Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2254 Дата решения 21.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4ab89ef3-ee55-4475-ac5c-31acbada9552 Claim ID PDF Hash 64e2efcca7702a6b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2254-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 21-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, ** (кейин-палата) даўагер Қараөзек районы “**” ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен 4 724 759 сом қарыз, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Палата даўагер “**” ЖШЖниң мәпинде жуўапкер “**” ЖШЖнен 4 724 759 сом қарыз, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 14-январь күни 4-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 4 740 000 сомлық п/э д-110-sdr-26 болған размердеги труба жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Тәреплер орталарында 2022-жыл 13-май күни 17-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 293 378 720,53 сомлық ҳәр қыйлы размердеги трубаларын жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Тәреплер орталарында 2025-жыл 15-март күни 23-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 160 200 000 сомлық ҳәр қыйлы размердеги труба жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Тәреплер орталарында 2024-жыл 14-август күни 58-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 43 494 000,55 сомлық ҳәр қыйлы размердеги труба жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Сондай-ақ, тәреплер орталарында 2024-жыл 30-август күни 72-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 35 000 000 сомлық п/э д-110-sdr-26 болған размердеги труба жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Шәртнамалар жүзесинен қарыздарлық келип шыққаны себепли палата даўагер мәпинде жуўапкерден қарыз өндириў мақсетинде судқа мүрәжат еткен. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Иске қосылған электрон есапбет-фактураларда трубалардың жеткизилгени тастыйықланады. Бирақ қалдық 4 724 759 сом төленбестен қалғаны себепли оны өндириў талабы тийкарлы табылады. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 4 724759 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 2031–2035статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен Қараөзек районы “**” ЖШЖниң пайдасына 4 724 759 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов