўшиси ****ң жуўапкер “Nо`kus **** **** ****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириўшилериниң **** жыл 4 март күнги 1-санлы баянламасын **** емес деп табыўдысорағандаўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық ис бойыншаНөкисрайонлар аралық экономикалық судының ****5жыл19 сентябрькүнги шешиўшиқарарына жуўапкер “Nо`kus **** **** ****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген апелляциялықшағымын ис ҳүжжетлери менен бирге **** Республикасы суды имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Жуўапкер“Nо`kus **** **** ****”жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүргизиледи)пуқаралар ****(буннан кейин текстте даўагер деп жүргизиледи)ҳәм**** ****лер тәрепинен шөлкемлестирилип, олардың жәмийет устав қорындағы ҳәр бириниң үлеси ****сом муғдарында 50 пайызды қураған. Даўагер**** жыл 3 мартта нотариал тастыйықланған исеним хат арқалыисенимли ўәкили ****үлеси менен байланыслы ҳәрекетлерди әмелге асырыў ҳуқықын берген. Жәмийетшөлкемлестириўшилериниң **** жыл4 март күнги 1-санлы мәжлисинде даўагердиң атынан **** қатнасып, жыйналыстадаўагердиң жәмийет устав қорындағы **** сом муғдарындағы үлесин екинши шөлкемлестириўши **** пулсыз-қайтарыўсыз саўға етип қалдырыў, жәмийеттиң устав қорын **** сом деп белгилеп,оған **** **** пайызмуғдарындаийелик етиўи ******** қарар қабыл қылынған. Даўагерсудқа даўа арзасы менен мүрәжат етипжәмийетшөлкемлестириўшилериниң**** жыл 4 март күнги 1-санлы баянламасын**** емес деп табыўдысораған.Оған тийкар сыпатында исенимли ўәкили ****қа үлесин саўға қылыў ҳуқықын бермегенлигин келтирген. Биринши инстанция судының ****5жыл19 сентябрь күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылған.Жәмийет шөлкемлестириўшилериниң**** жыл 4 март күнги 1-санлы баянламасы **** емес дептабылған. Жуўапкершешиўши қарарғанаразы болып апелляциялықшағымберген.Апелляциялық шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатындадаўагер жәмийеттиң устав қорына үлеси бойынша қаржы төлемегенлигин, даўагер ўәкили ****қа берген **** жыл 3 мартта нотариал тастыйықланған исеним хатта****қа даўагердиң үлесин реализация етиў (отчуждение)ге ўәкиллик берилгенлигин келтирген. Суд мәжлисиндедаўагерўәкилиапелляциялық шағымға баслық сыпатында **** қол қойғанлығын, **** мәмлекетлик хызметлер орайынан алынған мағлыўматтажәмийеттиң баслығысыпатында**** көрсетилгенлигин билдирип,апелляциялық шағымды көрместен қалдырыўды сорады. Жуўапкерсуд мәжлисиниң **** ҳәм орны **** тийисли тәртипте хабарландырылмағанлығына қарамастан суд мәжлисине ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте-ЭПК деп жүргизиледи)ниң****-статьясыныңтөртиншибөлимине муўапық,апелляция инстанциясы судының суд мәжлисине суд додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған апелляциялық шағымды (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы истижуўапкердиңқатнасыўысыз көриўди **** тапты. Судлаў коллегиясы,даўагерўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап,апелляциялық шағымдыис ҳүжжетлерименен биргеүйренип шығып, төмендегилерге муўапықапелляциялықшағымды көрместен қалдырыўдылазым тапты. Мәмлекетлик хызметлер орайынан **** жыл 12 ноябрь сәнесине алынған юридик шахс **** мағлыўматқа қарағанда жуўапкердиң шөлкемлестириўшиси ****, ал баслығы ****есапланады. Апелляция инстанция судының **** жыл 12 ноябрь күнги уйғарыўы менен жуўапкерге жәмийеттиң баслығын тайынлаў **** буйрық көширмесин судқа усыныўжүклетилген. Жуўапкер тәрепинен усынылған жәмийеттиң **** жыл 1 июнь күнги 3-санлы буйрығына қарағанда**** жыл 1 июньнен баслап жәмийеттиң баслығы етип **** тайынланған. ****, апелляциялық шағымда жәмийеттиңбаслығы сыпатында **** көрсетилген ҳәм ****шағымғақол қойған. Бул жағдайда, жәмийеттиң атынан берилген шағымға жәмийетбаслығы сыпатында**** қол қойғанлығытийкарсыз есапланады. ЭПКниң****-статьясының биринши бөлимине тийкарегерапелляциятәртибиндеги шағым (протест) өндириске қабыл қылынғанынан соң оған қол қойылмағанлығы ямаса оған қол қойыў ҳуқықына ийе болмаған, яки лаўазымы яки фамилиясы ҳәм аты, әкесиниң атының бас ҳәриплери көрсетилмеген шахс тәрепинен қол қойылғанлығы анықланса,апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды(протестти) көрместен қалдырады. Жоқарыдағыларға тийкар,судлаў коллегиясыапелляциялықшағымды көрместен қалдырыўды,апелляциялық шағым бериўде төленген **** сом мәмлекетлик **** ҳәм ****сом почта қәрежетин жуўапкердиң мойнында қалдырыўды лазым табады. Баян етилгенлерге тийкарҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллықкодексиниң ****, ****-статьяларын басшылыққа алып,апелляцияинстанциясы суды У Й Ғ А Р ДЫ: Жуўапкер“Nо`kus **** **** ****”жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниңапелляциялықшағымы көрместен қалдырылсын. Уйғарыў қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Уйғарыўға наразы тәреп****Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым бериўге ****. Басшылық етиўши: **** ағзалары: **** ****