← Назад
Решение #2842631 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Х.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАРЫ
Шымбай районы
2025 жыл 25 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери
ХХХХХ (2025 жыл 15 октябрь күнги 03-19/546-санлы исеним хат
тийкарында), ХХХХХ (2025 жыл 15 октябрь күнги 03-19/547-санлы исеним
хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 22 сентябрь күнги 27снлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат
палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер акционерлик
коммерциялық "ХХХХХ" мәпин қорғап, банкрот деп табылған “ХХХХХ”
жуӯапершилиги шекленген жәмийетиниң банк алдында 1 503 044 167 сом
кредит қарыздарлығын жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығының гиреўдеги
мал-мүлкине қаратып өндирип бериўди сораған даўа арзасы бойынша исти
Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд
мәжлисинде
видеоконференцбайланыс
режиминде
көрип
шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы
(буннан
кейин
текстте
Палата
деп
жүритиледи)
даўагер акционерлик коммерциялық "ХХХХХ"
(буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер банкрот деп табылған
“ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийетиниң 1 503 044 167 сом кредит
қарыздарлығын жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан кейин
текстте жуўапкер деп жүритиледи)ның гиреўдеги мал-мүлкине қаратып
өндирип бериўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиныӊ
(буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)157-статьясында даўагер исти
биринши инстанция судында көриў ўакытында ҳал қылыў қарары қабыл
етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары
муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўәз кешиўге ҳақылы
делинген.
Даўагер судқа 2025 жыл 25 ноябрь күни 03-02/57-санлы қосымша арза
усынып, арзасында даўа арзаның предметин өзгертип, кредит қарыздарлығын
өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды ҳәм басланғыш сатылыў баҳасын
белгилеп бериўди сораған.
Судтың 2025 жыл 25 ноябрь күнги уйғарыўы менен қосымша арза ис
өндирисине қабыл етилген.
Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллап-куўатлап,
банк пенен “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети ортасында 2023
жыл 8 сентябрь күни 23455-санлы кредит шәртнамасы дүзилгенлигин, кредит
қаржыларын қайтпаслығын тәмийинлеў ушын “ХХХХХ” фермер хожалығы
1
өзине тийисли болған Шымбай районы, Амир Темур көшесинде 145 мәнзилде
жайласқан қурылысы тамамланбаған имарат гиреўге койылғанлығын, гиреў
мүлктиң баҳасы 1 502 044 167 сом болып белгиленгенин, хәзирги ўақытта
“ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети банкрот деп табылғаның,
2025 жыл 12 ноябрь күнги “ХХХХХ” ЖШЖти тәрепинен өткерилген баҳалаў
жуўмағына наразылығы жоқ екенлигин билдирип, “ХХХХХ” жуӯапершилиги
шекленген жәмийетиниң банк алдындағы 1 502 044 167 сом қарыздарлығын
“ХХХХХ” фермер хожалығына тийисли болған гиреўдеги мал-мүлкке
қаратыўды ҳәм гиреў мүлкиниң басланғыш сатылыў баҳасын белгилеп
бериўди сорады.
Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде даўа арза талабын тән алып,
“ХХХХХ” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетиниң банк алдындағы
1 502 044 167 сом қарыздарлығын “ХХХХХ” ЖШЖти тәрепинен өткерилген
баҳалаў жуўмағында белгиленген баҳада басланғыш сатылыў баҳасын
белгилеўди сорады.
Судтың 2025 жыл 11 сентябрьдеги уйғарыўы менен иске даўа
предметине арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында
“ХХХХХ”
жуӯапершилиги шекленген жәмийетиниң сапластырыў басқарыўшысы
Б.Утегенов тартылған.
Сапластырыў басқарыўшысы Б.Утегенов суд мәжилисине келмеди.
2025 жыл 23 сентябрь күнги суд мәжилисинде сапластырыў
басқарыўшысы Б.Утегенов усы судтың 2024 жыл 24 сентябрь күнги шешиўши
қарары менен “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети төлеўге
қәбилетсиз деп табылғанын, сапластырыў өндириси ашылғаның,
кредиторлардың реестри тастыйықланғанлығын, қарыздардың АКБ "ХХХХХ"
тиң қарызы 6 677 130 170 сом қурайтуғынлығын билдирип, ис бойынша
нызамлы шешим қабыл етиўди сораған.
Б.Утегеновтың
2025
жыл
25
ноябрь
халатына
берилген
мағлыўматнамасында “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети банк
алдында қарызы 6 677 130 170 сом қурайтуғынлығы көрсетилген.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы даўа арзасында исти өзиниң қатнасыўысыз көриўди сораған.
Суд исте қатнасыўшы тәреплердиң түсинигин тыӊлап, ис
ҳүжжетлери менен үйренип шығып, төмендегилерге көре даўа талабын
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, банк ҳәм “ХХХХХ” жуӯапершилиги
шекленген жәмийети ортасында 2023 жыл 08 сентябрь күни 23455-санлы
кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға масақлы дән жетистириў
қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика
ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен
қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қарыз алыўшының арзасында
көрсетилген топырақтың бир бонитет баллына салыстырғанда нормативлик
зүрәәт баҳасының 50 процентине шекем, таярлаў кәрханасы тәрепинен аванс
2
сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын есапқа алған ҳалда 2024 жыл
01 сентябрьге шекем жылына 12 пайыз ставкасы төлеў шәрти менен
13 473 000 000 сом муғдарында кредит қаржысы ажыратылған.
Кредиттин кайтымын тәмийнлеў мақсетинде банк, жуўапкер “ХХХХХ”
фермер хожалығы орталарында 2023 жыл 15 ноябрь күни ипотека шәртнамасы
дүзилип, “ХХХХХ” фермер хожалығына тийисли болған Шымбай районы,
Амир Темур көшесинде 145 мәнзилде жайласқан қурылысы тамамланбаған
имарат (23:10:12:01:05:6357- кадастр номери) гиреў мүлки сыпатында қабыл
етилген. Мулқтиң баҳасы 1 503 044 167 сом деп белгиленген.
Қарақалпакстан Республикасы салық басқармасы қарыздар “ХХХХХ”
жуӯапершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте
төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорап экономикалық судына даӯа арза менен
мүрәжат еткен.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 24
сентябрь күнги 4-2304-2403/986-санлы шешиӯши қарарына муӯапық арза
қанаатландырылып, “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети төлеўге
қәбилетсиз деп табылып, сапластырыў өндириси ашылған.
Судтың 2024 жыл 26 ноябрь күнги уйғарыўы менен сапластырыў
басқарыўшысы етип арнаўлы аттестатқа йие болған Утегенов Бахытбек
Ауеспаевич тайинланған.
Банкрот деп табылған “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген
жәмийетиниң тастыйықланған кредиторлар реестринде даўагер банк алдында
қарыздарлығы 6 677 130 170 сом қурайтуғынлығы көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының “Гиреў
ҳаққында”ғы Нызамның (жаңа редакцияда) 26-статьясына муўапық гиреўге
алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди
қарыздар гиреў менен тәмийнленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған
жағдайларда орынламаған ямаса лазым дарежеде орынламағанда гиреўге
қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген.
Бул жағдайда “ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийети тәрепинен
кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбаған.
Сонлықтан, суд өндириўди жуўапкерге тийисли болған гиреўге қойылған
мүлкке қаратыўды мақул деп есаплайды.
Даўагер даўа арзасында гиреў мүлктиң аукционда басланғыш сатылыў
баҳасын белгилеп бериўди сораған.
Өзбекстан Республикасының 2001 жыл 29 август күнги 258-II-санлы
«Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында» ғы
Нызамының 54-статьясы 4-бөлиминде гиреўге қойылған мүлк пенен
тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўда, өндириў усы мүлкке қаратылған
жағдайда, гиреўге қойылған мүлк суд тәрепинен мәжбүрий түрде баҳалаўдан
3
өткериледи ҳәм бул аукцион саўдаларындағы басланғыш реализациялаў
баҳасы суд қарары менен баҳалаў ҳаққындағы есабатта анықланған муғдарда
белгиленеди.
Жуўапкердиң илтимаснамасына муўапық суд тәрепинен 2025 жыл 23
сентябрь күни суд-баҳалаў экспертизасы тайынланған ҳәм экспертизаны
өткериў “ХХХХХ” ЖШЖ (сертификат 2023 жыл 04 январь күнги D/0081)не
тапсырылсын.
“ХХХХХ” ЖШЖниң 2025 жыл 12 ноябрь күнги 774/11-2025 санлы
баҳалаў есабатында жуўапкерге тийисли болған Шымбай районы, Жипек
жолы МПЖ, А.Темур көшеси 145 жайда жайласқан улыўма майданы 1519,05
кв.м. болған, (23:10:12:01:05:6357- кадастр номери) халыққа хызмет көрсетиў
саўда комплексы имараты 3 178 411 516 сом қурайтуғынлығы көрсетилген.
Сонлықтан суд гиреў мүлктиң аукциона саўдаларында басланғыш
реализациялаў баҳасы 3 178 411 516 сом деп белгилеўди мақул тапты.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды,
исти көриў нәтийжеси менен жуӯапкерден даўагер пайдасына төленген 41 200
сом почта қәрежетин, ис видеоконфренцбайланыс режиминде көрилиўи менен
байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм де Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қанаатландырылсын.
2023 жыл 08 сентябрь күни 23455-санлы кредит шәртнамасы бойынша
“ХХХХХ” жуӯапершилиги шекленген жәмийетиниң акционерлик
коммерциялық "ХХХХХ" алдындағы 1 503 044 167 сом кредит
қарыздарлығын өндириўди гиреўдеги “ХХХХХ” фермер хожалығына
тийисли бөлған Шымбай районы, Жипек жолы МПЖ, А.Темур көшеси 145
жайда
жайласқан
улыўма
майданы
1519,05
кв.м.
болған,
(23:10:12:01:05:6357- кадастр номери) халыққа хызмет көрсетиў саўда
комплекси имаратына қаратылсын.
Гиреў мүлктиң аукцион саўдаларында басланғыш реализациялаў баҳасы
3 178 411 516 сом деп белгиленсин.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
"ХХХХХ" пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозит есабына 103 000 сом суд қарежетлери өндирилсин.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар
берилсин.
4
Шешиӯши қарар үстинен усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы Судының
экономикалық судлаӯ коллегиясына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы
күшине кирген күнинен алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге,
прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья:
З.Хасанова
5