← Назад
Решение #2842903 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2201-2501/ХХХ-санлы экономикалық ис
Судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАРЫ
Шымбай районы
2025 жыл 24 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (2024-жыл 16-май күнги исеним хаты тийкарында)тың
қатнасыўында, даўагер ХХХХХның жуўапкер – «ХХХХХ» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетине қарата 2024 жыл 24 сентябрь күни дүзилген 02/01745273а-санлы шәртнаманы бийкарлаў, 41 705 737,36 сом жәрийма өндириў
ҳақкындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық
суды
имаратында,
ашық
суд
мәжлисинде
видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер ХХХХХ (кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер –
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (кейин текстте жуӯапкер
деп жүритиледи) қарата 2024 жыл 24 сентябрь күни дүзилген 02/01-745273асанлы шәртнаманы бийкарлаўды, 41 705 737,26 сом жәрийма өндириўди сорап
экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даӯа арзаны қоллап-қуӯатлап, жуӯапкер
менен орталарында алды-сатты шәртнамасы дүзилгенлигин, бирақ жуӯапкер
тәрепинен
шәртнама
мәжбуриятларын
орынламастан,
алды-сатты
шәртнамасы бойынша төлемлерди әмелге асырмастан, 2025 жыл 24 август
халатына жуӯапкердиң қарыздарлығы 34 754 781,05 сомды қурайтуғынлығын
билдирип, даӯа арза талабын толығы менен қанаатландырыӯды сорады.
Үшиншы шахс Бозатаў район ҳәкимлиги ўәкили Ж.Мамбетмуратов
2025 жыл 19 ноябрь күнги суд мәжилисинде даўа талабы бойынша
нарыйзалығы жоқ екенлигин билдирди.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер ҳәм үшиншы шахс
Бозатаў район ҳәкимлиги тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына
карамастан суд мәжлисине келмеди.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 170-статьясы талапларына муӯапық исти жуўапкер ҳәм үшинши
шахс Бозатаў район ҳәкимлиги ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин
деген жуўмаққа келди.
Суд даўагер ўәкилиниң түсинигин еситип, ис материалларын
үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, даўагер Ѳзбекстан Республикасы
Мǝмлекетлик активлерди басқарыӯ агентлигиниң Қарақалпақстан
Республикасы Мǝмлекетлик активлер басқармасы, Бозатаў район ҳәкимлиги
ҳәм жуўапкер «ХХХХХ» ЖШЖти орталарында 2024 жыл 24 сентябрь күни
02/01-745273а-санлы алды-сатты шәртнамасы (кейинги орынларда шәртнама
1
деп жүритиледи) дүзилип, шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге Бозатаў
районы, Бозатаў АПЖ, Амир Темур көшеси номерсиз бурынғы
административлик имаратты
сатыў миннетлемесин, жуўапкер болса,
шәртнама шәртлерине муўапық 2031 жыл 24 сентябрь күнине шекем тѳлеп
бериӯ миннетлемесин алған.
Бирақ, жуӯапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланмастан
2024 жыл 24 октябрь күнинен баслап 2025 жыл 24 август күнине шекем жәми
34 754 781,05 сом гезектеги төлемлер төленбеген.
Шәртнама бойынша 2025 жыл 24 август халатына жуӯапкердиң
қарыздарлығы 34 754 781,05 сомды қураған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
ПК-деп жүритиледи) 382-статьясына муўапық тәреплердиң биреўиниң
талабы менен екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса шәртнама суд
тәрепинен бийкар етилиўи белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2009жыл 18-декабрьдеги 203-санлы «Хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў
ҳәм бийкар қылыўды тәртипке салыўшы пуқаралық Нызам ҳүжжетлери
нормаларын қолланыўының айрым мәселелери ҳаққында»ғы қарарының 18бәнди биринши болимине көре, шәртнаманың әмел қылыў дәўиринде
тәреплер өз-ара келисимге муўапық оны әмелдеги Нызам ҳүжжетлеринде
нәзерде тутылған тәртипте өзгертиўге ҳәм бийкарлаўға ҳақылы.
Сондай-ақ, усы Пленум қарарынын 20-бәндине тийкар, жағдайдың
айтарлықтай өзгериўи мүнәсибети менен шәртнаманы өзгертиў яки
бийкарлаўға байланыслы даўаларды көрип шығыўда судлар соны нәзерде
тутыўы лазым, егер тәреплер орталарында шәртнаманы айтарлықтай өзгерген
жағдайға муўапықластырыў яки оны бийкарлаў ҳаққында келисе алмаган
болса, шәртнама ПКниң 383-статьясының үшинши болиминиң 1-4бәндлеринде санап өтилген барлық шәртлер бир ўақыттың бар болған
жағдайда бийкарланыўы (өзгертилиўи) мүмкин.
Жуӯапкер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланбастан,
шәртнама шәртлери қопал рәўиште бузылған.
Бундай жағдайда даўагердиң жуӯапкер менен ортасында қарата 2024 жыл
24 сентябрь күни дүзилген 02/01-745273а - санлы алды-сатты шәртнамасын
бийкар етиўди сораған талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым.
Шәртнаманың 5.3-бәнтинде график бойынша төлем мүддетлери өтип
кеткен қәлеген аралық ямаса ақырғы дәўир тамам болғаннан кейин 3 ай
даўамында сатып алыўшы тәрепинен сатып алыў төлемлери, сондай-ақ,
пенялар төленбесе, сатыўшы усы шәртнаманы бир тәреплеме бийкар етиў
ҳуқықына ийе. Бундай жағдайларда сатыўшы сатып алыў төлемлериниң 15
пайызы муғдарында сатып алыўшыға жәрийма қолланыўы белгиленген.
Суд, даӯагердиң 41 705 737,26 сом (278 038 248,40 * 15%) жәрийма
өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар
айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде
2
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июндағы «Мәжбүриятларды орынламағанлығы ямаса лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде Пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен мәжбүриятлардың орынланыў
дәрежесин, мәжбүриятта қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аҳыўалы, сондайақ, кредитордың мәплерин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтириўге
ҳақылы екенлиги, соның менен бирге, судлардың итибары неустойканың ең
кем муғдары ПК-ниң 327-статьясында көрсетилген пайызлар муғдарынан кем
болмаўы лазымлығы белгиленген.
Суд, жәрийма толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий
аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен
мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, жәрийма
муғдарын кемейтиўди ҳәм даўаның усы талабын 6 000 000 сомға
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди
«а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2
пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған
муғдарда, 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даӯа
арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында мәмлекетлик
бажы тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
3
Сонлықтан, суд даӯаны қысман қанаатландырыӯды, тәреплердиң
ортасындағы 2024 жыл 24 сентябрь күни дүзилген 02/01-745273а -санлы
шәртнаманы бийкарлаў, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 6 000 000 сом
жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет
пайдасына 4 954 114,75 сом ( шәртнаманы бийкарлаӯ талабы бойынша БЕМ
10 есеси муғдарында 4 120 000 сом + 41 705 737,26сом *2% =834 114,75 сом)
өндириӯди, ис видеоконференцбайланыс режиинде көрилиўи менен
байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлерин Өзбекстан Республика
Жоқарғы суды депозит есабына ѳндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
етти :
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
ХХХХХ ҳәм
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети
ортасында 2024 жыл 24 сентябрь күни дүзилген 02/01-745273а-санлы
шәртнама бийкар етилсин.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан ХХХХХ
пайдасына 6 000 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети
есабынан
Республика бюджет пайдасына 4 954 114,75 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан
Республика Жоқарғы суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери
өндирилсин.
Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар үстинен усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы Судының
экономикалық судлаӯ коллегиясына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы
күшине кирген күнинен алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге,
прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Хасанова
4