← Назад
Решение #2843809 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2176-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 20-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 28-январь күнги 40-02/15-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 13-ноябрь күнги 9-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасында, ** (кейин-палата) даўагер “**” акционерлик-коммерциялық банк
мәпин қорғап, жуўапкер Тахыятас районы «**» ЖШЖнен мүддети өткен
94 362 796,91 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер «**» акционерлик-коммерциялық банк мәпинде жуўапкер
«**» ЖШЖнен мүддети өткен 94 362 796,91 сом процент, төленген почта
қәрежетин өндириўди сораған.
Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыў соралған. Сонлықтан ис палата ўǝкилиниӊ қатнасыўысыз көриледи.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзада талап қылынған
процент төлеми қысман сөндирилгени ҳаққындағы мағлыўматын усынып,
даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде медиация питимин дүзиў илажларын
көрип атырғанын, бирақ банк алдындағы мүддети өткен қарызлары толық
сөндирилмегени себепли оны дүзиў имканияты болмағанын билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы тәреплер
ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын кысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары
(кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның
ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм кредит алыўшы-жуўапкер
орталарында 2022-жыл 03-ноябрь күни дүзилген 41-санлы кредит шәртнамасы
тийкарында, жыллық 14% ставкада 60-ай мүддетке 3 000 000 000 сом кредит
ажратылған.
Кредит мақсети « W » маркалы үш дана жүк тартқыш ҳәм үш дана
ярым тиркемели самосвал автотехникаларын сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.3, 2.6-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм
процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама
шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Иске қосылған банктың 2025-жыл 08-октябрь күнги 63-1-25-63/1697-санлы
мағлыўматында, жуўапкердиң мүддети өткен 94 362 796,91 сом процент қарызы
көрсетилген. Бирақ бул қарыз қысман сөндирилген.
Суд мәжилисинде усынылған банк мағлыўматында жуўапкердиң 2025-жыл
20-ноябрь күнине мүддети өткен 53 064 511,14 сом процент қарызы көрсетилген.
Процент төлеми толық сөндирилмегени себепли оның талап қылыныўы
тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы банктиң ескертиў
хатлары жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына 53 064 511,14 сом
процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден банк пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талабы кысман қанаатландырылсын.
Тахыятас районы «**» ЖШЖнен “**” акционерлик-коммерциялық банк
пайдасына мүддети өткен 53 064 511,14 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 847 255,93 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов