Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1608 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8693a484-534b-441c-8603-fdec5493c5ba Claim ID PDF Hash f6e04e848bdc6bcf... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 338 символов
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова Шымбай районы 2025 жыл 25 ноябрь УЙҒАРЫӮ (Ис жүритиӯден қысқартыў ҳаққында) Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова, К.Данияровтың хәткерлигинде, даӯагер жәмийет баслығы К.Абдирамановтың қатнасыӯында, даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуӯапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 3 457 000 000 сом тийкарғы қарыздарлығы, 242 000 000 сом пеня, жәми 3 457 000 000 сомды ҳәм почта қәрежетин өндириӯди мәмлекетлик дизимнен өтпеген 2577 м3 малхана, 582,71 м3 гараж имаратларына ҳәм узынлығы 532 м балентлиги 3 метр болған тас гербиштен орилген дийўлларға ҳәм баланста жоқ болған 400 квт трансформатор пункти, 20 дана столбалар 1000 метр қоспа кабеллери, видеобақлаў камера үскенелери ҳәмде 86 дана бетон жол плиталарға қаратыў ҳақкындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуӯапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 3 457 000 000 сом тийкарғы қарыздарлығы, 242 000 000 сом пеня, жәми 3 457 000 000 сомды ҳәм почта қәрежетин өндириӯди мәмлекетлик дизимнен өтпеген 2577 м3 малхана, 582,71 м3 гараж имаратларына ҳәм узынлығы 532 м балентлиги 3 метр болған тас гербиштен орилген дийўлларға ҳәм баланста жоқ болған 400 квт трансформатор пункти, 20 дана столбалар 1000 метр қоспа кабеллери, видеобақлаў камера үскенелери ҳәмде 86 дана бетон жол плиталарға қаратыў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даӯагер ӯәкили суд мәжилисинде даӯа арзаны қоллап-қуӯатлап, Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясының 2024 жыл 13 февральдаги қарары менен жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 3 457 000 000 сом тийкарғы қарыздарлығы, 242 000 000 сом пеня, жәми 3 457 000 000 сом өндириў белгиленгенин, орынлаў хат ҳәзирги ўақытта Мажбурий орынлаў бюросы Бозатаў районы бөлиминде өндирисинде екенлигин, сонлықтан қарыздарлықты өндириўди мәмлекетлик дизимнен өтпеген 2577 м3 малхана, 582,71 м3 гараж имаратларына ҳәм узынлығы 532 м балентлиги 3 метр болған тас гербиштен орилген дийўлларға ҳәм баланста жоқ болған 400 квт трансформатор пункти, 20 дана столбалар 1000 метр қоспа кабеллери, видеобақлаў камера үскенелери ҳәмде 86 дана бетон жол плиталарға қаратыўды сорады. Жуўапкер истиң көрилиӯи ҳақкында тийисли тәртипте шақыртылғанлығына қарамастан суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин тексте даўагер деп жүритиледи) 170-статьясы 1 талапларына тийкар исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, арза бериӯши ӯәкилиниң түсинигин тыңлап, топланган ҳүжжетлерди үйренип шығып, ис бойынша ис жүритиӯди қысқартыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясының 2024 жыл 13 февральдаги қарары менен жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 3 457 000 000 сом тийкарғы қарыздарлығы, 242 000 000 сом пеня, жәми 3 457 000 000 сомды ҳәм почта қәрежетин өндириӯ белгиленген. Даўагер усы қарыздарлықты мал-мүлктен өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң ЭПКниң 25-статьясы биринши бөлимине муўапық, экономикалық судларына: 1) экономика тараўында юридикалық шахслар ҳǝмде юридикалық шахс дүзбеген ҳалда исбилерменлик искерлигин ǝмелге асырып атырған ҳǝм жеке тǝртиптеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тǝртипте алған пуқаралар ортасындағы пуқаралық, ҳǝкимшилик ҳǝм басқа ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келетуғын тартысларға байланыслы ислер; 2) экономика тараўында юридикалық шахслар ҳǝм жеке исбилерменлердиӊ ҳуқықларының жүзеге келиўи, өзгериўи яки бийкар болыўы ушын ǝҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў ҳаққындағы ислер; 3) банкротлық ҳаққындағы ислер; 4) төрешилик додалаўы менен байланыслы ислер; 41) арбитраж додалаўы менен байланыслы ислер; 5) корпоратив тартыслар бойынша ислер; 51) инвестициялық тартыслар бойынша ислер; 52) бǝсекиге байланыслы ислер; 6) сырт ел мǝмлекети судлары ҳǝм арбитражларыныӊ қарарларын тǝн алыў ҳǝмде орынлаўға қаратыў ҳаққындағы ислер тийисли. ЭПКниң 26-статьясында экономикалық суд төмендеги даўаларды шешетугынлығы белгиленген : 1) дүзилиўи мәжбүрийлиги низамда нәзерде тутилган шәртнаманы дүзиўде келип шыққан келиспеўшиликлер ҳаққында; 2) шәртнама тәреплери тәрепинен судқа көрип шығыў ушын берилиўи келисилген шәртнаманы дүзиўде келип шыққан келиспеўшиликлер ҳаққында; 3) шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққында; 4) питимди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында; 5) миннетлемелердиң орынланбағанлығы яки керекли дәрежеде орынланбағанлығы ҳаққында; 6) мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққында; 7) мүлк ийеси ямаса басқа низамлы ийеси тәрепинен мүлкти өзгениң низамсыз ийелигинен талап етип алыў ҳаққында; 8) интеллектуал хызмет объектлерине ҳәм пуқаралық айланысы қатнасыўшыларының индивидуалластырыў қуралларына, товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерге болган мүлк ҳуқықларының бузылыўы ҳаққында; 9) мүлк ийеси ямаса басқа низамлы ийесиниң ийелик етиўден айырылыў менен байланыслы болмаган 2 ҳуқықларының бузылыўы ҳаққында; 91) өзбасымшалық пенен иеленген мәмлекет мүлки болған жер участкасын қайтарыў, өзбасымшалық пенен қурылған имаратты бузыў ҳаққында; 10) зыянның орнын қаплаў ҳаққында; 11) исшеңлик абырайын қорғаў ҳаққында; 12) ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын талаплар бойынша сөзсиз (аксепциз) тәртипте өндирилетуғын орынлаў ҳүжжети ямаса басқа ҳүжжетти орынлаўға жатпайтуғын деп табыў ҳаққындағы, орынлаў ҳүжжети ямаса басқа ҳүжжет буннан тысқары; 13) қадағалаўшы органлар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардан жәриймаларды өндириў ҳаққында, егер низамда оларды өндириўдиң даўсыз (акцепциз) тәртиби нәзерде тутылмаган болса; 14) қадағалаўшы уйымлар тәрепинен нызам ҳүжжетлери талаплары бузылған ҳалда есаптан шығарылған пул қаржыларын буджеттен даўсыз (акцепциз) тәртипте қайтарыў ҳаққында ҳәм нызам менен өз ўәкиллигине киргизилген басқа да даўларды шешетуғынлығы белгиленген. Демек, даўагердиң қарыздарлықты өндириӯди мәмлекетлик дизимнен өтпеген 2577 м3 малхана, 582,71 м3 гараж имаратларына ҳәм узынлығы 532 м балентлиги 3 метр болған тас гербиштен орилген дийўлларға ҳәм баланста жоқ болған 400 квт трансформатор пункти, 20 дана столбалар 1000 метр қоспа кабеллери, видеобақлаў камера үскенелери ҳәмде 86 дана бетон жол плиталарға қаратыў даўа талабы судқа тийисли емес. ЭПКның 110-статьясының 1-бәнтинде ис судқа тийисли болмаса, суд ис жүритиўди қысқартыўы нәзерде тутылған. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 18-статьясы 1-бөлиминиң 5-бәндине муӯапық егер ис судқа тийисли болмаса, ис жүритиў қысқартылғанда мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген. Суд, даўагерден мәмлекетлик бажы өндирмеўди, даӯагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин даӯагердиң мойнында қалдырыӯды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 111, 195статьяларын басшылыққа алып, суд уйғарды: Экономикалық иси бойынша ис жүритиӯ қысқартылсын. Уйғарыўға наразы тәреп, бир ай ишинде апелляциялық тәртибинде арза (протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Хасанова 3