Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1617 Дата решения 24.11.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID cf7078dc-ea60-4595-a384-7c1e157e65cf Claim ID PDF Hash f6d0d0fe1bf79ae7... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****2/****7-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья –**** Апелляция инстанциясында баянатшы судья –**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл24 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованыңбасшылығында, коллегия ағзалары****ҳәм **** ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси **** хаткерлигинде, **** фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ўәкили – ҳуқық мәсләҳатшысы **** (**** жыл 31 октябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында),даўагер ФХ баслығы****,жуўапкер ўәкили – жәмийет юрисконсульты Ғ.Мусурманов (**** жыл 27 август күнги 5-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс Ҳ.Саипова (**** жыл 20 ноябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, **** фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емесшөлкеминиң даўагер “K.YUSU OV” фермер хожалығының мәпинде жуўапкер “E O TEKS LUSTER” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен **** жыл ҳасылы ушын****сомүстеме, **** жыл ҳасылы ушын****сом үстеме, ****,23 сом өнимди жеткерип бериў қәрежетлериҳәм****сом пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша жүритилген экономикалық ис жүзесинен қабыл қылынған Беруний районлар аралық экономикалық судының **** жыл3 октябрькүнги шешиўши қарарына наразы болып **** фермерлерикеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң даўагер“K.YUSU OV”фермер хожалығының мәпиндеберген апелляциялық шағымын, видеоконференциялық байланыс режими арқалыкөрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер “K.YUSU OV” фермер хожалығы (буннан кейин текстте даўагер депжүритиледи) менен “E O TEKS LUSTER” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер депжүритиледи)ниң орталарында ****жыл5 январда 04/****-санлы пахта шийки затын жетистириў бойынша фъючерс шәртнамасы(буннан кейин тексттешәртнама депжүритиледи) дүзилген. Шәртнамаға муўапықдаўагержуўапкерге33гектар жер майданынан пахта шийки затын жеткерипбериў миннетлемесин, жуўапкер болса өнимди қабыллап алыў ҳәм **** төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 4.5-бәнтиндетуқымлық пахта ушын туқымлықтың өниўшеңлиги 90 пайыздан жоқары болғанда үстеме **** төлеўге келисилген. Шәртнамаға тийкар даўагер тәрепинен жуўапкерге баҳасы****сомлық ****кг1-репродукциялы (R) 1-сорт, 1-класс пахта шийки өними жеткерилген. Жуўапкертәрепинендаўагердиңтапсырған туқымлық пахта өниминиң 2 екинши басқышы ушын****сом төлеп берилмеген. Сондай-****, **** жыл 15 октябрьдетәреплер ортасында****-санлы фъючерсшәртнамасы дүзилген.Шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге **** кгтуқымлықпахта сатыўға келискен. Буннан соң, тәреплер ортасында**** жыл8 январь күнитуқымлық пахтаны сатып алыў ҳәм төлемлердитөлеў **** ****/УП-2-санлы шәртнама дүзилген.Шәртнамағатийкардаўагер жуўапкергебаҳасы ****,64сомлық ****кг1репродукция (R2)1-сорт, 1-класс туқымлық пахта шийки өнимин тапсырған. ****,жуўапкер тәрепинен даўагердиң тапсырған туқымлық пахта өниминиңбиринши басқышы ушын****сом ҳәмекинши басқышы ушын****сомжәми**** ****сомтөлеп берилмеген. Сонлықтан, **** фермерлеркеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми(буннан кейин тексттеФермерлер кеңесидеп жүритиледи)даўагердиң мәпинде судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип, жуўапкерден **** жыл ҳасылы ушын****сом үстеме, **** жыл ҳасылы ушын****сом үстеме, ****,23 сом тасыў қәрежетлериҳәм ****сом пеня өндириўди сораған. Судтың **** жыл8 сентябрькүнги уйғарыўыменен“URUG’ HILIKNI RIVOJL NTIRISH RK ZI” мәмлекетлик шөлкеми **** Республикасы басқармасы (буннан кейин тексттеүшинши шахсдеп жүритиледи)иске даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатындатартылған. Биринши инстанциясы судының **** жыл3 октябрькүнги шешиўши қарары менен даўа арзақысманқанаатландырылған, жуўапкерден даўагердиң пайдасына**** сомтасыў қәрежетлери өндирилген, даўаның қалған талаплары қанаатландырыўыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып Фермерлер кеңеси апелляциятәртибинде шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатында,**** жыл 8 январь күнги ****/УП-2санлышәртнамадатөлемлер қандай тәртипте ҳәм үлеслерде есап-китап қылыныў шәртлери анықластырылмағанлығын,биринши инстанция суды тәрепинен Өзбекстан ****ң **** жыл 2 январь күнги 2-санлы қарары менен тастыйықланған Реже талаплары итибарға алынбағанлығынкелтирген. Суд мәжилисинде қатнасқанФермерлер кеңесиўәкилиапелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап,буннан тысқары даўагердиң тапсырған туқымлық шигити сатылғанлығын, бул фермер хожалықларға туқымлық шигит жеткерип бериў **** есапбети-фактуралар менен тастыйықланатуғынлығын, **** жыл ҳасылы ушын туқымлық шигит тапсырыў **** шәртнама нызамсыз екенлигинбилдирип,шағымын қанаатландырыўды сорады. Даўагер фермер хожалығы баслығы апелляциялық шағымды қоллапқуўатлап,**** жылы дүзилгеншәртнама басым астында дүзилгенлигин, тапсырылған өними ушын тийисли **** талап етип атырғанлығын, жуўапкер туқымлық пахта сатылмады деген тийкарсыз ўәж бенен төлемди әмелге асырмай 3 атырғанлығын, жуўапкер ҳәр жылы фермер хожалықларына туқымлық шигит жеткерип берип атырған бирпайытта оныңтуқымлық шигити сатылмады деген ўәжлери тийкарсыз екенлигин, пахтаны тасыў қәрежетлерине суд өндирген суммадан анағурлым көп муғдарда қәрежет жумсалғанлығын билдирип, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкерўәкилиапелляциялық шағымда билдирген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, даўагерден**** жыл пахтаҳасылынанқабыллап алынған туқымшылық пахта өниминен алынған туқымлық шигит қайта исленбегенлигин ҳәм сертификатластырылмағанлығын, ал **** жыл пахта хасылынан қабыллап алынған туқымшылық пахта өними тек ғана **** ушын қабылланғанлығын ҳәмде **** жыл 8 январда дүзилген шәртнамаға тийкар биринши ҳәм екинши басқыш үстеме пуллары туқымлық шигит сатылғаннан соң төлеп берилетуғынлығы **** келисилгенлигин, даўагерден қабыллап алынған туқымлық шигит бүгинги күнге шекем сатылмағанлығын, тасыў қәрежетлеринен**** сом қарызын тән алатуғынлығын, тасыў қәрежетлери районлық Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими менен районлық фермерлер кеңеси ортасында тастыйықланған калькуляция тийкарында есапланғанлығынбилдирип, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкилижуўапкер тәрепинен усынылған есабатында**** жыл пахта хасылынан қабыл қылып алынған пахтаның 1ҳәм2-әўладынан жәми ****,6 тонна екенлиги, соннан жәми 71,9 тонна шигит таярланғанлығы,**** бул шигит дәриленбеген ҳәм техник шигитке өткерилгенлиги, **** жыл хасылынан қабыл қылып алынған пахтаның 1ҳәм 2-әўладынан жәми****,4тонна екенлиги, соннан жәми ****,2 тонна шигит дәриленбегенлиги ҳәмде бүгинги күнде жуўапкерде **** атырғанлығыкөрсетилгенлигинбилдирди. Судлаў коллегиясыисте қатнасыўшышахслар ўәкиллериниңтүсиндирмелеринтыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси(буннан кейин текстте ПК депжүритиледи)ниң ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, контрактация шәртнамасына муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўши аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў яки сатыў ушын бундай өнимди сатып алатуғын шахсқа –таярлаўшыға шәртлесилген мүддетте тапсырыў (тапсырып турыў) миннетлемесин алады, таярлаўшы болса