Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2298 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 6c60dbb6-b03d-4249-b5a6-c7a7d4897bcc Claim ID PDF Hash c51f3a1f05b0fd6e... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 856 символов
4-2301-2502/2298-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 25-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 08-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер **ниң жуўапкер Елликқала районы « ** » ЖШЖнен 26 892 213 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер ** жуўапкер «**» ЖШЖнен 26 892 213 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасынан келип шыққан. ПК 631-статьясы биринши бөлимине тийкар, пудрат шәртнамасы бойынша бир тәреп (пудратшы) екинши тәреп (буйыртпашы)ның тапсырмасы бойынша мәлим бир исти орынлаў ҳәм оның нәтийжесин буйыртпашыға белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады, буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл қылып алыў ҳәм оның ушын ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Егер нызам ҳүжжетлеринде ямаса тәреплер келисиминде басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болмаса, исти орынлаў ушын пудратшы тәўекел қылады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 01июль күни 175079-санлы кесип алып ислеў шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, жуўапкер Әмиўдарья районы медицина бирлеспеси Қыстаўлы тез жәрдем бөлимине жаңа лифт орнатыў ҳәм жетик ремонтлаў ислерин орынлаў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 4-бөлимине көре, жумыслар көлеми баҳасы 1 133 518 245 сом муғдарында белгиленген. Шәртнаманың 17-бөлиминде алдын ала 30% муғдарында ҳәр айға 15% аванс төлем әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Белгиленген тәртипте аванс пулларының төленгени иске қосылған мағлыматнамада көрсетилген. Шәртнаманың 15-бөлиминде, объект қурылыс ислери мүддети 90-күн болып белгиленген. Бирақ қабыл етилген қаржылар есабынан жуўапкер тәрепинен жумыслар көлеми белгиленген мүддет ишинде орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкер тәрепинен 991 980 280 сомлық қурылыс ислери әмелге асырылған, қалған 141 537 965 сомлық қурылыс ислери орынланбаған. Шәртнаманың 66-бөлимине тийкар, орынланбаған қурылыс ислери 141 537 965 сомның 0,5% есабынан 707 689,82 сомды кешиктирилген 90-күнге көбейткен жағдайда жәми 26 892 213,16 сом пеня өндириў талабы менен даўагер судқа мүрәжат еткен. ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 333-статьясының биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 4 000 000 сом ондириўди мақул табады. Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 4 000 000 сом пеня, 41200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Даўа суммасының 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қысман қанаатландырылсын. Елликқала районы «**» ЖШЖнен **ниң пайдасына 4 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 537 844,26 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов