← Назад
Решение #2842276 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
9 667 символов
4-2303-2502/1252-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 25-ноябрь
Қоңырат
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили М.М*** (2024-жыл 22-ноябрь күнги
11-06/58-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат
Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер « ’***»
акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «G***»
фермер хожалығынан 29 964 337 сом лизинг төлемлеринен қарызын ҳәм 4 014
490 сом пеня ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти судтың имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер « ’***»
АЖ (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «G***» ФХ
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 29 964 337 сом лизинг
төлемлеринен
қарызын
ҳәм
4 014 490 сом пеня ѳндириўди сораған.
Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында Палата ҳәм
жуўапкер тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд
мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси
(буннан
кейин
текстте
ЭПК
деп
жүритиледи)ниң
128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз
көрип шығыўды лазым тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға
қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бул
қарыздарлық жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин,
жуўапкер тәрепинен график мүддетлери бузылғанлығы себепли пеня өндириў
соралғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап ҳәмде истеги
ҳүжжетлерге
ҳуқықый
баҳа
берип,
даўа
арзаны
қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
2
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамасынан келип
шыққан.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин
алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг
төлемлерин төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер тәрепинен жуўапкерге
2023-жыл 16-октябрь күнги 23/01-4-199-санлы лизинг шәртнамасына муўапық
«B L RUS 1025,2» маркалы 1 дана трактор жеткерип берилген.
Жеткерип берилген техника акт пенен жуўапкер тәрепинен қабыл етип
алынған.
Жоқарыдағы лизинг шәртнамасының 4.3-бәндине тийкар, ҳәр шереклик
лизинг төлемлери жуўапкер тәрепинен лизинг объекти қабыл қылып алынған
күннен баслап, усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги болып есапланған
1-қосымшада көрсетилген төлем графиги тийкарында дифференциал усылында
есапланатуғынлығы ҳәмде лизинг төлемлери усы график тийкарында ҳәр
шеректиң ақырғы айының 10-сәнесине шекем төлеп берилетуғынлығы белгилеп
қойылған.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
керек.
Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы
ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине лизинг төлемлеринен 29 964 337 сом
қарызы пайда болған.
Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў актлери, тѳлем
графиклери ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады.
Сол себепли, суд даўагердиң тийкарғы қарызды өндириўди сораған
талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына
29 964 337 сом ѳндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, суд даўагер тәрепинен соралған пеняны тийкарлы ҳәм дурыс
есап-китап қылынған деп есаплайды.
Себеби лизинг шәртнамаларының 8.3-бәндинде лизинг тѳлемлери
графикте белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг
алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген
тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем
суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы
кѳрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери
бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги ушын
4 014 490 сом муғдарында пеня есапланған.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
3
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде
орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық
нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы
қарарының 4-бәндинде ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен
миннетлемелердиң
орынлаў
дәрежесин,
миннетлемеде
қатнасыўшы
тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып,
неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги ҳаққында түсиник берилген.
ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса,
суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына
ийе.
Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў
дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына
кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып,
тийкарлы пеняны 1 200 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы
талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген
ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд
қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым
болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының
2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа
баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының
1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы
қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы
муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы
қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы
муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен
байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
4
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 22-октябрь күни
автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252953345408-инвойс рақамлы квитанция
менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 679 576,54 сом
мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ҳәмде
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом
суд қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «G***» фермер хожалығынан даўагер « ’***» акционерлик
жәмийетиниң пайдасына 29 964 337 сом лизинг төлемлеринен қарызы, 1 200 000
сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «G***» фермер хожалығынан республика бюджетине
679 576,54 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Жуўапкер «G***» фермер хожалығынан Ѳзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси
видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд
қәрежети ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов