Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2258 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 735af538-8ee1-4173-ae4f-a06daea59a7e Claim ID PDF Hash 5471f13b801648bb... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2258-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси ****ның хаткерлигинде, Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер Қараөзек районы “****” ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “****” ЖШЖнен 99 921 000 сом қарыз, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Палата даўагер “****” ЖШЖниң мәпинде жуўапкер “****” ЖШЖнен 99 921 000 сом қарыз, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Даўагер суд мәжилисине келмеди. Бирақ судқа усынылған илтимаснамасында исти даўагер ўәкилисиз көрип шығыў соралған. Сондай-ақ, даўагердиң 2025-жыл 18-ноябрь күнги 38-санлы мағлыўматында усы күни 99 921 002,15 сом қарызы толық төленгени мәлим етилген. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши, үшинши бөлимлерине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 26-март күни 26-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге 340 401 000 сомлық ҳәр қыйлы размердеги трубаларды жеткизип бериўи нәзерде тутылған. Шәртнама жүзесинен қарыздарлық келип шыққаны себепли палата даўагер мәпинде жуўапкерден қарыз өндириў мақсетинде судқа мүрәжат еткен. Бирақ судқа усынылған 2025-жыл 18-ноябрь күнги даўагердиң 38-санлы мағлыўматында даўа талабы 2025-жыл 18-ноябрь күни сөндирилгени билдирилген. Демек даўа талабы төлениўи менен толық шешилген. ЭПК 118-статьясының бесинши бөлимине муўапық, даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғаннан соң жуўапкер тәрепинен ыхтыярий рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкер мойнына жүкленеди. Суд жуўапкерден даўагер пайдасына почта қәрежетин өндириўди ҳәм оңнаң мәмлекет бюджетине талап қылынған сумманың 2% есабынан 1 998 420 сом мәмлекетлик бажы өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Нөкис қаласы “****” ЖШЖнен Қараөзек районы “****” ЖШЖниң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “****” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 998 420 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов