← Назад
Решение #2843393 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2282-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 21-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили *** (2025-жыл 15-июль күнги 02-09/2236-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер "***" ЖШЖ баслығы ***тың қатнасыўында, ***ның
даўагер АК «***» мәпинде жуўапкерлер "***" жуўапкершилиги шекленген
жәмийети ҳәм "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
пайдасына 18 605 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***»
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа
даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерлер "***" жуўапкершилиги шекленген
жәмийети ҳәм "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
пайдасына 18 605 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили бүгинги күнде даўадағы
қарыздарлық төленгенлигин, кейинги дәўирден қарызы бар екенлигин билдирип,
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер "***" ЖШЖ баслығы кейинги дәўирге пайда
болған пайыз қарыздарлығын тез арада толық төлейтуғынлығын билдирип,
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер "***" ЖШЖ, Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд
мәжилисине келмеди.
Палата өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди
сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына
тийкар исти Палата, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмесин тыңлап, истеги
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 1-май күни
590-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға тийкар жуўапкерге автомобиль сатып алыў ушын 84 ай
мүддетке, жыллық 14% төлеў шәрти менен 869 370 000 сом муғдарында кредит
ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
2
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке
(қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер
тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул
суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
Жуўапкер
тәрепинен
шәртнама
шәртлери
лазым
дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 22-август күни
жағдайына пайыз қарызы 18 605 000 сомды қураған.
Исте анықланған жағдайға қарағанда, жуўапкер тәрепинен 2025-жыл 22августтан судқа даўа арза бергенге шекем (2025-жыл 7-ноябрь) 28 500 000 сом
пайыз қарыздарлығы төленген.
Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 18 605 000 сом
пайыз қарыздарлықты өндириў талабы тийкарсыз есапланады.
Сонлықтан, даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши, жетинши бөлимлерине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекет органлары ҳәмде
басқа шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин
гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған яки олар
қысман қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплери гөзленип
даўа усынылған шахслардан даўа талапларының қанаатландырыўсыз
қалдырылған бөлегине сәйкес түрде өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин мойнында
қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер
АК
«***»тен
республика
бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов