Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2283 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a957f056-608a-421f-ac08-24ad57d7c42b Claim ID PDF Hash f31ced2764ffbd3c... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2283-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 25-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 25-ноябрь күнги 01-04/4743-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 25ноябрь күнги 879-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 13-ноябрь күнги НЕ/04-09/160-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ** даўагер “**” АЖниң мәпин қорғап, жуўапкер **нен 34 751 434 сом қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ** даўагер “**” АЖниң мәпинде жуўапкер **нен 34 751 434 сом қарыз өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 11-ноябрь күнги уйгарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы екенин билдирип, талап сумманы өндириўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде қарызын тән алатуғынын ҳәмде даўаның талабын үнамлы шешиў ис-илажлары көрилип атырғанын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлигиниң ўәкили суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Үшинши шахс Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасының ўәкили суд мәжилисне келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 16-январь күни II-группа тутыныўшыларға ишимлик ҳәм ақаба суўды хызметлерин көрсетиў бойынша 101884-санлы шэртнама дузилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине көре, тутыныўшы-жуўапкер орнатылған мүддетлер ишинде тәмийинатшы-даўагерге көрсетилген ишимлик суў тәмийинаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын бюджет қаржылары есабынан жәми 61 870 419 сом төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 1.4-бәнтинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июль күнги 194-санлы “Коммунал хызметлер көрсетиў қағыйдаларын тастыйықлаў хаққында”ғы қарар талапларына жуўапкердиң әмел қылыўы шәрт екенлиги белгиленген. Сондай-ақ, ишимлик суў ушын 1м3 ушын 6 383 сомнан ҳәм ақаба суў хызмети ушын 1м3 ушын 3 136 сомнан төлеўи нәзерде тутылған. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122-статьясы биринши, үшинши бөлимлерине көре, юридикалық миннетлемелер экономикалық классификация кодлары бойынша бюджеттен ажратылатуғын қәрежетлер муғдарында бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қәрежетлери алыўшылар тәрепинен қабыл қылынады ҳәмде ғазнашылық бөлимлеринде дизимге алынады. Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қәрежетлери алыўшыларының бюджеттен ажратылатуғын қәрежетлери бойынша товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткизип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ, оларға киритилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимге өткизилгенинен кейин күшине киреди. Шәртнаманың нызамда белгиленген тәртипте Ғазнашылықтан дизимге алынғаны иске қосылған ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Шәртнамаға көре, жуўапкердиң даўагерге төлемлери пайда болған. Сонлыктан прокуратура даўагер мәпинде жуўапкерден қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судқа берген. ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. Иске қосылған салыстырыў актинде жуўапкердиң 34 751 434,90 сом қарызы көрсетилген. Бул қарыз өз ўақтында сөндирилмегени ушын оны өндириў талабы тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 30-октябрь күнги 43-санлы талапнамасы бойынша жуўапкер тийисли жуўмақ шығармаған. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 34 751 434 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% есабынан 695 028,68 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. **нен “**” АЖниң пайдасына 34 751 434 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. **нен мәмлекет бюджетине 695 028,68 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов