← Назад
Решение #2844530 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 19 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли район бөлимшесиниң юристы
ХХХХХ (2025 жыл 22 январь күнги ЖЕ-02-06/129-14-санлы исеним хат
тийкарында)тың
қатнасыўында,
даўагер
«ХХХХХ»
акционерлик
жәмийетиниң жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 87 384 381,70 сом
тийкарғы қарызы, тармаққа қайта жалғаў ушын 6 620 000 сом төлемлерди,
жәми 94 004 381,70 сомды өндириў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
анықлады:
Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан
кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 87 384 381,70 сом тийкарғы
қарызы, тармаққа қайта жалғаў ушын 6 620 000 сом төлемлерди, жәми 94 004
381,70 сомды қарыздарлықты өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза
менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген
болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 170статьясына тийкар жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди лазым табады.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
- ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты
шәртнамасынан келип шыққан.
Ис ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында
2025 жыл 04 январь күни 25/3474-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ
ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер
болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған.
1
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң
шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық
өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 87 384 381,70 сом
қарызы пайда болған.
ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбүриятын алады.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен
толық тастыйыкланады.
Даӯагер тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ
бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 13 октябрь күни талапнама жиберилген.
Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық
төленбеген.
Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен
қарыздарлығы 2025 жыл 13 октябрь халатына 87 384 381,70 сомды қураған.
«ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлиминиң 2025 жыл 19
ноябрь
күнги
мағлыӯматнамасында
жуӯапкер
тәрепинен
қарыздарлық төленбегенлиги көрсетилген.
Сонлықтан, суд 87 384 381,70 сом қарыздарлықты өндириӯди мақул
тапты.
Сондай-ақ, даўагер 2025 жыл октябрьдеги 102535212133474-санлы
есапбети фактураға муўапық жуўапкерден тармаққа қайта жалғаў ушын
6 620 000 сом төлемлерди өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31
майдағы 319-санлы қарарына I-қосымша “Электр энергиясынан пайдаланыў”
ҳақкындағы Қағыйдаларының әмелдеги 144-бәнтинде усы Қағыйдаларда
нәзерде тутылған қағыйда бузылыў жағдайларында тутыныўшыларды электр
тармақларынан үзип қойыў ҳәм қайта жалғаў нызамшылық ҳүжжетлеринде
белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғынлығы көрсетилген.
Бирақ, Қағыйдаларда тармаққа қайта жалғаў ушын төлемлер өндириў
белгиленбеген.
Бул жағдайда суд жуўапкерден 6 620 000 сом төлемлерди өндириў
талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
2
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўаны қысман қанаатландырыўды,
исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына
87 384 381,70 сом қарыздарлықты, төленген 41 200 сом почта қәрежетин ҳәм
Республика бюджетине 1 748 481,50 сом (өндирилиўи лазым болған
1 880 087,63 сомның 93%) мәмлекетлик бажы, даўагерден даўа талабы
тийкарсыз бөлеги бойынша 131 606,13 сом (өндирилиўи лазым болған
1 880 087,63 сомның 7%) мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына
87 384 381,70 сом қарыздарлықты, төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджет есабына 1
748 481,50 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
«ХХХХХ» акционерлик жәмийети есабынан республика бюджет есабына
131 606,13 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3
4