Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1459 Дата решения 19.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 60325b20-be09-4b7c-ab41-bfb1907d84e3 Claim ID PDF Hash 5477cf8a6fda170b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР 19 ноябрь 2025 жыл Шымбай районы Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 09 январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили адвокат ХХХХХ (2025 жыл 10 ноябрь күнги 68-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 1 987 514 618 сом мүддети өткен пайыз қарызы, 39 657 251 сом пеня, жәми 2 027 171 869 сом кредит қарыздарлығын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 1 987 514 618 сом мүддети өткен пайыз қарызы, 39 657 251 сом пеня, жәми 2 027 171 869 сом кредит қарыздарлығын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа талапларын қысман қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық қысман төленгенлиги себепли даўа арза талабын төленген сумманы шегирген ҳалда қысман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде кредит бойынша қарыздарлық қысман төленгенлигин билдирип, ис бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди ҳәм пеня муғдарын кемейтиўди сорады. Палата даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында Палата тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына муўапық исти Палата ўәкили қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, тәреплердиң түсиндирмесин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер 1 шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 27 февраль күни 11-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнама бойынша жуўапкерге 36 ай мүддетке, жылына 14 % пайыз менен төлеў шәрти менен 35 500 000 000 сом муғдарында кредит ажратылған. Тәреплер ортасында дүзилген кредит шәртнамасына муўапық кредит қаржысының ажыратылыў мақсети айланба қаржыларын толтырыў деп белгиленген. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 5.5-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында 1 987 514 618 сом мүддети өткен пайыз қарызы, 39 657 251 сом пеня, жәми 2 027 171 869 сом кредит қарыздарлығы қураған. Бирақ даўа арза судқа усынылғаннан соң жуўапкер тәрепинен кредит бойынша қарыздарлық қысман төленген. Банктиң берилген 3170-санлы мағлыўматнамасында 2025 жыл 19 ноябрь халатына жуўапкердиң банк алдында пайыз қарызы 906 616 176 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Бул жағдайда даўаның пайыз қарызын өндириў тәрепи 906 616 176 сомға қанаатландырылыўы лазым. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. 2 Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд, пеня толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиўди, пеня өндириў талабын 10 000 000 сомға қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи, бесинши бөлиминде даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 906 616 176 сом пайыз қарызы, 10 000 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджет пайдасына 40 543 437,38 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даӯаның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банк пайдасына 906 616 176 сом пайыз қарызы, 10 000 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бɵлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 40 543 437,38 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 3 Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4