← Назад
Решение #2842021 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
7 064 символов
4-2302-2501/2312-санлы экономикалық ис
судья Р.Курбанбаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 25-ноябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Р.Курбанбаев
басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованиң хаткерлигинде, даўагер
ўәкили М.Мурзамбетов (2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақтсан
Республикасы
басқармасының
даўагер
“Ўзагролизинг”
акционерлик
жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер « ALVON OVUL» фермер хожалығынан
94 669 742 сўм лизинг төлемлери, 27 728 371 сўм пеня өндириў ҳаққындағы
даъво аризасин өз суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақтсан Республикасы
басқармасының (кейинги орынларда – Палата) “Ўзагролизинг” акционерлик
жәмийетиниң (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат етип, « ALVON OVUL» фермер хожалығынан (кейинги
орынларда –жуўапкерлер) 94 669 742 сўм лизинг төлемлери, 27 728 371 сўм
пеня өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға
қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, жуӯапкер
тәрепинен усы күнге шекем лизинг төлемлеринен қарызы төленбегенлигин, бул
бойынша судқа мағлыӯматнама усынғанын, сол себепли пеняны өндириӯ
талабында толық қанаатландырып, даўа арзаны толық қанаатландырыўды
сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуӯапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги орынларда – ЭПК)ниң 128, 170-статьяларына муўапық оның
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамаларынан
келип шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг
төлемлерин төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген
2024-жыл 2-декабрь күни дүзилген “2018-жылы 3-августда дүзилген 18/01-4212-санлы лизинг шәртнамасы бойынша бәрше ҳуқық ҳәм мәжбүриятлардан
басқа шахс пайдасына толық ўаз кешиў ҳаққында”ғы шәртнамасыга тийкар
1 (бир) дана «N w H ll nd T6070» маркалы трактор жеткерип берилген.
Жоқарыдағы шәртнамалардың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар
жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы
ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине 94 669 742 сўм лизинг төлемлеринен
қарыз жүзеге келген.
Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем
графиги ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады.
Сол себепли, суд даўагердиң 94 669 742 сўм лизинг төлемлеринен
қарызын өндириўди сораған талабын толық қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң
келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор
нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка)ны төлеўди талап
қылыўға ҳақылы.
Дүзилген лизинг шәртнамаларының 8.3-бәнтлеринде лизинг тѳлемлери
графиклерде белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг
алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген
тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери
бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги
ушын 27 728 371 сўм пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық
суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир
кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды
ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол
қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 5 500 000 сўм пеня
өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды
лазым тапты.
Сол себепли, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 94 669 742 сўм қарызы, 5 500 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта
қәрежети, жуўапкерден республика бюджетине 2 447 962,26 сўм мәмлекетлик
бажы ѳндириўди, даўа талабының қалған бөлимин қанаатлантырмастан
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер « ALVON OVUL» фермер хожалығынан даўагер
“Ўзагролизинг” акционерлик жәмийетиниң пайдасына 94 669 742 сўм қарыз,
5 500 000 сўм пеня ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талабының қалған бөлими қанаатлантырылмастан қалдырылсын.
Жуўапкер « ALVON OVUL» фермер хожалығынан республика
бюджетине 2 447 962,26 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Р.Курбанбаев