Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2252 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0284a763-f0b4-40c5-aebc-ea9b0887a2e0 Claim ID PDF Hash bb8c684b7443c438... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2252-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 8-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер ***ның жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 11 463 183 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 11 463 183 сом пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. 2 Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшыға тапсырылған. Лекин, жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип-алыў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, кесип-алыў шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип-алыўшы) екинши тәреп (буйыртпашы)ның тапсырмасына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады, буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл етип алыў ҳәм оның ушын хақы төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 11-декабрь күни 130872-санлы улыўма баҳасы 1 207 921 399,50 сомлық кесип-алыў шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген ҳәм ғазнашылықтан дизимнен өткен болып, усы шәртнамаға тийкар жуўапкер Тахтакөпир районы “Қара ой” АПЖ аймағында 10-санлы улыўма билим бериў мектебине балалар ушын мини воркаут майданшасы, устахана ҳәм кийим тигиў цехы ушын ханалар ҳәм мектеп имараты әтирапына заманагөй видео гүзетиў камераларын орнатыў, даўагер орынланған жумысларды қабыл етиў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбастан өз мүддетинде 22 926 367,50 сомлық қурылыс жумыслары исленбеген. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда 3 екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи белгиленген. Шәртнаманыӊ 66-бәнтине муўапық, кесип алыўшы буйыртпашыға объектти өз ўақтында иске түсириў бойынша миннетлемелер орынланыўы кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемелер орынланбаған бөлегиниӊ 0,5 пайызы муғдарында, бирақ орынланбаған миннетлеме баҳасының 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня төлейди. Суд даўагердиң жуўапкерден 11 463 183 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм жуўапкерден 2 293 000 сом пеня өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 293 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириӯди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. 4 "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен *** пайдасына 2 293 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов