Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2229 Дата решения 20.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b5bb5585-9716-468e-abad-ffd7b6e638d7 Claim ID PDF Hash 1fd42b3e8f37fd48... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2229-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 20-ноябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев, даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийетиниң жуўапкер “Нодира Индира” фермер хожалығынан 4 360 072 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети (кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип “Нодира Индира” фермер хожалығынан (кейинги орынларда жуўапкер) пайдаланылған электр энергиясы ушын 4 360 072 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясиниң екинши бөлимине көре, жуўапкер даўа арзасы жүзесинен жазба пикирин даўа арзаны ис жүргизиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланған ҳүжжетлер ҳәм дәлиллерди қосымша еткен ҳалда усыныўға ҳақлы. Жазба пикирге оның көширме нускасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи. Усы Кодекстиң 2034-статьясы үшинши бөлимине көре, даўа арзасы жүзесинен жазба пикир жуўапкер яки онын ўәкили тәрепинен имзаланады. Ўәкил тәрепинен имзаланған жазба пикирге исеним хат қосымша етиледи. Бирақ жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмады. Усы Кодекстиң 2034-статьясы төртинши бөлимине көре даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тартипте хабардар етилген жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўға тосқынлық етпейди. Усы жағдайда суд усынылған ҳүжжетлер исти мазмуннан көрип шығыў имканиятин бериўин инабатқа алып, исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўды лазым деп есаплайди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл 10-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2025-жыл 26-март күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Жуўапкер тәрепинен 4 360 072 сӯм қарыздарлығы төленгенлиги даўагердин мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 4 360 072 сӯм тийкарғы қарыз өндириӯ талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сол себепли, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сӯм почта қәрежети, республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “Нодира Индира” фермер хожалығынан даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети пайдасына 41 200 сӯм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “Нодира Индира” фермер хожалығынан республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин 10 күн мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев