Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1572 Дата решения 20.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c4f23527-549a-4298-a2d3-393f9fefb0dc Claim ID PDF Hash 6928ecaf4a9412e4... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИӮШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 20 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер ХХХХХнан 35 776 372,70 (соннан 23 884 480,60 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарыздарлығы, 1 341 435,70 сом пайыз, 1 076 000 сом пеня, жәми 38 193 435,70 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў, өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 35 776 372,70 (соннан 23 884 480,60 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарыздарлығы, 1 341 435,70 сом пайыз, 1 076 000 сом пеня, жәми 38 193 435,70 кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди, өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер ҳәм жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Даўагер ўәкили И.Ерназаров 2025 жыл 18 ноябрь күнги суд мәжилисинде даўа талапларын қысман қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық қысман төленгенлиги себепли даўа арза талабын төленген сумманы шегирген ҳалда қысман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили Г.Мамбетов 2025 жыл 18 ноябрь күнги суд мәжилисинде кредит бойынша қарыздарлық қысман төленгенлигин билдирип, пеня талабын қысман қанаатландырыўды сорады. Палата даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында Палата тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына муўапық исти Палата ўәкили қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Ис ҳүжжетлерден анықланыўынша, Банк пенен жуўапкер ортасында 2020 жылы 15 декабрь күни 16322-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. 1 Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға шарўашылықты шөлкемлестириўге 15 бас нәсилли қарамаллар алыў мақсетинде 2025 жыл 15 декабрь күнине шекем 12 пайыз қайтарыў шәрти менен 220 000 000 сом муғдарында кредит ажратылған. Банк, жуўапкер ортасында гиреӯ шәртнамасы дүзилип, жуўапкерге тийисли болған J B 3D SU R марқалы, 2019 жылы шығарылған, кузов 1609980, двигатель 686Q2200, мәмлекетлик белгиси 95 FA113 болған автотранспорт қуралы гиреў мүлк сыпатында қабыл етилген ҳәм усы мүлк 275 000 000 сомға баҳаланған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. ПКниң 736-статьясының 2-бөлиминде қарыз шәртнамасында қарызды бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасының 1.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 2.3.5-бәнтине муўапық қарыз алыўшы кредит ҳам есапланған пайызларды белгиленген графикке тийкар қайтарылмағанда, кредиттен мақсетсиз пайдалынылғанда, сондай-ақ шәртнаманың 4.1-бәнти талапларын орынламағанда кредит шәртнамасыны мүддетинен алдын бийкар қылыныўы, кредит ҳәм оған есапланған пайызларды өндирип бериўди сорап, судқа мүрәжат етиўге ҳақлы екенлиги белгиленген. Шәртнамасының 3.3-бәнтинде кредит ҳәм оған есапланған пайызлар төлеми кешиктирилгенде, қарыз алыўшы кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлем суммасының 0,3 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген сумманың 10 пайызынан артық болмаған муғдарда банкке пеня төлейди. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. 2 Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 35 776 372,70 (соннан 23 884 480,60 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарыздарлығы, 1 341 435,70 сом пайыз, 1 076 000 сом пеня, жәми 38 193 435,70 сом кредит қарыздарлығы қураған. Банктиң 2025 жыл 06 ноябрьде берилген 14/1048-санлы мағлыўматнамасында 5 945 946,16 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызы, 23 884 480,60 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 235 316 сом пайыз, 252 000 сом пеня, жәми 30 376 821,87 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Бал жағдайда, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден 30 376 821,87 сом кредит қарыздарлығын өндириўди мақул тапты. ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының “Гиреў ҳаққында”ғы Нызамның (жаңа редакцияда) 26-статьясына муўапық гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийнленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған ямаса лазым дарежеде орынламағанда гиреўге қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен тәреплер ортасында дүзилген кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбаған. Сонлықтан, суд өндириўди жуўапкерге тийисли болған гиреўге қойылған мүлкке қаратыўды мақул деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 29 889 505,87 (соннан 23 934 559,71 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарыздарлығы, 235 316 сом пайыз, 252 000 сом пеня, жәми 30 376 821,87 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 763 868,71 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. ХХХХХ есабынан акционерлик коммерциялық “ХХХХХ” пайдасына 29 889 505,87 (соннан 23 934 559,71 сом мүддети өткен) тийкарғы кредит қарыздарлығы, 235 316 сом пайыз, 252 000 сом пеня, жәми 30 376 821,87 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Өндириўди ХХХХХна тийисли болған J B 3D SU R марқалы, 2019 жылы шығарылған, кузов 1609980, двигатель 686Q2200, мәмлекетлик белгиси 95 FA113 болған экскаваторға қаратылсын. 3 ХХХХХ есабынан республика бюджетине 763 868,71 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4