← Назад
Решение #2842286 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
13 296 символов
****-санлы экономикалық ис
Биринши инстанция судында исти
көрген судья – ****
Апелляция
инстанциясында
баянатшы судья – ****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
25-ноябрь ****5-жыл
**** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў
коллегиясы ****ң басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм **** ибарат
қурамда, судья аға жәрдемшиси****ң хаткерлигинде,**** Республикасы
прокуратурасы бөлим баслығы****, даўагер жәмийет баслығы****, даўагер
ўәкили-адвокат **** (****-жыл 20-ноябрь күнги ****-санлыордер
тийкарында), даўагер ўәкили **** (исеним хат тийкарында),жуўапкер
ўәкили****(исеним хат тийкарында), **** районы ҳәкимлиги ўәкили ****
(исеним хат тийкарында), **** Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги ўәкили **** (исеним хат тийкарында), гүўа ****лардың
қатнасыўында, даўагер «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң
жуўапкер
****
районы
Абаданластырыў
басқармасынан
**** **** сўм тийкарғы қарыз ҳәм ****,**** пеня өндириў **** даўа арзасы
бойынша қабыл етилген **** районлар аралық экономикалық судының ****жыл 19-сентябрь күнги шешиўши қарарына даўагер «****» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң наразы болып берген апелляциялық шағымы
тийкарында исти суд имаратында, видеоконференция байланыс режиминде,
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
«****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда –
даўагер деп жүргизиледи) экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат
етип, **** районы Абаданластырыў басқармасынан (кейинги орынларда –
жуўапкер деп жүргизиледи) **** **** сўм тийкарғы қарыз ҳәм ****,**** пеня
өндириўди сораған.
**** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 07-июль күнги
уйғарыўы менен **** Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги,
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы
Ғазнашылық хызмети комитети **** Республикасы Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын
үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Биринши инстанция судының ****-жыл 19-сентябрь шешиўши қарары
менен даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Даўагер шешиўши қарарына наразы болып апелляциялық шағымын
бергенҳәм шағымдатәреплер ортасында ****-жылдың 30-ноябрь күни
2
10 алды-сатты шәртнамасы дүзилгенлигин, усы шәртнамалар бойынша
улыўма муғдары **** **** сомлық товарлар жеткерилип берилгенлигин,
шәртнамаларда белгиленген миннетлемелер тийкарында жәми **** ****,80
сомлық товарлар жеткерилип берилген болып, олар жуўапкердиң
хызметкерлери тәрепинен далалатнамалар тийкарында қабыл етилгенлигин,
жуўапкердиң шәртнама тийкарындағы улыўма қарызының бир бөлеги
**** **** сом муғдарындағы қарызы төленбестен қалғанлығын, усы қарыз
ҳәм қарыздарлықты төлеў кешиктирилгенлиги ушын **** сом пеня өндириў
соралғанлығын, жуўапкер менен дүзилген 10 шәртнама ғазнашылық
бөлиминен дизимнен өткенлиги, әйне усы шәртнамалар тийкарында товарлар
жеткерилип берилгенлигин билдирип, шешиўши қарарын бийкар етип,даўаны
толық қанаатландырыў ****қарарқабыл етиўди сораған.
Даўагер ўәкилисуд мәжилисинде апелляциялық шағымын қоллапқуўатлап,
биринши
инстанция
судында
жуўапкер
тәрепинен
**** **** сомлық затты қабыл етип алғаны тән алынғанлығы, **** **** сом
пуллық товар тапсырылғанлығын, ****, жуўапкер тәрепинен **** **** сом
пул өткерип берилгенлигин, ис ҳүжжетлеринде товарлар қабыл етилип
алынғанлығы актлерде бар екенлигин, усы актлер ҳуқық қорғаў уйымлары
тәрепинен бирим-бирим ҳәзир усы товарларды алғанлығы **** исте
турғанлығын, жуўапкер шахслардың түсиник хатларыда бар екенлигин,
қарыздарлықты жуўапкердиң сол **** баслықлары тән алып турғанлығын
билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип,даўа
арзасын толық қанаатландырыў **** жаңа қарар қабыл етиўди.
Даўагер ўәкили-адвокат суд мәжилисинде апелляциялық шағымды
қоллап-қуўатлайтуғынлығын, жуўапкер **** **** сомлық товар алғанлығын,
халыққа тарқатып бергенлигин, усы **** **** сомлық товарларды **** қабыл
етип алғанлығын, оның даўагер ҳәм жуўапкердиң ортасында әмелге
асырылған алыс-берис ҳәрекетлерин дәлиллеп бериўши шахс болып
есапланыўын, халық товар менен тәмийинленгенлигин, исбилермен товардың
салықларын төлегенлигин, даўа талабы есап-фактуралар менен дәлилленип
турғанлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын
бийкар етип, жаңа шешим қабыл етиўди сорады.
Ис бойынша гүўа сыпатында қатнастырылған пуқара **** суд
мәжилисинде ****-жыл **** районы Абаданластырыў басқармасында жумыс
ислегенлигин, ****халыққа товар жеткерип берилгенлигин, ****-жылдың
декабрь айында ревизия келгенде акт жазып бергенлигин, «****»
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен шәртнамадағы товардан тысқары
алғанлығын, сол жердиң өзинде складтан халыққа тарқатқанлығын, бул
бойынша жүк хатларырәсмийлестирилгенлигин, адамларға накладной жазып
бергенлигин билдирди.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
апелляциялық
шағымын
3
Үшинши шахс **** районы ҳәкимлиги ўәкили апелляциялық шағымын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахс **** Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги
ўәкили нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисинде биринши инстанция судының шешиўши
қарарын
өзгериссиз,
апелляциялық
шағымын
қанаатландырыўсыз
қалдырыўды сорады.
Үшинши шахс Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети **** Республикасы
Ғазнашылық хызмети басқармасыўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(кейинги орынларда-ЭПК деп жүргизиледи)ниң ****-статьясының төртинши
бөлимине муўапық, апелляция инстанция судының суд мәжилисине суд
додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған
апелляциялық арзаны (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа
шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық
қылмайды.Сонлықтан, судлаў коллегиясы истиүшинши шахсўәкилиниң
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниӊ түсиндирмелерин,
баянатшы судьяның баянатын тыңлап, апелляциялық шағымда
билдирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен бирге үйренип шығып,
төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының шешиўши
қарарын өзгериссиз, апелляциялықшағымды қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Даўагер даўа арзасында жуўапкер менен даўагер ортасында
****-жылдың 30-ноябрь күни ****-санлы шәртнама дүзилгенлигин, усы
шәртнамаға тийкар даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми**** ****
сомлықтоварлар жеткерилип берилгенлигин, жуўапкер тәрепинен товарлар
далалатнама ҳәм транспорт жүк хаты (накладной)лары тийкарында қабыл
етип алынғанлығы, сондай-****, есап-фактуралар “did .uz”, “r uming.uz”
системалары арқалы қабыл етилип алынғанлығын, шәртнаманың
4.1.2-бәнтине тийкар сатыўшы тәрепинен есап-фактура усынылған күннен
баслап қарыйдар 20 **** күни ишинде төлеўди әмелге асырыўминнетлемесин
алғанлығын, **** жуўапкер тәрепинен белгиленген мүддетлерде төлем әмелге
асырылмағанлығын билдирип, **** **** сом қарыздарлық ҳәм шәртнаманың
5.3-бәнтине тийкар қарыздарлықты төлеў **** күнгекешиктирилгенлиги
ушын ****,6 сом пеня өндириў соралған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда - ПК
деп жүргизиледи)ниң****-статьясының биринши бөлимине тийкар, алдысатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәрепке
(сатып алыўшыға) мүлк етип тапсырыў миннетлемесин, ал сатып алыўшы
болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын
(баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.
4
Сондай-****, даўагер жуўапкер менен ағаш обрешоткалар (доска
обрезная) ҳәм темир ясси прокат (профнастил) өнимлерин жеткерип бериў
**** шәртнама электрон түринде рәсмийлестирилип жуўапкерге тастыйықлаў
ушын
жиберилгенлигин,
****,
шәртнама
жуўапкер
тәрепинен
тастыйықланбаған.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер тәреплер
ортасында шәртнаманың барлық әҳмийетли шәртлери бойынша усындай
жағдайларда талап етилетуғын формада келисимге ерисилген болса, шәртнама
дүзилген есапланады.
****, даўагер ҳәмде жуўапкер ортасында шәртнама дүзилгенлиги истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланбайды.
Буннан тысқары,жуўапкер бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме
болғанлықтан хожалық искерлигин жүргизиў даўамында әмелге
асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлары Өзбекстан Республикасының
«Мәмлекетлик сатып алыўлары ****»ғы Нызам (кейингиорынларда -Нызам
деп жүргизиледи)да белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы лазым.
Усы Нызамның 30-статьясының биринши бөлимине муўапық, сатып
алыў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў түрлери: электрон дүкән; аз қунлы
сатып алыўдың әпиўайыластырылған тәртиби; басланғыш баҳаны төменлетиў
ушын өткерилетуғын аукцион; ең **** усынысларды таңлаў; тендер; еки
басқышлы мәмлекетлик сатып алыўлар; тиккелей шәртнамалар бойынша
әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлар; Өзбекстан Республикасы
Президентиниң пәрманлары ҳәм қарарлары, Өзбекстан ****ң қарарлары
менен рухсат етилген сатып алыўлардың басқа да бәсекили түрлеринен
ибарат.
Нызамның 71-статьясында туўрыдан-туўры шәртнамалар дүзиў мүмкин
болған мәмлекетлик сатып алыўларының дизими көрсетилген болып, ағаш
обрешоткалар (доска обрезная) ҳәм темир ясси прокат (профнастил) сатып
алыў бул дизимге киргизилмеген.
Даўагер
тәрепиненжуўапкерге**** ****
сомлықжеткерип
берилиўибойынша дүзилген шәртнама ҳәм**** **** сомлық жеткерип
берилгенлиги бойынша рәсмийлестирилгенесап-фактуралар жуўапкер
тәрепинен электронтәртиптетастыйықланбаған.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги
жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети **** Республикасы Ғазнашылық
хызмети басқармасының судқа усынған ****-жыл 5-сентябрькүнги хатында
даўагер
ҳәм
жуўапкер
орталарында
дүзилген
****-жыл
30-ноябрдеги ****-санлы шәртнама дизимнен өтпегенлиги мәлим етилген.
Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси ****-статьясының бириншиүшинши бөлимлерине тийкар, юридикалық миннетлемелер экономикалық
классификация кодлары бойынша бюджеттен **** қаржылар шеңберинде
бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшылар тәрепинен қабыл
етиледи ҳәмде ғазнашылық бөлимлери тәрепинен дизимнен өткериледи.
5
Бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары есабынан
орынланыўы керек болған юридикалық миннетлемелер ғазнашылық
бөлимлери тәрепинен есапқа алынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының
бюджеттен **** қаржылар бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди)
жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-**** оларға
киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде
дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди.
****, тәреплер ортасында тийисли тәртиптешәртнамадүзилмеген ҳәмде
белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген.
Сонлықтан,судлаў коллегиясыбиринши инстанция судыбул жағдайда
даўа арзасын қанаатландырыўсыз қалдырыў**** дурыс шешимге келгендеп
есаплайды.
Соның менен бирге, судлаў коллегиясы дауагер ўәкилиниң****-жыл
20-ноябрь күнгисуд мәжилисиндегидаўа предметин қарыз өндириў деп
өзгертиў бойынша илтимаснама киргизгенлигин ҳәм суд илтимаснаманы
қанаатландырғанлығы**** ўәжи менен келисип болмайды деп есаплайды.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының****-жыл 24-май
күнгиБиринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам
нормальарын қолланыўдың айырым мәселелери ****”ғы 13-сан қарарының
13-бәнти алтыншы хатбасысында даўа предметин ямаса тийкарын өзгертиў
****, даўа талапларының муғдарын көбейтиў ямаса азайтыў **** ямаса
даўдан ўаз кешиў **** арза судқа жазба түрде берилиўи кереклиги ****
түсиник берилген.
****, ис ҳүжжетлеринде даўагер тәрепинендаўа предметин ямаса
тийкарын өзгертиў ****жазба рәўиште арзаберилгенлиги, биринши инстанция
суды тәрепинен даўагердиң бул ****арзасыис жүргизиўге қабыл
етилгенлиги****қында мағлыўмат жоқ.
ЭПК****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
ЭПКниң ****-статьясы 1-бǝнтине муўапық, апелляция инстанциясы
суды апелляциялықшағымды(протестти) көриў нәтийжелери бойынша
шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
Баян етилгенлерден келип шығып, апелляциялық судлаў коллегиясы
биринши
инстанция
судының
шешиўши
қарарын
өзгериссиз,
апелляциялықшағымдықанаатландырыўсыз
қалдырыўды,
даўагерден
республика
бюджетине****,45сом
мәмлекетлик
****,
Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине истиң видеоконференция байланыс
режиминде көрилиўи менен байланыслы **** сом суд қәрежетин
өндириўди,даўагер тәрепиненалдыннан төленген****сом почта қәрежетин
оның мойнында қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
6
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң****,****,****-статьяларын
қолланып, апелляция инстанция суды
ҚАРАРЕТТИ:
**** районлар аралық экономикалық судының ****5-жыл
19-сентябрь күнги шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылсын.
Апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен:
-республика бюджетине****,45сом мәмлекетлик ****;
- Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сом суд
қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хатларберилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен**** судының экономикалық
ислери бойынша судлаў коллегиясынаревизиятәртибинде шағым етиўге
(протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
ағзалары:
****
****