← Назад
Решение #2843203 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
12 670 символов
****3/****-санлы экономикалық ис
Исти биринши инстанцияда
көрген судья –****
Апелляция инстанциясында
баянатшы судья –****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
**** жыл ****
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы судья ****ның басшылығында, коллегия ағзалары ****ҳәм ****
ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси **** хаткерлигинде, даўагер хожалық
баслығы - ****, **** фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкеми ўәкили – ҳуқық мәсләҳатшысы **** (**** жыл 31 октябрь күнги ****санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили – жәмийет юрисконсульты
**** (**** жыл 27 август күнги 5-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс
Туқымгершиликти **** орайы Мәмлекетлик мәкемеси **** Республикасы
басқармасының ўәкили мәкемениң бас есапшысы **** (**** жыл 20 ноябрь
күнги ****-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, ****
фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң даўагер
**** фермер хожалығының мәпинде жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен **** жыл ҳасылы ушын **** сом үстеме, **** жыл ҳасылы ушын
****,9 сом үстеме ҳәм **** сом пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша
жүритилген экономикалық ис жүзесинен қабыл қылынған Беруний районлар
аралық экономикалық судының **** жыл **** күнги шешиўши қарарына
наразы болып**** фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкеминиң даўагер **** фермер хожалығының мәпинде берген апелляциялық
шағымын, видеоконференциялық байланыс режими арқалыкөрип шығып,
төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер **** фермер хожалығы
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) менен **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)ниң
орталарында**** жыл 5 январда ****-санлы пахта шийки затын жетистириў
бойынша фъючерс шәртнамасы (буннан кейин текстте шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген.
Шәртнамаға муўапық даўагер жуўапкерге 55 гектар жер майданынан
****тонна пахта шийки затынжеткерип бериў миннетлемесин, жуўапкер болса
өнимди қабыллап алыў ҳәм **** төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 4.5-бәнтиндетуқымлық пахта ушын туқымлықтың
өниўшеңлиги 90 пайыздан жоқары болғанда үстеме **** төлеўге келисилген.
Шәртнамаға тийкар даўагер тәрепинен жуўапкергежәми ****,09сомлық
**** кг 2-репродукциялы (R2) 1-сорт, 1-класс пахта шийки өнимижеткерилген.
Соның менен бирге, тәреплер ортасында **** жыл 8 январь күни
туқымлық пахтаны сатып алыў ҳәм төлемлерди төлеў **** ****/УП-3-санлы
2
шәртнама дүзилген болып, оған тийкар даўагер жуўапкерге жәми ****,09
сомлық **** кг 2-репродукция (R2) 1-сорт, 1-класс туқымлық пахта шийки
өними тапсырылған.
****,жуўапкер тәрепинен даўагердиң тапсырған туқымлық пахта
өниминиң биринши басқышы ушын **** сом ҳәм екинши басқышы ушын
20.****.****,99 сом жәми ****,9 сом төлеп берилмеген.
Сонлықтан, **** фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық
емес
шөлкеми(буннан
кейин
тексттеФермерлер
кеңесидеп
жүритиледи)даўагердиң мәпинде судқа даўа арзасы менен мүрәжат етип,
жуўапкерден **** жыл ҳасылы ушын **** сом үстеме, **** жыл ҳасылы ушын
****,9 сом үстеме ҳәм **** сом пеня өндириўди сораған.
Судтың **** жыл 8 сентябрь күнги уйғарыўы менен **** мәмлекетлик
шөлкеми **** Республикасы басқармасы(буннан кейин тексттеүшинши
шахсдеп жүритиледи)иске даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен
арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған.
Биринши инстанциясы судының **** жыл24 сентябрькүнги шешиўши
қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Шешиўши қарарға наразы болып Фермерлер кеңеси апелляция тәртибинде
шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл
қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатында,**** жыл 8 январь күнги ****/УП-3санлышәртнамадатөлемлер қандай тәртипте ҳәм үлеслерде есап-китап қылыныў
шәртлери анықластырылмағанлығын, биринши инстанция суды тәрепинен
Өзбекстан ****ң **** жыл 2 январь күнги 2-санлы қарары менен
тастыйықланған Реже талаплары итибарға алынбағанлығынкелтирген.
Суд мәжилисинде қатнасқанФермерлер кеңесиўәкилиапелляциялық
шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап,буннан тысқары даўагердиң
тапсырған туқымлық шигити сатылғанлығын, бул фермер хожалықларға
туқымлық шигит жеткерип бериў **** есапбети-фактуралар менен
тастыйықланатуғынлығын, **** жыл ҳасылы ушын туқымлық шигит тапсырыў
**** шәртнама нызамсыз екенлигин, басым астында дүздирилгенлигин
билдирип,шағымын қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкерўәкилиапелляциялық шағымда
билдирген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап,даўагерден **** жыл пахта
хасылынан қабыллап алынған туқымшылық пахта өниминен алынған туқымлық
шигит қайта исленбегенлигин ҳәм сертификатластырылмағанлығын, ал ****
жыл пахта хасылынан қабыллап алынған туқымшылық пахта өними тек ғана
**** ушын қабылланғанлығын ҳәмде **** жыл 8 январда дүзилген шәртнамаға
тийкар биринши ҳәм екинши басқыш үстеме пуллары туқымлық шигит
сатылғаннан соң төлеп берилетуғынлығы **** келисилгенлигин,даўагерден
қабыллап
алынған
туқымлық
шигит
бүгинги
күнге
шекем
сатылмағанлығынбилдирип, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкили жуўапкер тәрепинен
усынылған есабатында **** жыл пахта хасылынан қабыл қылып алынған
пахтаның 1 ҳәм 2-әўладынан жәми ****,6 тонна екенлиги, соннан жәми 71,9
тонна шигит таярланғанлығы, **** бул шигит дәриленбеген ҳәм техник шигитке
3
өткерилгенлиги, **** жыл хасылынан қабыл қылып алынған пахтаның 1 ҳәм
2-әўладынан жәми ****,4 тонна екенлиги, соннан жәми ****,2 тонна шигит
дәриленбегенлиги ҳәмде бүгинги күнде жуўапкерде **** атырғанлығы
көрсетилгенлигин билдирди.
Судлаў
коллегиясыисте
қатнасыўшы
шахслар
ўәкиллериниң
көрсетпелерин тыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып,
төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң ****-статьясының биринши бөлимине муўапық,
контрактация шәртнамасына муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўши
аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў яки сатыў ушын бундай өнимди сатып
алатуғын шахсқа –таярлаўшыға шәртлесилген мүддетте тапсырыў (тапсырып
турыў) миннетлемесин алады, таярлаўшы болса бул өнимди қабыл қылып алыў
(қабыл қылып турыў) оның **** шәртлесилген мүддетте белгиленген баҳада
төлеў (төлеп турыў) миннетлемесин алады.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкар,сатып алыўшы товар
**** усы Кодекстиң ****-статьясына тийкар белгиленген баҳада төлеўи, сондай**** нызамшылық, алды-сатты шәртамасы яки әдетте қойылатуғын талапларға
муўапық төлемди әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳәрекетлерди өз есабынан
орынлаўы лазым.
ПК ****-статьясының биринши ҳәм үшинши бөлимлерине тийкар
шәртнаманы орынлағанлық ушын тәреплердиң келисими менен белгиленген
баҳада **** төленеди.
Шәртнама дүзилгеннен кейин баҳаны өзгертиўге нызамшылық яки
шәртнамада нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм шәртлерде жол қойылады.
Биринши инстанция суды даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў
**** дурыс шешимге келген.
Себеби,Өзбекстан ****ң **** жыл 2 январь күнги 2-санлы “Республика
**** пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары ҳәм кластерлери мекемелерине
берилген майданларда туқымлық пахта шийки өнимин жетистириўди
қаржыландырыў тәртиби **** Режени тастыйықлаў ****” қарарына тийкар
ислеп шығарылған Реже (буннанкейинги текстте Реже деп жүритиледи)ниң
3-бабы 16-бәнди “б” киши бәнди биринши ҳәмде екинши хатбасышында
биринши басқышта тапсырылған туқымлық пахта шийки өними ушын
есапланған үстемениң 50 пайызы муғдарында пахта-тоқымашылық ислеп
шығарыўлары қурамына кириўши туқымшылық хожалықларына пахта шийки
өнимин тапсырған **** төлениўи ҳәмде екинши басқышта туқымлық шигит
егилгеннен (сатылғаннан) кейинүстемениң қалған 50 пайыз бөлеги **** пайыз
деп есапланып, соннан 10 пайызы пахта тоқымашылық ислеп шығарыў
ыхтиярында қалдырылады, 40 пайызы олардың қурамына кириўши туқымлық
фермер хожалықлары ыхтиярында қалдырылыўы белгиленген.
Соның менен бирге, үшинши шахс тәрепинен судлаў коллегиясына
усынылған **** жыл 21 ноябрь күнги ****-санлы мағлыўматнамасына көре,
**** жыл пахта хасылынан тийкарғы фондқа қабыл қылып алынған пахтаның
Султан сорты 1-әўладынан 52,8 тонна, 2-әўладынан 82,8 тонна жәми ****,6
4
тонна екенлиги, соннан күтилип атырған туқымлық шигит муғдары
R1-әўладынан 28 тонна,R2-әўладынан 43,9 тонна жәми 71,9 тонна шигит
таярланғанлығы, **** бул шигит дәриленбеген ҳәм техник шигитке
өткерилгенлигин, **** жыл хасылынан захира фондына қабыл қылып алынған
пахтаның Султан сорты 1-әўладынан 64,5 тонна, 2-әўладынан ****,9 тонна жәми
****,4 тонна екенлиги, соннан 1-әўладынан 33,1 тонна, 2-әўладынан 88,7 тонна
жәми ****,2 тонна шигит дәриленбегенлиги ҳәмде бүгинги күнде жуўапкерде
**** атырған.
Сондай-****, тәреплер ортасында **** жыл 8 январь күнги дүзилген
****/УП-3-санлы шәртнаманың3-бәнтине тийкар хожалыққа төленетуғын
биринши ҳәм екинши басқыштағы үстеме пуллары туқымлық шигит
сатылғаннан кейин төленетуғынлығы белгиленген.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге тапсырылған **** ҳәм **** жыллардағы
пахта хасылының туқымлық пахта өнимлеринен алынған туқымлық шигитлер
сатылмағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Бул жағдайда, даўагерден қабыл қылынған **** жыл пахта хасылынан
алынған туқымлық шигити ушын есапланған екинши басқыш төлемин ҳәмде
**** жыл пахта хасылынан алынған туқымлық шигити ушын есапланған
биринши ҳәм екинши басқыш төлемин төлеў миннетлемеси, туқымлық шигит
сатылмағанлығы себепли, жуўапкерде жүзеге келмеген есапланады.
Соның менен бирге, биринши инстанция суды даўагер даўа
арзасындағыжуўапкерден****
сом
пеняөндириўи
сорағанталабын
қанаатландырыўсыз қалдырыў **** дурыс **** келген.
Себеби, даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабы
тийкарсызболғанлықтан, даўаның пеня өндириўди сораған талабы да тийкарсыз
есапланып, даўаның бул талабы да қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
Судлаў коллегиясы, Фермерлер кеңесиниң апелляциялық шағымында ҳәм
суд мәжилисинде келтирген ўәжлери менен келисе алмайды.Себеби, Өзбекстан
****ң **** жыл 2 январьдағы 2-санлы қарары менен тастыйықланған Режеге
тийкар даўагерге екинши басқышта төлениўи керек 50 пайыз бөлеги туқымлық
шигит сатылмағанлығы себепли төленбеген.**** жыл ҳасылынан тапсырылған
туқымлық шигити болса тәреплер ортасында дүзилген шәртнамаға тийкар
жуўапкерге **** ушын тапсырылған.Шәртнамаға муўапық төлемлер туқымлық
шигит сатылғанынан соң әмелге асырылыўы белгиленген.Бул шәртнама бүгинги
күнде нызамлы күшинде болып, бийкар етилмеген яки суд тәрепинен **** емес
деп табылмаған.
Даўагер тәрепинен тапсырылған туқымлық шигит сатылмағанлығы
үшинши шахстың берген мағлыўматы, жуўапкердиң үшинши шахсқа тапсырған
есабатлары менен тастыйықланады.Даўагердиң судқа усынған фермер
хожалықларға туқымлық шигит тарқатылғанлығы **** есапбети-фактуралар
даўагердиң тапсырған туқымлық шигити сатылғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжет болып есапланбайды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар,апелляция инстанциясы
суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша
5
шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши
инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды
қанаатландырыўсыз
қалдырыўды,
даўагер
Өзбекстан
Республикасы
Президентиниң **** жыл 10 октябрь күнги “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм
**** жер ийелери искерлигин және де **** бойынша шөлкемлестирилген ****
****” ғы ПҚ-****-санлы қарарының 3-бәнтине тийкар мәмлекетлик ****
төлеминен азат етилгенлиги себепли исти көриў нәтийжеси менен даўагерден
мәмлекетлик **** өндирмеўди, төленген ****0 сом почта қәрежетин даўагердиң
мойнында қалдырыўды, суд мәжилиси видеоконференциялық байланыс
режиминде көрип шығылғанлығы ушын даўагерден Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозитине **** сом суд қәрежетин өндириўдилазым табады.
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң****,****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды
қ а р а р е т т и:
Берунийрайонлар аралық экономикалық судының **** жыл 24 сентябрь
күнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Даўагер **** фермер хожалығы тәрепинен апелляциялық шағымы ушын
төлеген **** сом почта қәрежети оның мойнында қалдырылсын.
Даўагер **** фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
суды депозитине **** сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия
тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****