← Назад
Решение #2842886 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****-санлы ис
Исти биринши инстанция судында
көрген судья – ****
Кассация
инстанциясында
баянатшы судья – ****
**** СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ
КОЛЛЕГИЯСЫКАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
****5-жыл 24-ноябрь
**** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў
коллегиясы
судья
****ң
басшылығында,
коллегия
ағзалары
судьялар****ҳәм****ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң
хаткерлигинде,**** Республикасы прокуратурасы бөлим прокуроры ****,
даўагер ўәкили **** (****-жыл 15-январь күнги 69-санлыисеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (****-жыл 9-апрель күнгиисеним хат
тийкарында), жуўапкер адвокаты **** (****-жыл 20-ноябрь күнги
17-санлыордер тийкарында), үшиниши шахслардан Кадастр агенлиги ****
Республикасы басқармасы ўәкили **** (****-жыл 18-сентябрь күнги ****санлыисеним хат тийкарында), **** министрлиги ўәкили **** (****-жыл 6ноябрь күнги ****-санлыисеним хат тийкарында),үшинши шахсМәмлекетлик
кадастрлар палатасы **** Республикасы басқармасы ўәкили **** (****-жыл
29-октябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында,
даўагер **** районы ҳәкимлигиниң жуўапкер “****” жуўапкершилиги
шекленген жәмийетине қарата даўагердиң ****-жыл 28-июньдағы ****-санлы
қарары менен "****" А-**** миллий автомагистрал жолының ****
километринен автомобильлерге газ толтырыў компрессор станциясы
(АГНКС) қурыў ушын **** 1 гектар жер майданына болған ҳуқықты
бийкарлаў ҳәм жер участкасын алып қойыў **** даўа арзасы бойынша қабыл
етилген Беруний районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 23апрель күнги шешиўши қарарына жуўапкер “****” жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң наразы болып берген кассациялықшағымынҳәм
қосымша усынылған ҳүжжетлерин **** Республикасы суды имаратында,
видеоконференция байланыс режиминде,ашық судмәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
**** районы ҳәкимлиги(кейинги орынларпда – даўагер деп
жүргизиледи) ****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (кейинги
орынларда
–
жуўапкер
деп
жүргизиледи)қарата
даўагердиң
****-жыл 28-июньдағы ****-санлы қарары менен "Беруний-Нөкис"
А-**** миллий автомагистрал жолының **** километринен автомобильлерге
газ толтырыў компрессор станциясы (АГТКС) қурыў ушын ****
1 гектар жер майданына болған ҳуқықты бийкарлаў ҳәм жер участкасын алып
қойыўды сораған.
2
**** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 24-март күнги
уйғарыўы менен Кадастр агентлиги **** Республикасы басқармасы,
Мәмлекетлик кадастрлар палатасы **** Республикасы басқармасы ҳәм ****
Республикасы Қурылыс ҳәм **** жай коммуналлық хожалығы министрлиги
даўаның предметине байланыслы ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын
үшинши шахслар сыпатында тартылған.
Биринши инстанция судының шешиўши қарары менен даўа арзасы
қанаатландырылған, жуўапкерден даўагер пайдасына алдыннан төленген
**** сом почта қәрежети, республика бюджетине **** сом мәмлекетлик
**** өндирилген.
Жуўапкер шешиўши қарарына наразы болып кассациялық шағым
берген ҳәм кассациялық шағымында жуўапкерге АГТК Сқурыў ушын****
жер майданынан“А-****-Ғузор-Бухоро-Нукус-Бейнеу” автомагистралының
****-километринде қайсы жөнелис бойынша өтиўи анық болмағанлығы
себеплиқурылыс
ислерин
әмелге
асырыў
мүмкиншилиги
болмағанлығын,даўагердиң****-жыл 30-декабрь күнги ****-санлы қарары
менен
****-жыл
28-июньдағы
қарары
бийкар
қылынғанлығы,
жуўапкердиңарзасынатийкар ****-жыл 18-май күни Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик суды тәрепинен қарар **** емес деп табылғанлығын,буннан соң
усы жер участкасында қурылысқа таярлаў ушын щебень-қум араласпасы
менен көмип қурылысқа таяр жағдайға келтиргенлигинбилдирип,биринши
инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыў**** жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.
Жуўапкер ўәкили-адвокат суд мәжилисиндеБеруний районы
ҳәкимлигиниң ****-жыл 30-декабрь күнги ****-санлы қарары менен
****-жыл
28-июньдағы
қарары
бийкар
қылынғанлығын,
жуўапкердиңарзасынатийкар ****-жыл 18-май күни Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик суды тәрепинен қарар **** емес деп табылғанлығын, даўагердиң
даўа арзасында жуўапкер ****-жылдан берли пайдаланбағанлығы ****
көрсетилгенлигин, **** ҳәкимшилик судының қарары ****-жыл 19-июнь
күни
нызамлы
күшине
киргенлигин
ҳәмде
ЭПК73-статьясына
тийкарҳәкимшилик судының нызамлы күшине кирген шешиўши қарары исти
көрип шығып атырғанэкономикалық суд ушын,исте қатнасыўшы шахсларға
тийислимәселелер бойынша болса мәжбүрий болып есапланыўын, яғный
2 жыл мүддет толық болмағанлығын билдирип,биринши инстанция судының
шешиўши қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў
**** жаңа қарар қабыл қылыўдысорады.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде биринши инстанция судының
шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахсМәмлекетлик кадастрлар палатасы **** Республикасы
басқармасы ўәкили суд мәжилисинде “****” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетине **** жер майданына болған ҳуқық****-жыл 28-март күни
дизимнен өткерилгенлигин билдирди.
3
Үшинши шахс **** Республикасы Қурылыс ҳәм **** жай коммуналлық
хожалығы министрлиги ўәкили суд мәжилисинде ****-жылы “****”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетине жер майданы **** берилгенлигин,
жер майданға барып үйренилгенде жер майданында қурылыс жумыслары
әмелге асырылмағанлығы анықланып, бул **** акт дүзилгенлигин билдирди.
Үшинши шахсКадастр агентлиги **** Республикасыбасқармасы ўәкили
суд мәжилисинде жуўапкер****-жылдан усы күнге шекем қурылыс ислерин
басламағанлығын билдирди.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурорбиринши инстанция судының
шешиўши қарарын өзгериссиз күшинде қалдырыўды, кассациялық шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Кассация инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар
ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм прокурордың пикирин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып шешиўши
қарарды өзгериссиз қалдырыўды **** тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 68-статьясыныңбиринши
бөлимине муўапық, жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат
дүнясы ҳәм басқа да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып,
олардан **** уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм олар мәмлекет қорғаўында болып
табылады.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даўагердиң ****-жыл
28-июньдағы ****-санлы қарары менен жуўапкерге Беруний районы
Мәмлекетлик резерв жерлеринен өтиўши "Беруний-Нөкис" А-**** миллий
автомагистрал жолының ****-километринен автомобильлерге газ толтырыў
компрессор станциясы (АГНКС) қурылысыушын 1 гектар жер майданы
****ҳәм жер участкасына болған ҳуқық белгиленген тәртипте мәмлекетлик
дизимнен өткерилген.
****-жылдың 20-ноябрь күни **** районы қурылыс бөлими ҳәм ****
районы жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими хызметкерлери
тәрепинен жуўапкерге **** жер участкасында қурылыс ислери әмелге
асырылмағанлығы **** акт рәсмийлестирилген ҳәмде ****-жылдың 26ноябрь күнидаўагер тәрепиненжуўапкерге қурылыс ислери басланбағанлығы,
егер бир ай ишинде қурылыс жумыслары **** район ҳәкиминиң жуўапкерге
жер **** бойыншақарары бийкар етилиўи туўрысындағы ****-санлы
ескертиў хаты берилген.
Буннан соң,****-жылдың 3-март күни Кадастр агентлиги ****
Республикасы басқармасы **** районлық бөлими тәрепинен өткерилген
үйрениў нәтийжесинде жуўапкер тәрепинен усы жер участкасында қурылыс
жумыслары орынланбағанлығы анықланып, бул****солкүни акт дүзилгенҳәм
жуўапкерге Жер **** нызамшылық бузылғанлығы **** белгиленген тәртипте
ескертиў хаты жиберилген.
Жуўапкер тәрепинен бул ескертиўлер итибарға алынбағанҳәмжуўап
берилмеген.
4
Сонлықтан, Кадастр агентлиги **** Республикасы басқармасы ****
районлық бөлими тәрепинен даўагерге жуўапкерге ****жер участкасын алып
қойыў **** усыныс киргизилген.
Жуўапкер тәрепинен ескертиў хатларына жуўап қайтарылмағанлығы
себепли даўагер экономикалық судқа даўа арзасы менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Жер кодекси (кейинги орынларда- Жер
кодексидеп жүргизиледи) 36-статьясы биринши бөлиминиң 10-бәнтине
муўапық аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын берилген жер участкасынан
бир жыл даўамында ҳәм аўыл хожалығы тараўына тийисли болмаған
мүтәжликлер ушын берилген жер участкасынан еки жыл даўамында
пайдаланылмаған жағдайда пүткил жер участкасына ямаса оның бир бөлегине
ийелик етиў ҳуқықы ямаса оннан **** ямаса мүддетли пайдаланыў ҳуқықы,
сондай-****, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етиледи.
Жер кодексиниң 38-статьясына муўапық, 36-статьясы биринши
бөлиминиң ****-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда, сондай-****,
жер **** нызамшылық бузылған басқа жағдайларда жерлерден пайдаланыў
ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы уйым
жер иесин ямаса жерден пайдаланыўшыны алдын ала ескертип алғаннан кейин
район, қала ҳәкимине жер участкасын алып қойыў **** усыныс киргизеди.
Район, қала ҳәкими усыныснама тийкарында бир ай мүддетте оны алып қойыў
**** судқа даўа арзасы киргизеди.Район, қала ҳәкими, зәрүр жағдайларда, жер
участкасының жағдайын ҳәм жер ийеси ямаса жерден пайдаланыўшы
тәрепинен жерлерден **** уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша
әмелге асырылып атырған **** сапасын қосымша тексериўди тайынлаўға
****.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының ****-жыл
20-ноябрьдеги "Судларда жерге байланыслыдаўлардыкөриўде нызамшылық
ҳүжжетлери нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ****"ғы
28-санлы
қарарының
24-бәнтинде,Жер
кодекси
36-статьясының
****-бәнтлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына болған
ҳуқықлардың бийкар етилиўи мәселеси Жер кодексиниң 38-статьясына
муўапық, жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик
қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымның жер ийесин ямаса жерден
пайдаланыўшыны алдын ала ескертиўинен кейинрайон (қала) ҳәкимине жер
участкасын алып қойыў **** киргизилген усынысы тийкарында район (қала)
ҳәкиминиң жер участкасына болған ҳуқықты бийкарлаў ҳәм жер майданын
алып қойыў **** даўа арзасынатийкарсуд тәртибинде шешилиўин инабатқа
алыўы лазымлығы, егер даўа арзасында жер участкасын алып қойыў (жер
ижара шәртнамасын бийкарлаў) талабы менен бирге усы жеручасткасын
резервке алыў (резервке қайтарыў) талабы да қойылған болса ямаса айрықша
талап сыпатында жер участкасын резервке алыў (резервке қайтарыў) талабы
берилген болса, нызамшылыққа бола жер участкаларын резервке алыў
(резервке қайтарыў) судлардың ўәкиллигине кирмейтуғыны себепли усы
талап бойынша ис жүргизиў қысқартылыўы лазымлығы, егер судқа жер
5
участкасына болған ҳуқықты бийкар етиў (жер ижара шәртнамасын бийкар
етиў) талабы менен бирге жер участкасын алып қойыў талабы қойылған болса,
ҳәр еки талап өз алдына мүлкийемес талап есапланыўы лазымлығы ****
түсиник берилген.
Жуўапкердиң **** жер участкасынан ****-жылдан берли
пайдаланылмағанлығы жағдайыистеги ҳүжжетлер,исте қатнасыўшы шахслар
ўәкиллериниң
суд
мәжилисиндеги
көрсетпелери
менен
толық
тастыйықланады.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы биринши инстанция судыдаўаны
қанаатландырыў **** дурыс шешимге келген деп есаплайды.
Соның менен бирге, судлаў коллегиясы жуўапкер ўәкилиниң суд
мәжилисиндегижуўапкердиң жер майданынан А-**** миллий жол магистраль
жолы өтиўи белгиленгенлиги, сол себепли қурылыс жумыслары
басланбағанлығы **** ўәжлери менен келисип болмайды деп есаплайды.
Себеби, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан
Республикасының
****-жылларға
мөлшерленген
Инвестициялық
бағдарламасын әмелге асырыў **** ****”ғы ****-жыл 9-январь күнги ПҚ****-санлы қарарының 7-қосымшасы ****-бәнтинде А-**** "Ғузор-БухороНукус-Бейнеу" автомобиль жолының **** км аралығында (Төрткүл ҳәм
Беруний қалаларын айланып өтип, цемент-бетон қаплама қурылған ҳалда)
реконструкциялаў белгиленген.
Соның
менен
бирге,****
Республикасы
Жоқарғы
Кеңеси
Президиумының ****-жыл 16-июль күнги ****-санлы қарары қабыл етилип,
қарар мененғанажуўапкерге **** жер участкасынан А-**** миллий жол
магистраль жолы өтиўи мүнәсибети менен тәсир астына түскен көшпес мүлк
ҳуқық ийелери ҳәм объектлери қосымшаға муўапық тастыйықланып, онда
жуўапкерге тийисли жер орны көрсетилген.
****, жуўапкер тәрепинен ****-жылдан ****-жылға шекемде,төрт
жылдаўамындақурылыс жумысларыәмелге асырылмаған.
ЭПК****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация
инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў
нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
ЭПК ****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Жоқарыдағыларға тийкарланып,кассацияинстанция суды биринши
инстанция
судының
шешиўши
қарарын
өзгериссизқалдырыўды,
кассациялықшағымдықанаатландырыўсыз қалдырыўды,кассациялық шағым
бериўдетөленген **** сом мәмлекетлик ****, **** сом почта қәрежетин
жуўапкердиң мойнында қалдырыўды, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозитине истиң видеоконференция байланыс режиминде
көрилиўи менен байланыслы **** сом суд қәрежетин өндириўдилазым
табады.
6
Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң****, ****,****-статьяларын
қоллап, кассация инстанция суды
қ а р а р е т т и:
**** районлар аралық экономикалық судының****5-жыл 23-апрель
күнги шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылсын.
Кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күнненбаслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге
(прокурор протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****