← Назад
Решение #2844455 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 19 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли район бөлимшесиниң юристы
ХХХХХ (2025 жыл 22 январь күнги ЖЕ-02-06/129-14-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер
«ХХХХХ» акционерлик
жәмийетиниң жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығынан 11 892 222,63 сом
тийкарғы қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип
шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығы(буннан
кейин
текстте
жуӯапкер
деп
жүритиледи)нан
11 892 222,63 сом тийкарғы қарыздарлықты өндириӯди сорап экономикалық
судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер суд мәжлисине келмеди ҳәм исти көриўди өзиниң ӯәкили
қатнасыўысыз өткериўди сорап илтимаснама бермеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 170-статьясыны муўапық исти жуўапкердиӊ қатнасыўысыз
қараўды мақул тапты.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Тәреплердиң орталарында 2025 жыл 04 январь күни электр энергиясын
жеткизип бериӯ ҳаққындағы 26/5819-санлы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ
арқалы электро энергия берип турыў мәжбүриятын алады, жуӯапкер болса
қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берилген ҳәм өзиниң
шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық
өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 11 892 222,63 сом
тийкарғы қарыздарлығы пайда болған.
Бул истеги 2025 жыл 20 октябрь халатына дзилген 102535212133025санлы салыстырыӯ акттен көринеди.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси(буннан кейин текстте
–ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, мәжбүриятлар мәжбүрият
1
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбүриятын алады.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен
толық тастыйыкланады.
Даӯагер тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ
бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 19 ноябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ,
жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық
төленбеген.
«ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлиминиң 2025 жыл 19
ноябрь
күнги
мағлыӯматнамасында
жуӯапкер
тәрепинен
қарыздарлығы төленбегенлиги көрсетилген.
Сонлықтан, суд 11 892 222,63 сом тийкарғы қарыздарлықты өндириӯди
мақул тапты.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, исти
көриў
нәтийжеси
менен
жуўапкерден
даӯагер
пайдасына
11 892 222,63 сом тийкарғы қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежетин ҳәм
Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым
тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына
11 892 222,63 сом тийкарғы қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан республика бюджет есабына 412
000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
2
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3