← Назад
Решение #2844429 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Х.Хасанова
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Шымбай районы
2025 жыл 19 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, фермерлер Кеңеси ўәкили
ХХХХХ (2025 жыл 19 ноябрь күнги 127-санлы исеним хат тийкарында)тың
қатнасыўында,
Қарақалпақстан
Республикасы
фермерлер
Кеңесиниң "ХХХХХ" фермер хожалығы мәпин гөзлеп жуўапкер “ХХХХХ”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 25 622 000 сом үстеме пулын
өндириўди сораған даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Қарақалпақстан Республикасы фермерлер Кеңеси (буннан кейин текстте
– фермерлер кеңеси деп жүритиледи) «ХХХХХ» фермер хожалығы (буннан
кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ның мәпин гөзлеп жуўапкер
“ХХХХХ”
жуўапкершилиги
шекленген
25 622 000 сом үстеме пулын өндириўди сораған.
Суд мәжлисинде қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкили даўа талапларын
қоллап-қуўатлап, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
Даўагер фермер хожалығы баслығы ҳәм жуўапкер суд мәжилисине
келмеди.
Суд истеги ҳүжжетлерде даўагер фермер хожалығының ҳәм
жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар
қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда – ЭПК)ниң 170-статьясына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд исте қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкилиниң тусиндирмесин
тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып төмендегилерге
тийкарланып даўа арзаны көрместен қалдырыўды мақул тапты:
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер ҳәмде жуўапкер орталарында
пахта шийки өнимин сатып алыў бойынша 2021 жыл 26 март күни 40-санлы
пахта шийки затын сатып алыў бойынша фьючерс шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық даўагер 2021-жылдың бизнес
режесине тийкар 17 гектар жер майданынан 46,8 тонна, пахта шийки өнимин
жуўапкерге жеткерип бериў, ал жуўапкер болса усы өнимди келисилген
мүддетлерде қабыл қылып алыў ҳәм белгиленген баҳа бойынша ҳақын төлеў
миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 4.4-бәндинде туқымлық пахта ушын туқымлықтың
өниўшеңлиги 90 пайыздан жоқары болғанда сатып алыў баҳасына төмендеги
яғный Элита ҳәм супер элита шигит ушын 100 пайыз, 1-репродукциялы шигит
ушын (R1) 75 пайыз, 2-репродукциялы шигит ушын (R2) 50 пайыз ҳәмде
3-репродукциялы шигит ушын (R3) 25 пайыз мугдарында үстеме ҳақ төлеўге
1
келисилген.
Шәртнаманың 4.5-бәндинде хожалыққа жеткерип берилген өним
баҳасының 100 пайызы есабынан терим ушын өткерилген пуллар ҳәм басқа
қәрежетлер шегирилгеннен қалған бөлеги 2021 жылдың 31-декабрь сәнесине
шекем толық төлеп берилиўи белгиленген.
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2021 жыл
пахта ҳасылынан таярланған туқымлық шигит ушын 25 622 000 сом үстеме
пуллары даўагерге төлеп берилмеген.
Натийжеде Қарақалпақстан Республикасы фермерлер Кеңеси даўагер
мәпинде жуўапкерден 25 622 000 сом үстеме пулын өндириўди сорап судқа
даўа арза менен мүрәжат еткен.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 10 ноябрь
күнги 4-2304-2504/1609 -санлы уйғарыўы менен жуўапкерке қәбилетсизлик
туўрысында ис қозғатылған ҳәм бақлаў процедурасы енгизилген.
Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамының 12-статьясы биринши бөлимине тийкар, төлеўге қәбилетсизлик
тәртип-процедурасы қолланылғанда барлық кредиторлардың мәплерин
кредиторлар жыйналысы яки кредиторлар комитети қорғайды. Суд
қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик туўрысында ис қозғатыў
ҳаққындағы арзаны ис жүритиўге қабыллаған күнинен кредиторлар
карыздарға өз талапларын жеке тәртипте канаатландырыў мақсетинде
мүрәжат етиўге ҳақылы емес.
Бул жағдайда даўа арза көрместен қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал Кодексиниӊ 107статьясы биринши бөлими 9-бәнтине тийкар, жуўапкерге қарата банкротлық
туўрысында ис қозғатылған болса ҳәм жуўапкерге қарата усынылған талап
нызамға көре банкротлық туўрысындағы ис шеңберинде көрилиўи лазым
болса, суд даўа арзаны көрместен қалдырады.
Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118статьясы биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл
6-январь күнги ЎРҚ-600-санлы нызамының 18-бәнтинде Өзбекстан фермер,
дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Қарақалпақстан
Республикасы, ўәлаятлар ҳәм районлар фермер, дийқан хожалықлары ҳәм
қыйтақ жер иелери кеңеслери - фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер
ийелериниң мәплерин гөзлеп берилген даўалар бойынша мәмлекетлик бажы
төлеўден азат етилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10октябрь күнги “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери
искерлигин және де раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген илажлар
ҳаққында”ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнтинде фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин гөзлеп судқа мәмлекетлик
2
бажы төлеместен даўа арзалары, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы
органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органларының қарарлары,
олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар
усыныўлары мүмкинлиги, бунда даўа арзасы қанаатлантырыўсыз
қалдырылғанда мәпи гөзлеп даўа арзасы киритилген фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы
өндирилмейтуғынлығы белгиленген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа арзаны көрместен
қалдырыӯды, даўагерден мәмлекетлик бажы өндирмеўди, төленген почта
қәрежетин даўагердиӊ мойнында қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 107, 108-статьяларын басшылыққа
алып, суд
У Й Ғ А Р Д Ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыўға наразы тәреп арза бериўге (протест келтириўге) ҳақылы.
Судья
З.Хасанова
3