← Назад
Решение #2841907 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
11 606 символов
4-2301-2503/2247-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 25-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер ўәкиллери адвокатлар *** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 19-санлы, 7санлы ордерлер тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "***" фермер
хожалығының жуўапкерлер АКБ "***" ҳәм АКБ "***" Нөкис филиалына
қарата гиреў (ипотека) шәртнамасын бийкар етиў, гиреўдеги мүлклерди
гиреўден шығарыў миннетлемесин жүклеў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер "***" фермер хожалығы (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкерлер АКБ "***" (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)
ҳәм АКБ "***" Нөкис филиалы (буннан кейин текстте банк филиалы деп
жүритиледи)на қарата гиреў (ипотека) шәртнамасын бийкар етиўди,
гиреўдеги мүлклерди гиреўден шығарыў миннетлемесин жүклеўди сораған.
Судтың 2025-жыл 3-ноябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Финанс министрлиги, Ғазнашылық басқармасы, "***" ЖШЖ,
судтың 2025-жыл 18-ноябрь күнги уйғарыўы менен МОБ Бозатаў районы
бөлими даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын
үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкиллери даўа талапларын қоллапқуўатлап, даўагер менен банк филиалы, үшинши шахс "***" ЖШЖ
орталарында гиреў (ипотека) шәртнамасы дүзилгенлигин, суд қарарына
тийкар кредит қарыздарлығын өндириў гиреўдеги мүлкке қаратылғанлығын,
МОБ Бозатаў районы бөлими тәрепинен гиреў мүлкти сатыў ушын еки мәрте
аукционға шығарылғанлығын, лекин сатылмағанлығын, сол себепли гиреў
мүлк банкке усынылғанлығын, бирақ банк қабыл етпегенлиги себепли
орынлаў иси тамамланғанлығын, бул жағдайда гиреў шәртнамасы бийкар
етилетуғынлығын, банк филиалына гиреў шәртнамасын бийкарлаў бойынша
мүрәжат етилгенлигин, лекин даўагер фермер хожалығының талабы
қанаатландырылмағанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды
сорады.
Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкерлер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкар жуўапкерлер, үшинши шахслар ўәкилиниң
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
2
Суд даўагер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны
қанаатландырыўды, даўаның банк филиалына қарата бөлегин ис
жүритиўден қысқартыўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, банк филиалы менен үшинши шахс
"***" ЖШЖ орталарында 2020-жыл 18-сентябрь күни 886-санлы жабық
линиялы кредит шәртнамасы дүзилип, оған көре банк тәрепинен 500 000 000
сом кредит ажыратылған.
Кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде даўагер, банк
филиалы, үшинши шахс "***" ЖШЖ орталарында 2020-жыл 18-сентябрь
күни KSh №026477 QR-санлы гиреў (ипотека) шәртнамасы дүзилип,
даўагерге тийисли Кегейли районы, "Қусханатаў" АПЖ, "Жалғас" елатлы
пункти аймағында жайласқан жер участкасының улыўма майданы 1 800 кв.м,
улыўма майданы 1 330,80 кв.м, пайдалы майданы 1 247,20 кв.мден ибарат
болған мал шарўашылық ҳәм жем майдалаў цех имаратлары гиреўге
қойылған, гиреў (ипотека) шәртнамасы реестрге №202001800001361-саны
менен дизимге алынған.
Өзбекстан Республикасының "Гиреў ҳаққында"ғы Нызамының 29статьясына муўапық, аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланғанда
гиреўге алыўшы гиреўге қойыўшы менен келисимге тийкар, гиреўге
қойылған мүлкти сатып алыўға ҳәм сатып алыў баҳасын гиреў менен
тәмийинленген өз талаплары есабына өткериўге ҳақылы. Бундай келисимге
қарата алды-сатты шәртнамасы ҳаққындағы қағыйдалар қолланылады.
Қайта аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланғанда гиреўге
алыўшы гиреў предметин реализацияланбаған гиреў предметин қайта
аукцион саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасынан көби менен жигирма бес
процент аз суммада баҳалап, өзинде алып қалыўға ҳақылы. Бунда гиреўге
алыўшы өзинде алып қалынып атырған мүлктиң қабыл етилип атырған
баҳасы менен миннетлемениң қапланған муғдары арасындағы унамлы
парықты (бар болған жағдайда) төлеўи шәрт.
Егер гиреўге алыўшы гиреў предметин өзине алып қалыў ҳуқықынан
қайта аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланған күннен баслап бир ай
даўамында пайдаланбаса, гиреў шәртнамасы бийкар етиледи.
Усы Нызамының 32-статьясына көре, усы Нызамның 29-статьясында
нәзерде тутылған тийкарлар бойынша оны реализациялаў мүмкин болмаған
жағдайда гиреў бийкар болады.
Өзбекстан Республикасының "Ипотека ҳаққында"ғы Нызамының 43статьясы алтыншы бөлимине көре, егер ипотека алыўшы қайта аукцион
саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланғаннан кейин бир ай ишинде гиреўге
қойылған мүлкти өзинде қалдырыў ҳуқықынан пайдаланбаса, ипотека
тамамланады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 281-статьясы төртинши, бесинши ҳәм алтыншы
бөлимлерине көре, аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланғанда
3
(өндириў гиреўге қойылған мүлкке судтан тысқары тәртипте қаратылған
жағдайда) гиреўге алыўшы гиреўге қойыўшы менен келисимге көре, гиреўге
қойылған мүлкти сатып алыўға ҳәм сатып алыў баҳасын гиреў менен
тәмийинленген өз талаплары есабына өткериўге ҳақылы. Бундай келисимге
қарата алды-сатты шәртнамасы ҳаққындағы қағыйдалар қолланылады.
Қайта аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланғанда гиреўге
алыўшы гиреў предметин реализацияланбаған гиреў предметин қайта
аукцион саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасынан көби менен жигирма бес
процент аз суммада баҳалап, өзинде алып қалыўға ҳақылы.
Егер гиреўге алыўшы гиреў предметин өзинде алып қалыў ҳуқықынан
қайта аукцион саўдасы әмелге аспаған деп жәрияланған күннен баслап бир ай
ишинде пайдаланбаса, гиреў ҳаққындағы шәртнама бийкар етиледи.
ПКниң 283-статьясы биринши бөлиминиң 4-бәнтине көре, гиреўге
қойылған мүлкти сатыў мүмкин болмаған жағдайда (усы Кодекстиң 281статьясы) гиреў бийкар болады.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, Шымбай районлар аралық
экономикалық судының 2023-жыл 30-май күнги 4-2304-2301/700-санлы
шешиўши қарары менен "***" ЖШЖнен АКБ "***" пайдасына 499 751 040
сом кредит карызын, 54 596 704 сом пайыз, 30 000 сом почта қәрежетин
өндириў, өндириўди "***" фермер хожалығына тийисли Кегейли районы,
"Қусханатаў" АПЖ, "Жалғас" елатлы пункти аймағында жайласқан жер
участкасының улыўма майданы 1 800 кв.м, улыўма майданы 1 330,80 кв.м,
пайдалы майданы 1 247,20 кв.мден ибарат болған мал шарўашылық ҳәм жем
майдалаў цех имаратларына қаратыў белгиленген.
МОБ Бозатаў районы бөлим тәрепинен 2024-жыл 16-январь күнги хаты
менен АКБ "***" Нөкис филиалына гиреўдеги мүлк тәкрарлы аукционда
сатылмағанлығы себепли қарыздарлық есабына алыў усыныс етилген. Лекин,
банк тәрепинен гиреў мүлк қабыл етип алынбаған.
Сол себепли, МОБ Бозатаў районы бөлими мәмлекетлик
орынлаўшысының 2024-жыл 26-январь күнги қарары менен Шымбай
районлар аралық экономикалық судының 2023-жыл 30-май күнги 4-23042301/700-санлы шешиўши қарарына тийкар берилген орынлаў ҳүжжети
бойынша орынлаў өндириси тамамланған.
Сонлықтан, даўагер жуўапкер банк филиалына гиреў шәртнамасын
бийкар етиўди усыныс етип мүрәжат еткен. Лекин, банк тәрепинен
даўагердиң
талабы
қанаатландырылмағанлығы
себепли
даўагер
жуўапкерлерге қарата гиреў (ипотека) шәртнамасын бийкар етиў, гиреў
мүлкин гиреўден шығарыў миннетлемесин жүклеўди сорап судқа даўа арза
берген.
Атап өтилгенлер ҳәм нызам талабына көре, даўагердиң талабын суд
тийкарлы деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
4
Өзбекстан Республикасыныӊ “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы
Нызамыныӊ қосымшасы болған “Мәмлекетлик бажы ставкалары”ныӊ 2бәнтине көре, киши исбилерменлик субъектлери әмелге асыратуғын
исбилерменлик искерлиги шеӊберинде судларға мүрәжат етиў ўақтында усы
бәнттиӊ «а» - «г» ҳәм «е» киши бәнтлеринде көрсетилген белгиленген
ставканыӊ 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төлейди.
Өзбекстан Республикасыныӊ Жоқарғы суды Пленумыныӊ 2020-жыл
19-декабрь күнги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты
ҳаққында”ғы
36-санлы
қарарыныӊ
6.3-бәнтине
көре,
экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти
тәрепинен белгиленген ставканыӊ 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы
төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер
мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси
бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажыныӊ муғдары даўагер
тәрепинен төлеп шығылған сумма менен шегараланады.
Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде
басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниӊ мәплерин
гөзлеп
усынылған
даўа
талаплары
қанаатландырылған
яки
қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден
улыўма тийкарларда өндириледи.
Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъектине мәмлекетлик бажы төлеўди кешиктириў яки бөлип-бөлип төлеў
ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси бойынша
тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер киши исбилерменлик субъекти
болып, судқа даўа арза бериўде мәмлекетлик бажы төлеў кешиктирилген,
сонлықтан бул жағдайда нызамда белгиленген ставкада яғный даўагердиӊ
киши исбилерменлик субъекти екенлигинен келип шығып, белгиленген
ставканыӊ 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилиўи лазым.
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўды,
даўагер, банк филиалы, үшинши шахс "***" ЖШЖ орталарында 2020-жыл
18-сентябрь күни дүзилген, реестрге №202001800001361-саны менен дизимге
алынған, KSh №026477 QR-санлы ипотека шәртнамасын бийкар етиўди,
жуўапкерге гиреўдеги мүлклерди гиреўден шығарыў миннетлемесин
жүклеўди, жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом төленген почта
қәрежетин өндириўди, республика бюджетине жуўапкерден 4 120 000 сом
мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, суд жуўапкер АКБ "***" Нөкис филиалы юридикалық шахс
болмағанлығы себепли ЭПКниң 110-статьясы 1-бәнтине тийкар даўаның
банк филиалына қараған бөлеги бойынша ис жүритиўди қысқартыўды лазым
табады.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 110, 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып,
суд
5
ҚАРАР ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырылсын.
"***" фермер хожалығы, АКБ "***" Нөкис филиалы ҳәм "***" ЖШЖ
орталарында
2020-жыл
18-сентябрь
күни
дүзилген,
реестрге
№202001800001361-саны менен дизимге алынған, KSh №026477 QR-санлы
ипотека шәртнамасы бийкар етилсин.
АКБ "***"ке "***" фермер хожалығына тийисли Кегейли районы,
"Қусханатаў" АПЖ, "Жалғас" елатлы пункти аймағында жайласқан жер
участкасының улыўма майданы 1 800 кв.м, улыўма майданы 1 330,80 кв.м,
пайдалы майданы 1 247,20 кв.мден ибарат болған мал шарўашылық ҳәм жем
майдалаў цех имаратларын гиреўден шығарыў миннетлемеси жүкленсин.
Жуўапкер АКБ "***"тен "***" фермер хожалығы пайдасына 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер АКБ "***"тен республика бюджетине 4 120 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Даўаның АКБ "***" Нөкис филиалына қараған бөлеги бойынша ис
жүритиў қысқартылсын.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор
нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов