← Назад
Решение #2843640 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2175-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 20-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 28-январь күнги 40-02/15-санлы исеним хат
тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 13-ноябрь күнги 3санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, ** (кейин-палата) даўагер «**»
акционерлик-коммерциялық банк мәпин қорғап, жуўапкер Тахыятас районы
«**» ЖШЖнен ҳәм Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен мүддети өткен
426 633 174.98 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 92 143 340,85 сом
процент қарызларын солидар тәртипте, төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер «**» акционерлик-коммерциялық банк мәпинде
жуўапкер «**» ЖШЖнен ҳәм «**» ЖШЖнен мүддети өткен 426 633 174.98
сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 92 143 340,85 сом процент
қарызларын солидар тәртипте, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған.
Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыў соралған. Сонлықтан ис палата ўǝкилиниӊ қатнасыўысыз көриледи.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзада талап қылынған
кредит, процент төлемлери қысман сөндирилгени ҳаққындағы мағлыўматын
усынып, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўды сорады.
Қосымша жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде медиация питимин дүзиў
илажларын көрип атырғанын, бирақ банк алдындағы мүддети өткен
қарызлары толық сөндирилмегени себепли оны дүзиў имканияты болмағанын
билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд
исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы
тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа
талапларын кысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм кредит алыўшы-жуўапкер
орталарында 2022-жыл 13-июнь күни дүзилген 14-санлы кредит шәртнамасы
тийкарында, жыллық 26% ставкада 44-ай мүддетке 2 950 000 000 сом кредит
ажратылған.
Кредит мақсети « W » маркалы үш дана жүк тартқыш ҳәм үш дана
ярым тиркемели самосвал автотехникаларын сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.3, 2.6-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада,
шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Кредит қайтымын тәмийинлеў мақсетинде банк, жуўапкер ҳәм кепил
«**» ЖШЖти орталарында 2022-жыл 13-июнь күни кепиллик шәртнамасы
дүзилген. Бул шәртнаманың 2.1-бәнтине муўапық, кепиллик бериўши 2 000
000 000 сомға кепиллигин берген.
ПК 252-статьясының биринши бөлимине көре, қарыздарлар шерик
болып
миннетлеме
алғанында
кредитор
барлық
қарыздарлардан
миннетлемени солидар орынлаўдыда, соның менен бирге қарызды толық яки
оның бир бөлегин орынлаўдыда талап қылыўға ҳақылы.
ПК 292-статьясының биринши бөлимине тийкар, кепиллик шәртнамасы
бойынша кепил басқа шахс өз мәжбуриятларын толық яки қысман орынлаўы
ушын оның кредиторы алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
ПК 293-статьясына тийкар, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген
мәжбуриятты орынламаса, яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда,
кепиллик бериўши ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар тәртипте жуўап
береди.
Иске қосылған банктың 2025-жыл 08-октябрь күнги 63-1-25-63/1696санлы мағлыўматында, жуўапкердиң мүддети өткен 426 633 174,98 сом
кредит, 92 143 340,85 сом процент қарызлары көрсетилген. Бирақ бул
қарызлар қысман сөндирилген.
Суд мәжилисинде усынылған банк мағлыўматында жуўапкердиң 2025жыл 20-ноябрь күнине мүддети өткен 241 517 445,24 сом кредит, мүддети
өткен 60 717 600,26 сом процент қарызлары көрсетилген.
Қарызлар толық сөндирилмегени себепли оның солидар тәртипте талап
қылыныўы тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы банктиң
ескертиў хатлары жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге
асырылмаған.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерлерден солидар тәртипте даўагер банк
пайдасына мүддети өткен 241 517 445,24 сом кредит, мүддети өткен
60 717 600,26 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның
қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан 10 375 530,31 сом мәмлекетлик
бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден банк пайдасына
41 200 сом почта қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Тахыятас районы «**» ЖШЖнен ҳәм Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен
солидар тәртипте “**” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына мүддети
өткен 241 517 445,24 сом кредит, мүддети өткен 60 717 600,26 сом процент
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 10 375 530,31 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
«**» ЖШЖнен “**” акционерлик-коммерциялық банк пайдасына 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов