Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2121 Дата решения 21.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID bbacba81-d1eb-4ab7-b98d-956d1069507b Claim ID PDF Hash a1b9b08d403b1a1b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2121-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 21-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагерден баслық **, ўәкили ** (2025-жыл 07-ноябрь күнги 96-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер банк ўәкиллери ** (2025-жыл 28-январь күнги 4002/15-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 18август күнги 02/17-4-17999-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Нөкис қаласы "**" мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң "**" акционерлик-коммерциялық банкин жуўапкер қатарында көрсетип, 2023-жыл 25-апрель күнги 30-санлы кредит шәртнамасына кредит қайтарыў мүддетин еки жыллық жеңиллик дәўири менен он жыл мүддетке узайтырыў, кредит ушын банк процентин сегизге пәсейтиў бойынша тийисли өзгерислерди киритиў миннетлемесин жүклеў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер "**" мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси "**" акционерлик-коммерциялық банкин жуўапкер қатарында көрсетип, 2023-жыл 25-апрель күнги 30-санлы кредит шәртнамасына кредит қайтарыў мүддетин еки жыллық жеңиллик дәўири менен он жыл мүддетке узайтырыўды, кредит ушын банк процентин сегизге пәсейтиў бойынша тийисли өзгерислерди киритиў миннетлемесин жүклеўди сораған. Судтың 2025-жыл 28-октябрьдеги, 07-ноябрьдеги уйғарыўлары менен Қарақалпақстан Республикасы ** даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ҳәм оның ўәкили даўа талабын үнамлы шешиў мақсетинде мәмлекет органларына мүрәжат қылынғанын, бирақ кредит шәртнамасына тийисли озгерислер киритилмей атырғанын, сонлықтан судқа мүрәжат етиўге мәжбур болғанын, даўа арза тийкарлы екени иске қосылған ҳүжжетлери менен тастыйықланатуғынын билдирип, даўа талабын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер банк ўәкили суд мәжилисинде пул қаржылары мәмлекет есабынан ажратылыўы нәзерде тутылғанын, сонлықтан тийисли ҳәм арнаўлы мәмлекет органларының руҳсаты болған жағдайда өзгерислер киритилиўи мүмкин екенлигин, бирақ усы күнге шекем мәселе үнамлы шешилмей атырғанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс **ниң ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен 2 тастыйықланады. Үшинши шахс ** суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарсыз екени ҳаққындағы ўәжлерин мәлим етип, жазба пикири бойынша даўа талабын қанаатландырыўға тийкар жоқлығы себепли даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс ** суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде даўаның талабы әмелдеги нызамшылық талапларына қайшы келетуғыны себепли оны қанааталандырмаўды сораған. Қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд исти көриўди лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң, түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм даўагер орталарында 2023жыл 25-апрель күни дүзилген 30-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк 84 ай мүддетке, 12 процент жыллық ставкада 1 200 000 000 сом муғдарында кредит ажыратқан. Бул кредит шәртнамасының 2.7-бәнтинде қаржыландырыў дереги болып Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 27-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти жәнеде қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-316-санлы Қарарының 2-бәнтинде төмендегилер белгилеп қойылған: а) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредитлер жойбар интәкерлерине (ташшабускорларига) төмендеги дифференцияластырылған процент ставкаларында ҳәм шәртлерде ажыратылады: Ташкент қаласында - 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 12 процент ставкада; Нөкис қаласы, ўәлаятлар ҳәкимшилик орайлары ҳәм ўәлаятқа бойсыныўшы қалаларда - 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 8 процент ставкада; районларда - 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 5 процент ставкада; б) усы бәнттиң "а" киши бәнтинде белгиленген жеңиллетилген кредит шәртлери ҳәм процент ставкалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 12-апрельдеги "Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыўға байланыслы 3 қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-5071-санлы қарарына тийкарланып дифференцияластырылған процент ставкалары бойынша ажыратылған жеңиллетилген кредитлерге де енгизиледи. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-январьдағы «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4581санлы Қарарының 3-бәнти «б» киши бәнтинде Нөкис қаласы, ўәлаятлардың ҳәкимшилик орайлары ҳәм ўәлаят қарамағындағы қалаларда - 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 8 процент ставкада белгиленгени себепли ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 12-апрельдеги «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5071-санлы Қарары талапларына тийкар даўагер судқа даўа арзасы менен мүрәжат еткен. Даўаның талабында әмелдеги 2023-жыл 25-апрель күнги 30-санлы кредит шәртнамасына кредит қайтарыў мүддетин еки жыллық жеңиллик дәўири менен он жыл мүддетке узайтырыў, кредит ушын банк процентин сегизге пәсейтиў бойынша тийисли өзгерислерди киритиў миннетлемесин жүклеў соралған. Суд даўа талабы менен келисе алмайды. Себеби ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. Аты аталған ПҚ-4581-санлы Қарарының 3-бәнти «в» киши бәнтинде, «2021-жылда ҳәм келеси жылларда дүзилетуғын питимлер халықаралық финанс институтларынан тартылатуғын жеңиллетилген кредитлер (қарызлар), сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын алдын ажыратылған кредитлер бойынша жеке меншик шерик тәрепинен қайтарылатуғын тийкарғы қарызлар есабынан қаржыландырылады» деп белгиленген. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм истеги даўагер орталарында 2022-жыл 30сентябрь күни 0474-х/01-санлы 120-орынлы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ҳаққындағы питим дүзилген. Сондай-ақ, аты аталған ПҚ-5071-санлы қарарына даўагердиң тийкарланған ўәжлери менен суд келисе алмайды. Себеби бул қарардың 1бәнтинде 2018-2019-жылларда мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ҳаққындағы дүзилген питимлери мәселелери бойынша шешими белгилеп берилген. 4 Баян етилгенлерге көре, суд даўаның талабын қанаатландырмаўды, төленген почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды мақул табады. ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине көре, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги алдын ала төленген мәмлекетлик бажы даўагер мойнында қалдырылып, даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Нөкис қаласы "**" мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов