Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2300 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 50664612-27cd-4116-b9d7-34af7aa8b892 Claim ID PDF Hash c7cf4ec8207800bc... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 346 символов
4-2301-2502/2300-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 25-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер тәрептен адвокат ** (2025-жыл 25-ноябрь күнги 136-санлы ордер тийкарында) қатнасыўында, даўагер Хорезм ўәлаяты «**» ЖШЖниң жуўапкер Хожели районы «**» ЖШЖнен 250 000 000 сом қарыз, 48 000 000 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қарежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «**» ЖШЖти экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер «**» ЖШЖнен 250 000 000 сом қарыз, 48 000 000 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қарежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер адвокаты даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлимине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер тәреп адвокатының түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўа талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ун өнимин жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған 1 уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 30-июль күни 69-санлы есап шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық, даўагер-буйыртпашыға жуўапкер-орынлаўшы 200-тонна муғдарында жәми 800 000 000 сомлық 1-сортлы ун өнимин жеткизип бериў, ал даўагер оның ҳақысын төлеў миннетлемелерин алган. Шәртнаманың 4.1-бәнтинде алдын ала товардың 100% муғдарындағы төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Бирақ иске қосылған банк ҳүжжетинде 2025-жыл 19-август күни тек 500 000 000 сомды даўагердиң алдын ала төленгени тастыйықланады. ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Иске қосылған электрон есапбет-фактурада жәми 250 000 000 сомлық ун өнимин даўагердиң қабыллағаны тастыйықланады. Қалған 250 000 000 сомлық ун өниминиң жеткизилгени бойынша рәсмий ҳүжжетлер ис материалларына қосылмаған. Бул жағдайда қалған ун өними жеткизилмеген деп бахалаўға тийкарлар бар. Себеби қарызды төлеў яки ун өнимин жеткизип бериў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы жиберилген болсада, тийисли жуўмақ шығарылмаған. Шәртнаманыӊ 6.3-бәнтине муўапық төлемлер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлемниң 0,1% муғдарында, бирақ кешиктирилген төлемниң 10% аспаған ҳалда пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Сонлықтан даўагер жуўапкерден жәми 48 000 000 сом пеня өндириў талабын қойған. ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 10 000 000 сом ондириўди мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 250 000 000 сом қарыз, 10 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. 2 ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Даўагер тәрепинен алдын ала 3 000 000 сом төленген. Бирақ даўа суммасы есабынан әмелдеги нызамшылықта белгиленген жеңиллик тийкарында 2 980 000 сом төлениўи лазым. Бул жағдайда суд жуўапкерден даўагер пайдасына 2 980 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди мақул таўып, зыят төленген 20 000 сомды мәмлекет бюджетинен қайтарады. Сондай-ақ, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын. Хожели районы «**» ЖШЖнен Хорезм ўәлаяты «**» ЖШЖниң пайдасына 250 000 000 сом қарыз, 10 000 000 сом пеня, 2 980 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «**» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. «**» ЖШЖне мәмлекет бюжетинен 20 000 сом мәмлекетлик бажы қайтарылсын. Белгиленген тәртиптеги мағлыўматнама берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 3