Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2118 Дата решения 24.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b293f9c2-82f1-4b11-bdf9-49d3b594198f Claim ID PDF Hash 2ee99a315e0c865e... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2118-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 24-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер тәрептен сапластырыў басқарыўшысы **, жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 09октябрь күнги 01-091025-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 13-сентябрь күнги 2/6-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер төлеўге қәбилетсиз табылған «**» ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы **тың Ташкент ўәлаяты «**» ЖШЖтин ҳәм Тахыятас районы «**» АЖтин жуўапкерлер қатарында көрсетип, Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 25-июль күнги 4-11042502/4166-санлы шешиўши қарары менен 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасының ҳақыйқый емес деп табылғаны себепли шәртнаманың ҳақыйқый емеслик ақыбетлерин қоллаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер төлеўге қәбилетсиз табылған «**» ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы ** экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, «**» ЖШЖтин ҳәм «**» АЖтин жуўапкерлер қатарында көрсетип, Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 25-июль күнги 4-1104-2502/4166санлы шешиўши қарары менен 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасының ҳақыйқый емес деп табылғаны себепли шәртнаманың ҳақыйқый емеслик ақыбетлерин қоллаўды сораған. Судтың 2025-жыл 28-октябрь күнги уйғарыўы менен «**» ЖШЖти даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Сапластырыў басқарыўшысының арзасында «**» ЖШЖнен жәми 1 276 864 000 сом өндириў бойынша ақыбетлерин қоллаў талабы қойылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанциясы судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиў жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл 1 етилиўине шекем даўаның тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиўге яки кемейтиўге ҳақылы. Судтың 2025-жыл 14-ноябрь күнги уйғарыўы менен сапластырыў басқарыўшысының дәслепки даўа арзасына берилген арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. Суд мәжилисинде сапластырыў басқарыўшысы даўа арзасына берилген арзасын қоллап-қуўатап, оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер «**» ЖШЖниң ўәкили ** суд мәжилисинде даўаның талабына наразы екенин, себеби 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасындағы «ҳуқық» бул нәрсе емеслигин, сонлықтан даўа арзаны қанаатландырмаўы сорады. Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисинде истеги жуўапкер ўәкилиниң наразылық ўәжлери тийкарсыз екенин, себеби Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 25-июль күнги 4-1104-2502/4166-санлы шешиўши қарары менен 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғанын, бул шешиўши қарары нызамлы күшинде болғаны ушын усы көрилип атырған даўа предмети тийкарлы болып табылатуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер «**» АЖниң ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиўди сораған. ЭПК 170-статьясы үшинши бөлимине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 9-статьясы биринши бөлимине көре, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар өзлерине тийисли болған пуқаралық ҳуқықларын, соның ишинде, оларды қорғаў ҳуқықын да өз қәлеўи бойынша басқарады. ПК 11-статьясына тийкар, пуқаралық ҳуқықлары ҳуқық бузылыўынан алдынғы жағдайды тиклеў ҳәм ҳуқықты бузатуғын ямаса оның бузылыў қәўпин пайда ететуғын ҳәрекетлердиң алдын алыў жолы менен қорғалады. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 20-январь күнги 4-2301-2503/79-санлы уйғарыўы менен кредитор “**” ЖШЖниң қарыздар «**» ЖШЖтин төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасы ис жүргизиў ушын қабыл етилген, банкротлық иси қозғатылған, исти көрип шығыў 2025-жыл 05-март күнине тайынланған. Сондай-ақ, қарыздарға бақлаў жүргизиў ўақтынша бақлаўшы Базарбай Зиуатдинович Ходжаевқа жүкленген. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 14-март күнги 4-2301-2503/79-санлы шешиўши қарары менен қарыздар «**» ЖШЖтин төлеўге қәбилетсиз деп табылған. 2 Бирақ анықланыўынша, ўақтынша бақлаўшыны хабардар қылмастан «**» ЖШЖниң баслығы **, «**» ЖШЖти ҳәм «**» АЖти орталарында 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасы дүзилген. Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызам талапларына муўапық сапластырыў басқарыўшысының 2025-жыл 06-март күнги шәртнаманы бийкарлаў усынысы үнамлы шешилмеген. Сонлықтан сапластырыў басқарыўшысы даўа арзасы тийкарында судқа мүрәжат етип, 2025-жыл 06-март күнги шәртнамасын хақыйқый емес деп табыўды сораған. Бул шәртнамада «**» ЖШЖ - тапсырыўшы жәми 453,34 тонна муғдарындағы дебиторлық қарыздарлығын «**» АЖ - қарыздардан талап қылыў ҳуқықын «**» ЖШЖ - қабыллаўшыға откерген. Судтың 2025-жыл 25-июль күнги 4-1104-2502/4166-санлы шешиўши қарары менен 2025-жыл 06-март күнги шәртнамасы хақыйқый емес деп табылған. ЭПК 73-статьясы екинши бөлимине тийкар, экономикалық судының алдын көрилген иси бойынша нызамлы күшине кирген шешиўши қарары менен анықланған жағдайлар суд тап сол шахслар қатнасып атырған басқа исти көргенде жаңадан дәлилленбейди. ПК 114-статьясы биринши, екинши бөлимлерине муўапық, ҳақыйқый емес питим оның ҳақыйқый емеслиги менен байланыслы болған ақыбетлерден басқа юридикалық ақыбетлерге алып келмейди ҳәм ол дүзилген ўақыттан баслап ҳақыйқый емес. Питим ҳақыйқый болмаған жағдайда тәреплердиң ҳәр бири басқасына питим бойынша алған барлық нәрсени қайтарып бериўи, ал алынған нәрсени тийкарында қайтарыў мүмкин болмаған жағдайда болса (соның ишинде алынған нәрсе мүлктен пайдаланыў, орынланған жумыс ямаса көрсетилген хызмет пенен белгиленген жағдайда), егер питим ҳақыйқый емеслигиниң басқа ақыбетлери нызамда нәзерде тутылған болмаса, оның қунын ақшалай төлеўи шәрт. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўа талабы тийкарлы табылады. Себеби иске қосылған «**» ЖШЖти - сатыўшы ҳәм «**» жеке кәрханасы сатып алыўшы орталарында 2025-жыл 12-марттағы 744505-санлы, 744506санлы, 744507-санлы ҳәм 2025-жыл 04-апрельдеги 7520037-санлы электрон алды-сатты шәртнамаларына тийкар жәми 1 276 864 000 сомлық 453,30 тонна бийдай сатылғаны тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы (кейинги орынларда Пленум деп жүритиледи) 269санлы қарарының 20-бәнтинде ҳақыйқый емес питим, оның ҳақыйқый емеслиги менен байланыслы болған ақыбетлерден басқа басқа юридикалық ақыбетлерге алып келмейтуғынын инабатқа алып, судлар, питимниң ҳақыйқый емеслиги 3 ақыбетлерин қолланыўда тәреплер питим дүзилиўинен алдынғы жағдайға келтирилиўи лазымлығын нәзерде тутыўлары керек деп түсиник берилген. Пленум қарары 24-бәнтиниң биринши хатбасында, пуқаралық кодексиниң 114-статьясы екинши бөлимине тийкарланып питим ҳақыйқый болмағанда тәреплердиң ҳәрбири басқасына питим бойынша алған барлық нәрсени қайтарып бериўи, ал алынған нәрсени қайтарып бериў мүмкин болмағанда болса, егер питим ҳақыйқый емеслигиниң басқа ақыбетлери нызамда нәзерде тутылмаған болса, оның қунын ақшалай төлеўи шәрт ҳәмде екинши хатбасында судлар соны инабатқа алыўы лазым, алынған нәрсе тийкарында қайтарып бериў имканияты болмаған жағдайларда (мүлктен пайдаланыў, орынланған жумыс ямаса көрсетилген хызмет) алынған нәрсениң орнын толтырыў муғдары уқсас жағдайларда, әдетте уқсас мүлктен пайдаланыў (жумыслар орынлаў ямаса хызметлер көрсетиў) ушын алынатуғын баҳа бойынша анықланады деп түсиник берилген. Солай етип, суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 276 864 000 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд мәжилисиндеги жуўапкер ўәкилиниң наразылық ўәжлери менен суд келисе алмайды. Себеби даўаның талабына рәсмий ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди. Сондай-ақ, судтың 2025-жыл 25-июль күнги 41104-2502/4166-санлы шешиўши қарары нызамлы күшинде ҳәмде 2025-жыл 06март күнги шәртнамасындағы «ҳуқық» нәрсе болмаған болсада, ҳуқыйқый ақыбет келтирип шығарғанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Пленум қарарының 29-бәнти үшинши хатбасына көре, егер даўагер тәрепинен питимниң ҳақыйқый емес екенлигиниң ақыбетлерин қолланыў ҳаққында талап қойылса, мәмлекетлик бажы усы талап мүлклик характерге ийе екенлигинен келип шығып төленетуғыны бойынша түсиник берилген. Бул жағдайда бийдай өними баҳасы 1 276 864 000 сом есабынан 2% мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 25-июль күнги 4 4-1104-2502/4166-санлы шешиўши қарары менен 2025-жыл 06-март күнги қарыздарлықты талап қылыў ҳуқықынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў шәртнамасының ҳақыйқый емес деп табылғаны себепли шәртнаманың ҳақыйқый емеслик ақыбетлери қолланылсын. Ташкент ўәлаяты «**» ЖШЖнен төлеўге қәбилетсиз деп табылған «**» ЖШЖниң пайдасына 1 276 864 000 сом, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 25 537 280 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. «**» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. «**» АЖти жуўапкершиликтен азат етилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 5