Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1592 Дата решения 19.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a1e3d3ba-639e-40a3-b175-4835bea38ac1 Claim ID PDF Hash efc601f1ee3fc977... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1592-санлы экономикалық ис Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы судья З.Хасанова 2025 жыл 19 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси ХХХХХ хаткерлигинде, даўагер акционерлик коммерциялық “ХХХХХ” жуўапкер «ХХХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 7 028 276 сом тийкарғы кредит қарызы, 4 389 002 сом пайыз, 1 409 865 сом пеня, жәми 12 827 143 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириӯди сораған даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: Даўагер акционерлик коммерциялық “ХХХХХ” (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер «ХХХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 7 028 276 сом тийкарғы кредит қарызы, 4 389 002 сом пайыз, 1 409 865 сом пеня, жәми 12 827 143 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық удқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер ҳәм жуӯапкер истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Даўагер даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы талапларына тийкар исти даўагер, жуўапкердиң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди уйренип шығып даўа талабын төмендегилерге тийкарланып қанаатландырыўды мақул тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 20 август күни 1262-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнама бойынша жуўапкерге 2027 жыл 20 август күнине шекем жылына 28% пайыз ставкасы төлеў шәрти менен 100 000 000 сом муғдарында кредит ажратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. 1 ПКниң 744-статьясының үшинши бөлимине тийкар егер усы параграфтың қағыйдаларында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса ҳәм ол кредит шәртнамасының мазмунынан келип шықпаса, кредит шәртнамасының қатнасықларына усы баптың 1-параграфының қағыйдалары қолланылады. ПК 41-бап, 1-параграфы, 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 8.3-бәнтине қарыз алыўшы кредит төлемлерин өз ўақтында төлемеген ҳәм олар бойынша мүддети өткен қарыздарлықлар жүзеге келген жағдайларда төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын банкке мүддети өткен кредит қарыздарлығына салыстырғанда 0,2 пайыз, мүддети өткен пайыз төлемлерине 0,2 пайыз муғдарында пеня төлениўи, бирақ есапланған жәми пеня муғдары орынланбаған ямаса зәрүр дәрежеде орынланбаған миннетлемелериниң 50 пайызынан асып кетпеўи кереклиги белгиленген. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң 2025 жыл 27 октябрь халатына 7 028 276 сом тийкарғы кредит қарызы, 4 389 002 сом пайыз, 1 409 865 сом пеня, жәми 12 827 143 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы қураған. Банктиң 2025 жыл 19 ноябрь күни берилген 4791/11-03-1068-санлы мағлыӯматнамасында мүддети өткен кредит қарыздарлығы (тийкарғы қарызы, пайыз, пеня қосып есаплағанда) жәми 13 470 128 сомды курайтуғынлығы көрсетилген. Демек мүддети откен кредит қарыздарлығы өскен. Бул халатда даўа арза толық қанаатландырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи, усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 7 028 276 сом тийкарғы кредит қарызы, 4 389 002 сом пайыз, 1 409 865 сом пеня, жәми 12 827 143 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы ҳәм төленген 41 200 сом почта қарежетлерин, Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. 2 Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырылсын. «ХХХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Акционерлик Коммерциялық “ХХХХХ” пайдасына 7 028 276 сом тийкарғы кредит қарызы, 4 389 002 сом пайыз, 1 409 865 сом пеня, жәми 12 827 143 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «ХХХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3