бул өнимди қабыл қылып алыў (қабыл қылып турыў) оның **** шәртлесилген мүддетте белгиленген баҳада төлеў (төлеп турыў) миннетлемесин алады. ПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкар,сатып алыўшы товар **** усы Кодекстиң ****-статьясына тийкар белгиленген баҳада төлеўи, сондай**** нызамшылық, алды-сатты шәртамасы яки әдетте қойылатуғын талапларға муўапық төлемди әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳәрекетлерди өзесабынан орынлаўы лазым. ПК ****-статьясының биринши ҳәм үшинши бөлимлерине тийкар 4 шәртнаманы орынлағанлық ушын тәреплердиң келисими менен белгиленген баҳада **** төленеди. Шәртнама дүзилгеннен кейин баҳаны өзгертиўге нызамшылық яки шәртнамада нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм шәртлерде жол қойылады. Биринши инстанция суды даўа талабынқысманқанаатландырыў **** дурыс шешимге келген. Себеби,Өзбекстан ****ң **** жыл 2 январь күнги 2-санлы “Республика **** пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары ҳәм кластерлери мекемелерине берилген майданларда туқымлық пахта шийки өнимин жетистириўди қаржыландырыў тәртиби **** Режени тастыйықлаў ****” қарарына тийкар ислеп шығарылған Реже (буннанкейинги текстте Реже деп жүритиледи)ниң 3-бабы 16-бәнди “б” киши бәнди биринши ҳәмде екинши хатбасышында биринши басқышта тапсырылған туқымлық пахта шийки өними ушын есапланған үстемениң 50 пайызы муғдарында пахтатоқымашылық ислеп шығарыўлары қурамына кириўши туқымшылық хожалықларына пахта шийки өнимин тапсырған **** төлениўи ҳәмде екинши басқышта туқымлық шигит егилгеннен (сатылғаннан) кейин үстемениң қалған 50 пайыз бөлеги **** пайыз деп есапланып, соннан 10 пайызы пахта тоқымашылық ислеп шығарыў ыхтиярында қалдырылады, 40 пайызы олардың қурамына кириўши туқымлық фермер хожалықлары ыхтиярында қалдырылыўы белгиленген. Соның менен бирге, үшинши шахстәрепинен судлаў коллегиясына усынған **** жыл 21 ноябрь күнги ****-санлы мағлыўматнамасына көре, **** жыл пахта хасылынан тийкарғы фондқа қабыл қылып алынған пахтаның Султан сорты 1-әўладынан 52,8 тонна, 2-әўладынан 82,8 тонна жәми ****,6 тонна екенлиги, соннан күтилип атырған туқымлық шигит муғдары R1-әўладынан 28 тонна,R2-әўладынан 43,9 тонна жәми 71,9 тонна шигит таярланғанлығы, **** бул шигит дәриленбеген ҳәм техник шигитке өткерилгенлигин, **** жыл хасылынан захира фондына қабыл қылып алынған пахтаның Султан сорты 1-әўладынан 64,5 тонна, 2-әўладынан ****,9 тонна жәми ****,4 тонна екенлиги, соннан 1-әўладынан 33,1 тонна, 2-әўладынан 88,7 тонна жәми ****,2 тонна шигит дәриленбегенлиги ҳәмде бүгинги күнде жуўапкерде **** атырған. Сондай-****, тәреплер ортасында **** жыл8 январь күнгидүзилген****/УП-2-санлы шәртнаманың3-бәнтине тийкар хожалыққа төленетуғын биринши ҳәм екинши басқыштағы үстеме пуллары туқымлық шигит сатылғаннан кейин төленетуғынлығы белгиленген. Даўагер тәрепинен жуўапкерге тапсырылған **** ҳәм **** жыллардағы пахта хасылының туқымлық пахта өнимлеринен алынған туқымлық шигитлер сатылмағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Бул жағдайда, туқымлық шигит сатылмағанлығы себепли жуўапкердиң**** жыл пахтаҳасылынан алынғантуқымлық шигити ушын есапланған екинши басқыш төлеминҳәмде **** жылпахта ҳасылынан алынған туқымлық шигитиушын есапланған биринши ҳәм екинши басқыш төлеминтөлеў миннетлемеси жүзеге келмеген есапланады. 5 Соның менен бирге, биринши инстанция суды даўагердаўа арзасындағы жуўапкерден****сом пеня өндириўи сорағанталабын қанаатландырыўсыз қалдырыў **** дурыс **** келген.Себеби,даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабы тийкарсызболғанлықтан, даўаның пеня өндириўди сораған талабы датийкарсызесапланып, даўаның бул талабы да қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады. Даўагер даўа талабында тасыў қәрежетлерине ****,23 сом **** өндириўди сораған. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагердиң тасыў қәрежетлерине ****,23 сом есаплаў ******** жыл 21 январьдағы 2-санлы есапбети-фактурасы жуўапкер тәрепинен қабыл қылыўдан бас тартылған. Даўагер**** жылда тапсырғантуқымлық пахта менен техник пахтаның физик көлеми ****,14кгпахтаны тасыў қәрежетлерине 1 тн/км ушын ****,9 сомнан****,17 сомға ****,06 сомҚҚСқосқан ҳалда ****,23 сом есаплаған(****,14*****,9 сом=****,17 сом+****,06=****,23). Биринши инстанция суды, даўаның бул талабын қысман қанаатландырыў **** дурыс шешимге келген. Себеби,Шоманай районы фермерлери кеңеси, Шоманай районы аўыл хожалық бөлими ҳәм жуўапкер тәрепинен ****жыл 4 октябрь күнги тастыйықланған “Тиркемели тракторларда пахта шийки өнимин тасыў бойынша шекленген тарифлер бойынша усыныснама”ға тийкарпахта жетистириўши фермер хожалықларынан пахта шийки затын тиркемели тракторда тасығанлығы ушын2 километраралыққа1 тн/кмушын**** сом белгиленген. Районлық Аўыл хожалығы бөлиминиң мағлыўматына қарағанда даўагерменен“Қарабайлы” ПҚҚП ортасындағы аралық 2 км.ди қурайды. Ал, даўагер усынғанкалькуляциябулбуйыртпа тийкарында техника хызметлеринкөрсетиў ушын белгиленгенбаҳа болып, тасыў қәрежетлерин булкалькуляция бойынша өндириўге тийкар жоқ. Сонлықтан даўагерге **** сом тасыўқәрежетлери төлениўи лазым. Судлаў коллегиясы, Фермерлер кеңесиниң апелляциялық шағымындаҳәм суд мәжилисиндекелтирген ўәжлери менен келисе алмайды.Себеби,Өзбекстан ****ң 2019жыл2 январьдағы 2-санлықарары менен тастыйықланған Режегетийкардаўагерге **** жылдың ҳасылынанбиринши басқыш ушын үстеметөленген, ал екинши басқышта төлениўи керек 50 пайыз бөлеги туқымлық шигит сатылмағанлығы себепли төленбеген.**** жыл ҳасылынан тапсырылған туқымлық шигити болсатәреплер ортасында дүзилген шәртнамаға тийкаржуўапкерге**** ушын тапсырылған.Шәртнамаға муўапықтөлемлер туқымлық шигит сатылғанынан соңәмелге асырылыўыбелгиленген. Бул шәртнамабүгинги күнденызамлы күшинде болып, бийкар етилмеген яки суд тәрепинен **** емес деп табылмаған. Даўагер тәрепинен тапсырылған туқымлық шигит сатылмағанлығы үшинши шахстың берген мағлыўматы, жуўапкердиң үшинши шахсқа тапсырғанесабатлары менен тастыйықланады.Даўагердиң судқа усынғанфермер хожалықларға туқымлық 6 шигит тарқатылғанлығы **** есапбети-фактуралар даўагердиң тапсырған туқымлық шигитисатылғанлығынтастыйықлаўшы ҳүжжет болып есапланбайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси ****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар,апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды,даўагер Өзбекстан Республикасы Президентиниң **** жыл 10 октябрь күнги “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм **** жер ийелери искерлигин және де **** бойынша шөлкемлестирилген **** ****” ғы ПҚ-****-санлы қарарының 3-бәнтине тийкар мәмлекетлик **** төлеминен азат етилгенлиги себепли исти көриў нәтийжеси менен даўагерден мәмлекетлик **** өндирмеўди, төленген41.200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, суд мәжилиси видеоконференциялық байланыс режиминде көрип шығылғанлығы ушын даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине ****.**** сом суд қәрежетин өндириўдилазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң****,****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Берунийрайонлар аралық экономикалық судының **** жыл 3октябрькүнгишешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер“K.YUSU OV”фермер хожалығы тәрепинен апелляциялық шағымы ушын төлеген 41.**** сом почта қәрежети оның мойнында қалдырылсын. Даўагер“K.YUSU OV”фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине ****.**** сом суд қәрежети өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** коллегия ағзалары: **** ****