← Назад
Решение #2843410 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы ис
судья З.Хасанова
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 21 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хәткерлигинде, даўагер
банк ўәкили ХХХХХ (2025-жыл 17-январь күнги 02-09/300-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даӯагер АК “ХХХХХ” мәпин
қорғап жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 11 382
000
сом
мүддети
өткен
тийкарғы
кредит
қарызы,
5 511 000 ом мүддети өткен пайыз қарызы, жәми 16 893 000 сом кредит
қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейин текстте Палата деп жүритиледи) даӯагер АК “ХХХХХ”
(кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап жуўапкер "ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейин текстте жуӯапкер деп
жүритиледи)нен 11 382 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 5 511
000 ом мүддети өткен пайыз қарызы, жәми 16 893 000 сом кредит
қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежети өндириўди сорап экономикалық
судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қысман қоллапқуӯатлап, жуўапкер тәрепинен кредит қарыздарлық қысман төленгенлиги
себепли, төленген сумманы шегирген ҳалда, даўа арза талабын қысман
қанаатландырыўды сорады.
Палата ўәкили ҳәм жуӯапкер истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында
тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине
келмеди.
Палата даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди
сорады.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128, 170-статьялары
талапларына тийкар исти олардың қатнасыўысыз көриў мүмкин деген
жуўмаққа келди.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмесин еситип ҳәм ис бойынша
топланған ҳүжжетлерди уйренип шығып, даўа арза талабын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2025
жыл 07 март күни дүзилген 82-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
1
тәрепинен жуўапкерге 36-ай мүддетке, жыллық 21 % төлеў шәрти менен
100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (кейин ПК деп
жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт
деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 1.1, 4.2.1 -бәнтлерине муўапық шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын
жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде
жуўапкердиң 2025 жыл 24 октябрь халатына мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызы 11 382 000 сом, мүддети өткен пайыз қарызы 5 511 000 сомды кўраған.
Даӯагердиң судқа усынылған 625-санлы мағлыӯматнамасына қарағанда,
2025 жыл 21 ноябрь күнине жуӯапкердиң банк алдында 9 004 000 сом мүддети
өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 3 918 000 сом мүддети өткен пайыз қарызы
қурайтуғынлығы көрсетилген.
Даўаның кредит қарыздарлығын өндириӯди сораған талабы тийкарлы.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен тийкарғы кредит қарзы қысман төленген.
Бул жағдайда суд, даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден банк пайдасына 9 004 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызын ҳәм 3 918 000 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириўди лазым
тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа арза талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 9 004 000 сом мүддети
өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 3 918 000 сом мүддети өткен пайыз
қарызын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм де Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
2
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
Өзбекстан Республикасы Акционерлик коммерциялык “ХХХХХ”
пайдасына 9 004 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 3 918 000
сом мүддети өткен пайыз қарызы ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине
кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол
нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде
арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3