Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2501/1255 Дата решения 25.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 58517690-5630-40b4-8c0f-0eaea4346e7b Claim ID PDF Hash d648440112659f9d... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1255-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 25-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили адвокат У.Т*** (2025-жыл 8-май күнги 3санлы ордер) ҳәм жуўапкер ўәкили жәмийет баслығы К.К***лардың қатнасында, даўагер « *** G***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер «G*** *** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 75 000 000 сом тийкарғы қарызын, 7 500 000 сом пеня ҳәм 9 000 000 сом адвокатлық хызмети ушын төлемди ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер « *** G***» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «G*** *** N***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 75 000 000 сом тийкарғы қарызын, 7 500 000 сом пеня ҳәм 9 000 000 сом адвокатлық хызмети ушын төлемди ѳндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, ол истеги ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын, бирақ қарыздарлық жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге дейин төленбегенлигин, егер жуўапкер кепиллик хатын берсе, қарызын төлеўге мүддет берип, қарасатуғынлығы билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, Қанлыкөл районы, Наўрыз АПЖ аймағынан кредит есабына 5 этажлы жай қурғанлығын, бирақ квартиралары сатылмай атырғанлығын, қарызларын 2026-жылдың январь айы ақырларына дейин төлеп беретуғынлығын, бул ҳаққында даўагерге кепиллик хаты бериўге де разы екенлигин, жәмийетиниң экономикалық жағдайы төмен екенлигин билдирип, қарызларын төлеў ушын мүддет бериўди сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. 2 Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў жумыслары бойынша кесип алып ислеў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 686-статьясына тийкар жойбарлаў ҳәм излеў жумыслары кесип алып ислеў шәртнамасы бойынша кесип алып ислеўши (жойбарлаўшы, излеўши) буйыртпашының тапсырмасы бойынша белгиленген мүддетте жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм (яки) излеў жумысларын орынлаў миннетлемесин, буйыртпашы болса оны қабыллап алыў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2023-жыл 21-сентябрь күни жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў жумыслары бойынша 40-23-санлы кесип алып ислеў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық буйыртпашы көрсетпе бериў ҳәм орынлаўшы Қанлыкөл районы, Наўрыз АПЖ аймағындағы 5 қабатлы жайдың қурылыс ислери ушын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў миннетлемелерин алған. Шәртнаманың 3.1-бәнди бойынша шәртнаманың баҳасы ҚҚС менен 75 000 000 сомды қурайды. Даўагер тәрепинен шәртнама бойынша алынған миннетлемелер толығы менен орынланған. Истиң бул жағдайлары есапбети-фактурасы, исленген жумыслардың акти ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Шәртнаманың 3.2-бәндине муўапық буйыртпашы шәртнама имзаланған күннен баслап 15 банк күнинен кешикпестен сметалық жумыслар баҳасының 50 пайызын, яғный 37 500 000 сомды орынлаўшыға өткерип бериўи, 3.4-бәндине муўапық соңғы есап-китап жумыслар тапсырылып, қабыл етилгеннен кейин әмелге асырылыўы лазым болған. Жуўапкер тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери қабыл етип алынған болса да, оның ҳақысы бүгинги күнге дейин тѳлеп берилмеген. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сол себепли суд даўа талапларының бул бѳлегин тийкарлы деп есаплап, оны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 75 000 000 сом тийкарғы қарызын ѳндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден 7 500 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы талабын да тийкарлы деп есаплайды. Себеби Ѳзбекстан Республикасы «Хожалық жүритиўши субъектлердиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясында жеткерип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳақысын ѳз ўақтында тѳлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпашы) жеткерип бериўшиге кешиктирилген ҳәр бир күн ушын тѳленбеген сумманың 0,4 пайызы муғдарында, лекин 50 пайызынан артық болмаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. 3 ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеняны 1 500 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Соның менен бирге, даўагер жуўапкерден адвокатлық хызмети ушын төленген 9 000 000 сомды өндириўди сораған. ПК 14-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, егер нызам яки шәртнамада зыянды кемирек муғдарда төлеў нәзерде тутылмаған болса, ҳуқықы бузылған шахс өзине жеткерилген зыянның толық қапланыўын талап етиўи мүмкин. Зыян дегенде, ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы керек болған қәрежетлери, оның мал-мүлкиниң жоғалыўы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық қарым-қатнас шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ ала алмаған дәраматлары (бай берилген пайда) түсиниледи. Анықланыўынша, даўагер өзиниң бузылған ҳуқықларын қорғаў мақсетинде 2025-жыл 2-май күни «U***- ***» адвокатлық бюросы менен 3санлы юридикалық хызмет көрсетиў шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 3.3-бәндине муўапық, адвокатлық хызметиниң баҳасы 9 000 000 сомды қурайды. 4 Соған тийкар даўагер тәрепинен «U***- ***» адвокатлық бюросына 2025-жыл 15-август күнги төлем тапсырықнамасы менен 500 000 сом, 9сентябрь күнги төлем тапсырықнамасы менен 3 000 000 сом, 15-сентябрь күнги төлем тапсырықнамасы менен 2 500 000 сом ҳәмде 16-октябрь күнги төлем тапсырықнамасы менен 3 000 000 сом төлеп берилген. Сол себепли, суд даўа талапларының бул бөлегин де толық қанаатландырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 830 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд 5 ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «G*** *** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер « *** G***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 75 000 000 сом тийкарғы қарызы, 1 500 000 сом пеня, 9 000 000 сом адвокатлық хызмети ушын төлем ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «G*** *** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 830 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов