Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2502/1250 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fe5736eb-3814-4060-a788-1806182c7650 Claim ID PDF Hash 3068525e0b433a8d... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 14 775 символов
4-2303-2502/1250-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 25-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили М.М**** (2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер « ’****» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер « **** K**** B****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер « **** G**** H**** G****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте 69 401 899 сом лизинг төлемлеринен қарызын ҳәм 15 289 227 сом пеня ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер « ’****» АЖ (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер « **** K**** B****» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм шерик жуўапкер « **** G**** H**** G****» ЖШЖ (буннан кейин текстте шерик жуўапкер деп жүритиледи)нен солидар тәртипте 69 401 899 сом лизинг төлемлеринен қарызын ҳәм 15 289 227 сом пеня ѳндириўди сораған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында Палата ҳәм жуўапкер тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Сондай-ақ, шерик жуўапкер суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады. Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, шерик жуўапкерди суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли оған тапсырылмаған. ЭПК 128-статьясы екинши бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған 2 ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады. Сонлықтан, суд шерик жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК 170-статьясының үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бул қарыздарлық жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин, жуўапкер тәрепинен график мүддетлери бузылғанлығы себепли пеня өндириў соралғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер тәрепинен жуўапкерге: 1) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-4-637-санлы лизинг шәртнамасына муўапық « ns 4 қатарлы пневматик сеялка» маркалы 2 дана егис сеялкалары жеткерип берилген. Жеткерип берилген техникалар 2024-жыл 31-июль күнги акт пенен жуўапкер тәрепинен қабыл етип алынған. 2) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-5-638-санлы лизинг шәртнамасына муўапық «4 метрли дискли борона» маркалы 2 дана бороналар жеткерип берилген. Жеткерип берилген үскенелер 2024-жыл 30-март күнги акт пенен жуўапкер тәрепинен қабыл етип алынған. 3) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-5-639-санлы лизинг шәртнамасына муўапық « ks n 165» маркалы 1 дана от орғыш жеткерип берилген. Жеткерип берилген үскенелер 2024-жыл 30-март күнги акт пенен жуўапкер тәрепинен қабыл етип алынған. Жоқарыдағы лизинг шәртнамаларының 4.3-бәндине тийкар, ҳәр шереклик лизинг төлемлери жуўапкер тәрепинен лизинг объекти қабыл қылып алынған күннен баслап, усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги болып есапланған 1-қосымшада көрсетилген төлем графиги тийкарында дифференциал усылында 3 есапланатуғынлығы ҳәмде лизинг төлемлери усы график тийкарында ҳәр шеректиң ақырғы айының 10-сәнесине шекем төлеп берилетуғынлығы белгилеп қойылған. Сондай-ақ, даўагер, жуўапкер ҳәм шерик жуўапкер ортасында: 1) 2024-жыл 26-март күни 24/173-санлы кепиллик шәртнамасы дүзилген болып, оның 1-бәндине муўапық, кепил лизинг алыўшы ҳәм лизинг бериўши ортасында 2024-жыл 26-март күни дүзилген 24/01-4-637-санлы лизинг шәртнамасы бойынша; 2) 2024-жыл 26-март күни 24/174-санлы кепиллик шәртнамасы дүзилген болып, оның 1-бәндине муўапық, кепил лизинг алыўшы ҳәм лизинг бериўши ортасында 2024-жыл 26-март күни дүзилген 24/01-5-638-санлы лизинг шәртнамасы бойынша лизинг алыўшы тәрепинен лизинг төлеми миннетлемелериниң шәртнамада белгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарларда орынланбаған бөлегин лизинг бериўшиге төлеп бериў миннетлемелерин алған. 2024-жыл 26-март күнги 24/173-санлы кепиллик шәртнамасының 3-бәндинде кепил лизинг алыўшының лизинг төлемлери ҳәм пенядан жүзеге келген қарыздарлық суммасы 340 000 000 сўмды, сондай-ақ, 2024-жыл 26-март күни 24/174-санлы кепиллик шәртнамасы бойынша 399 800 000 сомды даўагерге төлеп беретуғынлығы көрсетилген. Соның менен бирге, кепиллик шәртнамаларының 4.1.2-бәндине муўапық кепил лизинг бериўши алдында лизинг алыўшы усы шәртнамада белгиленген суммадағы миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын лизинг алыўшы менен солидар жуўапкер болып есапланады. Ал, 2024-жыл 26-март күнги 24/01-5-639-санлы лизинг шәртнамасы бойынша кепиллик шәртнамасы дүзилмеген болып, шерик жуўапкер бул бойынша солидар жуўапкершиликти өз мойнына алмаған. ПКниң 293-статьясына муўапық қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен тең кѳлемде жуўап береди, соннан пайызлар тѳлейди, қарызды ѳндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор кѳрген басқа зыянларды тѳлейди. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргелесип кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине лизинг төлемлеринен: 1) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-4-637-санлы лизинг шәртнамасы бойынша 36 342 774 сом; 4 2) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-5-638-санлы лизинг шәртнамасы бойынша 30 468 046 сом; 3) 2024-жыл 26-март күнги 24/01-5-639-санлы лизинг шәртнамасы бойынша 2 591 079 сом, жәми 69 401 899 сом қарызы пайда болған. Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў актлери, тѳлем графиклери ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады. Сол себепли, суд даўагердиң тийкарғы қарызды өндириўди сораған талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкер ҳәм шерик жуўапкерден солидар тәртипте даўагер пайдасына 66 810 820 сом, сондай-ақ, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 591 079 сом ѳндириўди ҳәм усы бөлеги бойынша шерик жуўапкерди солидар жуўапкершиликтен азат етиўди лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагер тәрепинен соралған пеняны тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. Себеби лизинг шәртнамаларының 8.3-бәндинде лизинг тѳлемлери графикте белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги ушын 15 289 227 муғдарында пеня есапланған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги ҳаққында түсиник берилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеняны 4 600 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин 5 қанаатландырыўсыз қалдырыўды, усы пеняның 4 400 000 сомын жуўапкер ҳәм шерик жуўапкерден даўагердиң пайдасына солидар тәртипте өндриўди, 620 159 сомлық пеняны солидар төлеўден шерик жуўапкерди азат етиўди ҳәм 200 000 сомын жуўапкерден даўагердиң пайдасына өндириўди лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 22-октябрь күни автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252950426438-инвойс рақамлы квитанция менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 693 822,52 сом мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына жуўапкер ҳәм шерик жуўапкерден солидар тәртипте 41 200 сом почта қәрежетин ҳәмде жуўапкерден Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: 6 Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер « **** K**** B****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер « **** G**** H**** G****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте даўагер « ’****» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 66 810 820 сом лизинг төлемлеринен қарызы, 4 400 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер « **** K**** B****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер « ’****» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 2 591 079 сом лизинг төлемлеринен қарызы ҳәм 200 000 сом пеня өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер « **** K**** B****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 693 822,52 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Жуўапкер « **** K**** B****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов