Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1606 Дата решения 21.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID ff39add8-cdbf-4509-987e-c8dd598a30bd Claim ID PDF Hash ca117e2d520d0282... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 21 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова, даўагер «Hududi l ktr t rm kl ri» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер жеке исбилермен «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан 4 025 765,01 сом тийкарғы қарызы, 370 212,50 сом пеня, жәми 4 395 977,51 сом қарыздарлықты өндириўди сораған даўа арзасына тийкар экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер «Hududi l ktr t rm kl ri» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер жеке исбилермен “ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) есабынан 4 025 765,01 сом тийкарғы қарызы, 370 212,50 сом пеня, жәми 4 395 977,51 сом қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейин текстте – ЭПК) 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2022 жыл 26 апрель күни 5445-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 4 025 765,01 сом тийкарғы қарыздарлығы пайда болған. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбүриятын алады. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнамалар, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. “ENERGOSAVDO” филиалы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 22 октябрь күни 002-06/1888-санлы талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық толық төленбеген. Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен тийкарғы қарыздарлығы 2025 жыл 01 октябрь халатына 4 025 765,10 сомды қураған. Бул халатда даўа арза талабы толық қанаатландырылыўы лазым. Сондай-ақ, даўагер даўа арзасында шәртнаманың 3.12-бәнтине муўапық жуўапкерден қабыл етилген энергия ҳақын өз ўақтында төлемегенлиги ушын 370 212,50 сом пеня өндирилиўи соралған. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди деп түсиник берилген. Пеня талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 4 025 765,10 сом тийкарғы қарызды, 370 212,50 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы ондириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырылсын. Жеке исбилермен “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан «Hududi l ktr t rm kl ri» акционерлик жәмийети пайдасына 4 025 765,01 сом тийкарғы қарызы, 370 212,50 сом пеня, жәми 4 395 977,51 сом қарыздарлық ҳәм төленген 41 200 сом почта қарежетлери өндирилсин. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова