Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2182 Дата решения 20.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8cc1bd9b-8e94-4bd7-a5bc-c1c8b83eb3bc Claim ID PDF Hash 230b8964dab12c8c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2182-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 20-ноябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаева хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.Уббиниязов (2025-жыл 5-ноябрь күнги 09-007/1428-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили Д.Нариманов (баслық) қатнасыӯында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ АТБ «Бизнесни ривожлантириш банки» мәпин қорғап, жуўапкер “FUEL S ION” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 98 509 169 сўм кредит қарызын өндириўди сораған даўа арзасын өз суд имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги текстлерде Палата деп жүритиледи) АТБ «Бизнесни ривожлантириш банки» (кейинги текстлерде даўагер яки банк деп жүритиледи) мәпинде Беруний районлар аралық экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “FUEL S ION” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 98 509 169 сўм кредит қарызын өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден 98 509 169 сўм кредит қарызын өндириўди сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили 98 509 169 сўм кредит қарыздарлығын 2025-жыл 5-декабрь күнине шекем төлейтуғынлығын билдирди. Палата даўа арзасында исти өзиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128, 170-статьяларына муўапық Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд тәреплер ӯәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 4-март күни дүзилген 1545-санлы “Кредит линиясын ашпастан кредит бериў” шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 28 % бенен 24 ай мүддетке 1 200 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Кредит шәртнамасының 1.1-бандине тийкар банк қарыз алыўшыға усы шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын бериў, қарыз алыўшы болса, алынған пул қаржыларын қайтарыў ҳәм пул қаржыларынан пайдаланғанлығы ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алған. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли 98 509 169 сўм кредит қарыздарлығы барлығы истеги кредит шәртнамасы, даўагер менен жуўапкер ўәкиллериниң суд мәжлисиндеги кѳрсетпеси ҳәм банк мағлыўматнамасы менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сол себепли, суд даўагердиң даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына 98 509 169 сўм кредит қарызы, алдыннан тѳленген 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди, ЭПКниң 118-статьясына тийкар жуўапкерден республика бюджетине 1 970 183,38 сўм мәмлекетлик бажы, исти Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине видеоконференцалоқа режиминде көриў менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер “FUEL S ION” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен АТБ «Бизнесни ривожлантириш банки» пайдасына 98 509 169 сўм кредит қарызы, алдыннан тѳленген 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “FUEL S ION” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 970 183,38 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Жуўапкер “FUEL S ION” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сўм суд қәрежети ѳндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев