Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2277 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 99bd7e7d-6b0b-4812-a516-98615d52d025 Claim ID PDF Hash 1e7fceccdd9c905f... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 294 символов
4-2301-2503/2277-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 25-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 10-июнь күнги 2640/130-05-1068-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер ***тиң жуўапкер “***” ЖШЖнен кредит бойынша 8 193 670 сом тийкарғы қарызын, 1 281 856 сом пайыз, 1 764 543 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен кредит бойынша 8 193 670 сом тийкарғы қарызын, 1 281 856 сом пайыз, 1 764 543 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 25-ноябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң даўа муғдарын кредит бойынша тийкарғы қарызын 8 193 670 сом, 1 551 184 сом пайыз, 1 834 529 сом пеня деп көбейтиў ҳаққындағы арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили жуўапкерге қарата мүддети өткен қарызды өндириў ҳаққында даўа арза берилгенлигин, лекин қарыздарлық төленбегенлигин, сонлықтан кредит қарыздарлығын мүддетинен алдын пайызы менен өндириў лазымлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисиниӊ ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар етилген болса да, суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниӊ 128, 170-статьяларына тийкар жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Тәреплер орталарында 2024-жыл 26-июль күни 1065-санлы кредит шәртнамасы (буннан кейин текстте Кредит шәртнамасы деп жүритиледи) дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкерге 18 ай мүддетке, жыллық 29 пайыз төлеӯ шәрти менен 22 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме 2 шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПКниң 736-статьясының екинши бөлимине көре, қарыз шәртнамасында қарызды бөлип (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. ПКниң 7461-статьясына муўапық, кредитти мүддетинен алдын суд тәртибинде өндириўде, егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кредитор дәслеп қарыздың белгиленген мүддетте қайтарылмаған бөлегин өндириў ушын судқа мүрәжат етеди. Бунда егер қарыз алыўшы мүддети өткен қарызды толық төлемеген тәғдирде, кредитор кредиттиң қалған барлық суммасын мүддетинен алдын қайтарыў ҳаққындағы талап пенен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы. Кредит шәртнамасының 4.4 ҳәм 6.2.1-бәнтлерине муўапық, шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 4-ноябрь жағдайына тийкарғы кредит қарызы 11 981 335 сом, соннан мүддети өткен тийкарғы қарызы 7 850 202 сом, пайыз қарызы 2 322 493 сом, соннан мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 2 255 743 сом, шәртнаманың 8.3-бәнтине тийкар есапланған пеня 1 864 543 сомды қураған. Соннан, Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 21-август күнги 4-2301-2504/1613-санлы шешиўши қарары менен жуўапкерден даўагер пайдасына 3 787 665 сом тийкарғы қарызы, мүддети өткен 1 040 637 сом пайыз, 100 000 сом пеня өндириў белгиленген. Лекин қарыздарлық төленбеген. Сондай-ақ, қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Кредит шәртнамасының 8.3-бәнтинде қарыз алыўшы кредит төлемлерин өз ўақтында төлемеген ҳәмде олар бойынша мүддети өткен қарызлар жүзеге келген жағдайда төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын банкке мүддети өткен кредит қарыздарлығына қарата 0,2 пайыз, мүддети өткен пайыз төлемлерине қарата 0,2 пайыз муғдарында пеня төлейди. Кредит шәртнамасының 12.4-бәнтиниң “i”, “j”- киши бәнтлерине көре, қарыз алыўшы тәрепинен кредит ҳәм оған есапланған пайызларды шәртнама ҳәм қосымша шәртнамада белгиленген мүддеттен 30 күн ҳәм оннан артық мүддетке кешиктирилиўи, кредит ҳәм оған есапланған пайызларды турақлы 3 рәўиште кешиктирип төлениўи яғный он еки ай даўамында усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған қайтарыў кестесинде көрсетилген төлеў мүддетин үш ҳәм оннан артық бузылыўы шәртнаманы қопал бузыў деп есапланады ҳәм бунда кредитор шәртнаманы, қосымша шәртнаманы бир тәреплеме яки суд тәртибинде бийкар етиўи ҳәмде кредит ҳәм оған есапланған пайызларды мүддетинен алдын қайтарып алыўы мүмкин. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған есапланған пайызларды төлеў кестесинен ҳәр айда кешиктирилген. Бул жағдайда, даўаның тийкарғы кредит қарызын, пайыз ҳәм пеня өндириў талабы, сондай-ақ, жәми кредит қарыздарлығын мүддетинен алдын қайтарыўды сораған талабы тийкарлы болып есапланады. Банктиң 2025-жыл 25-ноябрь күнги 11438/565-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкердиӊ 2025-жыл 25-ноябрь күнине тийкарғы кредит қарызы 8 193 670 сом, пайыз қарызы 1 551 184 сом, есапланған пенясы 1 834 529 сомды қураған. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына мүддетинен алдын 8 193 670 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 551 184 сом пайыз қарызын, 1 834 529 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер “***” ЖШЖнен даўагер СЕКҚ АК " MKORB NK" пайдасына мүддетинен алдын 8 193 670 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 551 184 сом пайыз қарызын, 1 834 529 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “***” ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов