Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2264 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0a1e1b50-1aeb-46a8-87b3-3531856afb01 Claim ID PDF Hash 6a98af0e4b922f25... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2264-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 25-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 01-10/4330-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши **ниң жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖне 18 750 000 сом жәрийма қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: **ниң (кейинги орынларда арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, “**” ЖШЖне (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) 18 750 000 сом жәрийма қоллаўды ҳәм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талаплары тийкарлы екенин, себеби жуўапкер нызамшылық талапларына әмел қылмағаны ис материалларына қосылған ҳүжжетлери менен тастыйықланатуғынын билдирип, арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерин үйренип шығып, арза талапларын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлеррге қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2025-жыл 26-март күнги билдиргисинде, өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде Нөкис қаласы аймағында жайласқан саўда объектлеринде Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”ғы Нызам талапларына әмел қылынбаған жағдайлары анықланған. Бул жағдай бойынша арза бериўшиниң 2025-жыл 24-июль күнги 251-хссанлы буйрығы қабыл етилген. Буйрық тийкарында арза бериўши хызметкери жуўапкер шахс ўәкили қатнасында 2025-жыл 31-июль күни тексериў өткерген. Бирақ дүзилген актке жуўапкер шахс ўәкили қол қоймаған. 1 Акт мазмунында анықланыўынша, Нөкис қаласы аймағында жайласқан истеги жуўапкерге тийисли “B l nt R stur nt” улыўма майданы бир квадрат метрдан көп болған жазыў ҳәм эмблемасы орнатылғаны ушын реклама паспорты ҳәм ҳүжжетлери жоқ екени анықланған. Сонлықтан арза бериўши тәрепинен жуўапкерге қарата әмелдеги нызамшылық талаплары бузылғанлығы белгилери бойынша ис қозғатылған. Ис материалларына қосылған арза бериўшиниң 2025-жыл 18-август күнги 2-23-2025/90-санлы қарарында жуўапкер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-февраль күнги “Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында”ғы 104-санлы қарары менен тастыйықланған 1қосымшасы болған “Сырткы реклама объектлерин (конструкцияларын) қурыў тәртиби туўрысында”ғы Режениң 13-бәнти талабы бузылғанлығы анықланғаны себепли Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 47статьясы биринши бөлими 4-хат басына тийкарланып 18 750 000 сом финанс жәриймасын қолланыў бойынша судқа даўа арза киритиў белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-февраль күнги “Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында”ғы 104-санлы қарары менен тастыйықланған 1-қосымшасы болған “Сырткы реклама объектлерин (конструкцияларын) қурыў тәртиби туўрысында”ғы Режениң 13-бәнтине тийкар, сыртқы реклама объектлерин (конструкцияларын) орнатыў төмендеги жағдайларда әмелге асырылады: реклама орнының паспорты, техникалық қәўипсизлик талапларына муўапық орнатылғанлығы ҳаққында тийисли лицензияға ийе болған ўәкилликли шөлкемниң ағымдағы жылдағы жуўмағы бар болғанда. Транспорт қуралларының ҳәрекетлениў зонасында жумыс алып барыўда, реклама конструкциясының ийеси реклама конструкциясын орнатыў ямаса демонтажлаўда жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўи керек. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 31-август күнги “Сыртқы реклама ҳәм социаллық мәлимлемелердиң айланыў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўды еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 428-санлы қарарының 10-бәнти 4-хат басына тийкар, юридикалық яки физикалық шахс тәрепинен басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәмде жәмийетшиликтиң итибарын тартыў мақсетинде жайластырылған, реклама көринисине ийе болмаған, улыўма майданы бир квадрат метрден көп болған дағазалар сыртқы ҳәм мәлимлеме объектлери (конструкциялары) ретинде тән алынады ҳәмде олар ушын белгиленген тәртипте реклама орнының паспорты рәсмийлестириледи. Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 25-статьясы алтыншы бөлимине тийкар, реклама орнының паспорты болмаған жер участкаларына, имаратларға орнатылған сырткы реклама ҳәм мәлимлеме объектлери (конструкциялары) ўәкилликли мәмлекетлик органының қарарына муўапық демонтаж етилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 47-статьясы биринши бөлими төртинши хатбасына көре, энергитикалық ишимликлер, алкоголли ишимликлер, темеки өнимлерин ҳәмде никотинди пайдаланыў 2 қурылмалары, пиротехника қураллары, қурал ҳәм оның өк-дәрилери, әскерий мақсеттеги өнимлер рекламасына байланыслы талапларды бузыў, сондай-ақ, сыртқы реклама ҳәм мәлимлемелерди жайластырыў тәртибин бузыў - базалық есаплаў муғдарының елиў есесинде жәрийма салыўға себеп болады. Усы Нызамның 47-статьясы екинши бөлимине көре, рекламаға байланыслы искерлик субектлери болған юридикалық тәреплер реклама ҳаққындағы нызамшылық тараўында анықланған ҳуқықбузарлықларда айыбын тән алған жағдайда финанслық санкцияларды қолланыў ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады, келиспеўшилик бар болған жағдайда болса финанслық санкцияларды қолланыў ҳаққындағы мәселе суд тәртибинде шешиледи. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда арза талаплары тийкарлы табылып, жәрийманы қоллаў ҳәм оны өндириў лазым. Солай етип, суд арза талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерге 18 750 000 сом жәрийма қоллаўды, оны арза бериўши пайдасына өндириўди мақул табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Суд исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден мәмлекет бюджетине базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги 412 000 сом мәмлекетлик бажыны ҳәм оннан арза бериўши пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Арза бериўшиниң талаплары қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “**” ЖШЖне 18 750 000 сом жәрийма қолланылсын. Қолланылған жәрийма ҳәм 41 200 сом почта қәрежети **ниң пайдасына өндирилсин. “**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов 3