← Назад
Решение #2843460 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2224-санлы экономикалық ис
судья С.Ниязов
УЙҒАРЫЎ
(ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 21-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даӯагер
ӯәкили *** (2025-жыл 8-январь күнги 01-101/01-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ЖШЖ баслығы ***тың қатнасыӯында, ***ның даўагер ***ның
мәпинде жуўапкер “***” ЖШЖнен даўагер пайдасына кредит бойынша
2 000 000 000 сом тийкарғы қарызын, 323 526 870,75 сом пайыз өндириў,
өндириўди гиреўдеги мүлкке қаратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер *** (буннан
кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер
деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына кредит бойынша 2 000 000 000 сом
тийкарғы қарызын, 323 526 870,75 сом пайыз өндириў, өндириўди гиреўдеги
мүлкке қаратыўды сораған.
Суд мәжилисинде даӯагер ӯәкили *** юридикалық шахс емеслигин
билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ЖШЖ баслығы нызамлы шешим
қабыл етиўди сорады.
Палата ўәкили суд мәжилисине келмеди. Палата өз даўа арзасында исти
өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына
тийкар исти Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги
жағдайларға тийкар, ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды мақул
тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыӯынша, даўагер *** юридикалық шахс
статусына ийе емес.
ЭПКниң 110-статьясының 1-бәнтине көре, ис экономикалық судқа,
пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса,
экономикалық иси бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24-май
күнги “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам
нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы Қарарының
10-бәнтиниң үшинши хатбасысына көре, юридикалық шахстың айрықша
бөлими (филиалы, ўәкилханасы) юридикалық шахс статусына ийе емес ҳәм
2
исеним хат тийкарында юридикалық шахстың атынан ҳәрекет етеди. Егер
юридикалық шахстың айрықша бөлими (филиалы, ўәкилханасы) Өзбекстан
Республикасы Саўда-санаат палатасы ямаса оның аймақлық басқармасы ағзасы
болған болса, айрықша бөлим емес, ал оның юридикалық шахсы палата ағзасы
есапланады. Соның ушын, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы
ямаса оның аймақлық басқармасы тәрепинен киргизилетуғын даўа арзасында
даўагер сыпатында юридикалық шахс көрсетилиўи шәрт. Бул талапқа әмел
етпеў ЭПКниң 154-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкарланып даўа
арзасын қабыл етиўди бас тартыўға тийкар болады. Егер бул жағдай даўа арзасы
ис жүргизиўге қабыл етилгеннен кейин анықланса, ЭПКниң 110-статьясы
биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкарланып ис жүргизиў өндиристен
қысқартылады.
Сонлықтан, суд даўагер юридикалық шахс болмағанлығы себепли ис
бойынша ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды, бул жағдайда мәмлекетлик
бажы өндириў нәзерде тутылмағанлығы себепли ис бойынша мәмлекетлик
бажы өндирмеўди, даӯагер тәрепинен даўа арза берерде төленген 41 200 сом
почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды мақул тапды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110,
111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
***ның даўагер ***ның мәпинде жуўапкер “***” жуўапкершилиги
шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына кредит бойынша 2 000 000 000 сом
тийкарғы қарызын, 323 526 870,75 сом пайыз өндириў, өндириўди гиреўдеги
мүлкке қаратыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
иси бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы
тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда
белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов