← Назад
Решение #2844363 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис
Исти биринши инстанцияда
көрген судья –****
Апелляция инстанциясында
баянатшы судья –****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
**** жыл ****
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы судья****ң басшылығында, коллегия ағзалары судьялар**** ҳәм
**** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси****ң хаткерлигинде, даўагер
ўәкили хожалық директор орынбасары **** (**** жыл 6 ноябрь күнги ****санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери жәмийет ҳуқықмәслаҳатшысы **** (исеним хат тийкарында), жәмийет есапшысы **** (****
жыл 26 август күнги исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер
Қоңырат мәмлекетлик тоғай аңшылық хожалығының, жуўапкер "**** ****"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****сом тийкарғы қарыз ҳәм ****сом
жәрийма өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Қоңырат
районлар аралық экономикалық судының **** жыл **** күнги шешиўши
қарарына "**** ****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң наразы болып
берген апелляциялық шағымы ҳәмде қосымша ҳүжжетлерин экономикалық иси
менен бирге **** Республикасы суды имаратында видеоконференц байланыс
режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер **** мәмлекетлик тоғай аңшылық хожалығы (буннан кейин
текстте-даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
"**** ****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (буннан кейин тексттежуўапкер деп жүритиледи) **** сом тийкарғы қарыз ҳәм ****сом жәрийма
өндириўди сораған.
Биринши инстанциясы судының **** жыл **** күнги шешиўши қарары
менен даўа арза қысман қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына
****сом қарыз, ****сом пеня, ****сом**** ҳәм 37****сом почта қәрежети
өндирилген.
Жуўапкер шешиўши қарарға наразы болып апелляциялық шағым берген
ҳәм шағымда даўагер тәрепинен есап-фактура берилмегенлиги ҳәм есап-****
қылынбағанлығы себепли даўагерге пул өткизе алмай атырғанлығын билдирип,
шешиўши қарарды бийкарлаўды ҳәм тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы
**** емес деп таўып бийкарлаўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкиллери апелляциялық
шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды
сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили апелляциялық шағымда
билдирген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплайтуғынлығын билдирип, шешиўши
қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады.
Судлаў коллегиясы тәреплердиң түсиндирмесин тыңлап, ис бойынша
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши
қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты.
ϴзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүргизиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткериў нәтийжесинде ҳәм де усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелерисалыөнимин жеткерип бериў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК ****-статьясына муўапық, өним жеткерип бериў шәртнамасына
муўапық исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип
бериў бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп
шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға
исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын ямаса жеке, **** ****, үйге ҳәм
усындай басқа да **** пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа ****
ушын пайдаланыў ушын тапсырыў, ал сатып алыўшы болса товарларды қабыл
етиў ҳәм олардың **** төлеў миннетлемесин алады.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкарланып сатып алыўшы
жеткерип бериўши берилетуғын товарлардың **** шәртнамада нәзерде
тутылған есап-**** тәртиби ҳәм формасына әмел еткен ҳалда төлейди.
ПК ****-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлемениң шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанда болса - жумыс қатнасық әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
да талапларға муўапық тийисли дәрежеде орынланыўы керек.
Исте
анықланған
жағдайларға
қарағанда,
даўагерменен
жуўапкерорталарында 2024жыл7 июнь күни19-санлысалыөнимин жеткизип
бериў шәртнамасы (буннан кейин текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтиндекөре даўагер жуўапкерге**** жыл хасылынан
ГОСТ **** мәмлекетлик стандарт бойынша шәртнаманың 1.2-бәнтинде
көрсетилген салы өнимин тапсырыў миннетлемесин, жуўапкерболсадаўагерге
шәртнамада белгиленген тәртипте жеткизилген өнимди қабыл қылып алыў
ҳәм****сын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 1.2-бәнтинекөре даўагер жуўапкергесалы өниминиң ҳәр
бир килограммы ушын **** сомнан жәми 64 **** кг салыны **** сомға
есапланып жеткизип берилген.Бул иске қосылған **** жыл 22 октябрь күнги
1-санлы, **** жыл 22 октябрь күнги 2-санлы, **** жыл 23 октябрь күнги
3-санлы, **** жыл 23 октябрь күнги 4-санлы, **** жыл 23 октябрь күнги
4-санлы, **** жыл 25 октябрь күнги 6-санлы, **** жыл 24 октябрь күнги
6-санлы, **** жыл 26 октябрь күнги 7-санлы жүк хатлары ҳәм жуўапкер
тәрепинен **** кг салы қабыллап алғанлығы **** анықламасы менен
тастыйықланады.
Жуўапкертәрепиненшәртнама
миннетлемелери
орынланбағанлығы
нәтийжесиндедаўагер алдында жәми****сом қарыздарлығы жүзеге келген.
****,жуўапкер тәрепинен даўагердиң есап бетине**** жыл 31 январькүнги
****-санлы төлем тапсырықнамасы менен ****сом төлеп берилген.
Сонлықтан, биринши инстанция суды даўаның қарыздарлықты өндириў
талабынқысманқанаатландырыў**** дурыс шешимге келген.
Сондай-****,
даўагер
даўа
арзасында
жуўапкерден
****сом
жәриймаөндириўди сораған.
Шәртнаманың4.3-бәнтинде өним **** төлеўде тийкарсыз бас
тартқанлығыушынтаярлаўшы (жуўапкер) төлеўден бас тартқан сумманың 20
пайызы муғдарында хожалыққа (даўагер)жәрийма төлениўи көрсетилген.
ПКниң
****-статьясына
муўапық,
қарыздар
айыбы
болған
жағдайдаминнетлемелердиорынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип
белгиленбеген болса жуўап береди.
ПКниң ****-статьясына муўапық, егер тѳлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемени бузыў **** мүнәсип емеслиги кѳринип турса, суд
неустойканы кемейтириўге ****.Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде
орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы,
сондай-**** кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.Суд айрықша
жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға
тѳлениўи лазым болған неустойканы кемейтириўге ****.
Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалық суды Пленумының **** жыл
15 июньдағы “Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде
орынламағанлық
ушын
мүлкий
жуўапкершиликҳ****
пуқаралық
нызамҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелериҳ****”ғы ****-қарарының
4-бәнтинде ПКниң ****-статьясына муўапық, суд қарыздар тәрепинен
миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы
тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-****, кредиторлардың мәплерин итибарға
алып неустойка муғдарын кемейтиўгеҳ**** екенлиги, соның менен бирге
судлардың итибары неустойканың ең кем муғдары ПКниң ****-статьясында
көрсетилген пайызлар муғдарынан кем болмаслығы кереклиги түсиндирилген.
Сонлықтан, биринши инстанция суды талап етилгенжәрийманы
6 0**** сомға кемейтип өндириў **** дурыс **** келген.
Соның менен бирге судлаў коллегиясы, жуўапкердиң апелляциялық
шағымындағытәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы **** емес деп таўып
бийкарлаўдысорағанталабын өндиристенқысқартыўды лазым табады.
Себеби, ЭПК****-статьясының үшинши бөлмине тийкар, биринши
инстанция
судында
көрип
шығыў
предмети
болмаған
жаңа
талапларапелляцияинстанциясы суды тәрепинен қабыл қылынбайды ҳәм
көрилмейди.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының **** жыл 25 март
күнги “Судлар тәрепинен экономикалық ислерди апелляция, кассация
тәртибинде көриўдиң айырым мәселелери ****”ғы 10-санлы Қарарының
20-бәнтинде, апелляциялық, кассациялықшағымында (протестинде) биринши
инстанция судытәрепинен көрип шығыў предмети болмаған талаплар
билдирилген
болса,апелляция,
кассация
инстанциясысуды
шағымның(протесттиң) усы бөлеги бойынша исжүргизиўдиқысқартўы ****
түсиник берилген.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши
инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкердиң апелляциялық шағымындағы
тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы **** емес деп таўып бийкарлаўды
сораған талабын ис жүргизиўден қысқартыўды, жуўапкер тәрепинен
төленген**** сом мәмлекетлик **** ҳәм ****сом почта қәрежетин оның
мойнында қалдырыўды, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозитине истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен
байланыслы **** сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
****,****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды
қ а р а р е т т и:
Қоңыратрайонлар аралық экономикалық судының **** жыл **** күнги
шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Жуўапкер "**** ****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тәреплер
ортасында дүзилген шәртнаманы **** емес деп таўып бийкарлаўды сораған
талабы ис жүргизиўден қысқартылсын.
Жуўапкер "**** ****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине****сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия
тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****